Назлымхан cулыў
Назлымхан cулыў
Бул Миздақхан комплексиндеги XIII әсирлерде қурылған тарийхый естелик Назлымхан сулыў деп те айтылып киятыр. Естелик ишинде еле турмысқа шықпастан дүньядан өткен бир қыздың да жерленгени анықланған. Оның қәбири үстиндеги тасларға парсы тилинде философиялық мазмундағы қосық қатарлары жазылған. Соңғы жыллары халық арасындағы әпсана тийкарында қарақалпақ әдебиятында поэтикалық драма дөретилген болып, онда Назлым деген жигит ҳәм Қансулыў деген қыздың ортасындағы қатнасықлар туўралы гүрриң етиледи. Бирақ, бул жерде жасап келген халықлар арасында ул балаға Назлым деген ат қойыў әдет емес. Егер мавзолейге қойылған қыздың ақсүйеклер шаңарағынан шыққанлығы, қәбир тасқа парсы тилинде сөзлердиң жазылғанлығын есапқа алсақ, Назлымхан атамасы да исеним оятпайды. Топонимниң өзегинде адамның аты емес, ал оған берилген эпитет жатырғанлыгы итималына жақынырақ. Халық арасындағы әпсананың руўхына көбирек Мазлумхан сулыў (анығырағы-Мәзлум Хансулыў) яғный, парсы тилинде мазлум-"қыйналған", "жәбир шеккен" ҳәм Хансулыў деген қыздың аты ямаса эпитети сәйкес келеди. Сондай-ақ, мына вариантты да көрип шығыўға болады: түркий халықларда араб тилинен өткен "Мазлума" деген ҳаял-қызлардың аты бар. Салыстырып көриң: Мазлумахан Сулув -Назлымхан Сулув-Назлымхан Сулув, ямаса Мазлума Хан қызы-Назлымхан сулув, Улыўма бул антропотонимниң этимологиясы ҳәр тәреплеме ҳәм тереңирек изертлеўлерди талап етеди. Жергиликли халық бул естеликти "Қыздың үйи" деп те атайды.
Назлымхан сулыў Орайлық Азияның орта әсирлериндеги Исмайыл Саманий, Хожа Ахмед Яссаўий, Муҳаммед Текеш, Санжар, Төребекханым, Бийбиханым сыяқлы дүрдана архитектуралық қурылыслары менен бир қатарда туратуғын халқымыздың бийбаҳа естелиги. Жер бетинен отыз метрден аслам болған тәбийғый бийик төбеликтиң үстинде салынған "Қыз үйи" сыртқы көриниси жағынан биринши көрген адамды өзине тартқанда айрықшалыққа ийе емес. Бар болғаны тегисликтен көтерилип шығып турған сегиз қырлы сопақ гүмбез, дәлизге усаған кирер аўыз ҳөм үлкен-кишили үш гүмбез қыр айлана пискен гербиштен өрилген жайлардың дийўаллары көринип турыпты.
Улыўма майданы 30 х 30 метр болған бул бинаның кирер аўзынан баслап қойылған текшелер арқалы ишине киргениңизде естелик ҳаққындағы дәслепки ой-пикириңиз бирден серпилип, өзиңизди басқа бир дүньяға - жер астындағы сарайға киргендей сезинесиз. Дәслеп есик артындағы пәскелтек гүмбез бенен бастырылған дийўаллары менен мүйешлери ҳәр қыйлы нағыслар менен безелген төрт мүйешли кишкене бөлмеге киресиз. Кейин ярым қараңғы узын дәлиз бойлап қойылған текшелер жәрдеминде сегиз метрдей төменде жайласқан үлкен орайлық залға өтесиз. Қапталлары төрт тәрепине қаратылып салынған бул зал сегиз қырлы үлкен гүмбез бенен бастырылған. Оның иши адам ақылын ҳайран еткендей ғайры нағыслар менен безелип, дәстанлардағы тастан жаратылған сарайларға уқсайды.
Назлымхан сулыў
Дийўаллардағы гербишлер аралығына қойылған "гулбаналар" көз алдыңызға аспандағы жайнаған жулдызларды еслетеди. Ал, оның мүйешлериндеги текше түриндеги ойма нағыслар менен сталактитлер болса сол дәўирдеги шеберликтиң шоққысы екенлигинен дерек берип турғандай. Нәзериңизди оннан да жоқары көтерсеңиз ўақтында орайлық өжирени түнде төрт қапталдан жақтыландырып турған аспа шынжырлы шамлардың мыйықларының орынларын көресиз. Гүмбездиң ҳәр қырына бир-бирден орнатылған ойма нағыслы сегиз пәнжере орайлық залды күндиз жақтыландырған. Пәнжерелердеги қойылған айналар күнниң шығыўы менен батыўы аралығындағы залға бирдей етип жақтылық түсириў мүмкиншилигине ийе.
Залдың едени қырына өрилген пискен гербишлерден төселген. Оның дәл ортасында шыршалы аспан көк реңли плиталардан төселген төрт мүйешли арнаўлы кишкене майданша бар. Рәўиятларда айтылыўынша, ол Назлымхан сулыўға ашық болып, усы бинаны салған уста жигит Абуталиптиң гүмбезден өзин таслап набыт болған орны. Соның ушын да қыздың "үйине" келген зыя-ратшылар бул майданшаны баспай айланып өтер екен.
Орайлық залдың арқа ҳәм шығыс қапталында үсти ярым гүмбез түринде бастырылған алды ашық сыпалы жайлар исленген. Ҳәзирги ўақытта олардың екеўинде де қәбирлер бар. Рәўиятларда айтылыўынша, арқадағысы Назлымхан сулыў атлы қызға, ал шығыстағысы уста жигит Абуталипке (гейбир дереклерде-Мунир ямаса Мунис) тийисли. Қәбирлердиң үстиндеги қойылған сақаналар бузылып бүгинги күни тек төмёнги қатарлары ғана сақланған. 1928-1929-жылларда естеликте изертлеў жумысларын алып барған профессор А.Ю.Якубовскийдиң жазыўынша, бул сақаналардың екеўи де алтын пуўы берилген шыршалы жылтыр плиталар менен безелип, олардың дийўалларында 28 реңде парсы тилинде жазылған философиялық тәрип, ғәззел қатарлары болған. Илимпаз көширип алған бул жазба дереклер шығыстаныўшы алым А. А. Некрасов тәрепинен оқылып, оған түсиник берилген. Олардың биринде "өмир әжайып, бирақ ол мәңги емеслиги өкинишли", - деген қатарларды оқыймыз.
Назлымхан сулыў қәбири
Орайлық залдың батыс тәрепинде киши зал бар. Оларды дәлиз түриндеги өткел байланыстырып турыпты. Киши зал өзиниң қурылысы ҳәм жобасы бойынша үлкен залды қайталайды. Оның арқа қапталында свод түринде бастырылған ашық сыпалы жайда қәбир жайласқан.
Соның менен бирге жер асты имаратына киретуғын узын дәлиз бойында, орайлық залдың шығыс қапталында ҳәм еки зал аралығында жайласқан тағы да үш бөлме бар. Олар дәлиз бенен есиклер жәрдеминде байланысқан.
Назлымхан сулыў естелигиниң сырлары ақырына шекем толық ашылды деп айтыўға еле ерте. Себеби, 1928-жылы Санкт-Петербурглы профессор А.Ю.Якубовский тәрепинен биринши мәрте илимий жақтан изертленген бул муқаддес орында кейинги жетпис жыл даўамында қаншадан-қанша алымлардың болыўына қарамастан, оның қашан ҳәм қандай мақсетте қурылғаны ҳаққында бүгинге шекем ҳәр қыйлы пикирлер бар. Түсиниклирек болыўы ушын сол пикирлердиң айрымларын келтиргенимиз орынлы болар.
Профессор А. Ю. Якубовский "Қыз үйи" деп атаған бул естелик XIII әсирдиң ақыры XIV әсирлерге тийисли жер асты мавзолейи деген биринши илимий болжаўы оннан кейинги дәўирде естеликти изертлеген илимпазлар Б.Н. Засыпкин ҳәм В. Н. Ягодинлер тәрепинен қабыл етилген. Бирақ, 1959-жылы естеликти қайта тиклеўге байланыслы алып барылған археологиялық жумыслардың нәтийжесинде ташкентли археолог алым В. И. Филимонов Назлымхан сулыў XIII-ХIV әсирлерде жер астына салынған мавзолей емес, ал XII әсирдин ақыры XIII әсирдиң басларында, яғный Шыңғысхан әскери үлкемизди жаўлап алғанға шекем жер бетинде қурылған сарай деген жуўмаққа келеди.
Өткен әсирдиң 80-жылларының басында илимий тартысқа Орайлық Азияның әййемги ҳәм орта әсирлердеги архитектура, көркем өнери тарийхы бойынша белгили қәниге академик Г.А.Пугаченкова араласады. Ол өзиниң жәриялаған мақаласында А.Ю.Якубовский ҳәм В.Н.Ягодинлердиң пикирлерин қоллай отырып: «Назлымхан сулыў XIV әсирде тикленген мавзолей» деген тоқтамға келеди. Буның менен илим майданындағы Назлымхан сулыў ҳаққындағы тартыс тоқтамайды. Академиктиң мақаласы жәрияланғаннан көп узамай "Фан ва Турмуш" журналында ташкентли архитектор - алым Х.Юсуповтың "Назлымхан сулыў мавзолей емес, сарай" деген мақаласы жарық көреди. Археолог ҳәм архитектор алымлар арасындағы бул илимий тартысқа кейинги ўақытлары илимниң басқа тараўларының ўәкиллери де өз пикирлерин билдирди. Мәселен, белгили этнограф алым X. Есбергенов «Бул әжайып қурылысты XIII-XIV әсирлерде Алтын Орда дәўиринде қурылды деп қабыл етиў қыйын, керисинше, ол дөретиўшилердиң тәсиринде ХI-ХII әсирлерде қурылған ҳәм XX әсирдиң басларына шекем зикир салыў арқалы өзлериниң пирлерин шақырып, жаўыз руўҳларды қуўыў арқалы бийтапларды емлеген дәрўишлер хызмет ететуғын орын. Қыздың қәбир тасындағы философиялық қосық қатарлары суфизм әдебияты үлгилеринде жазылған»,-деп илимпаз Назлымхан төбелигин Қубла Арал бойындағы суфизм орайларының бири деп есаплайды.
Өзбекстан Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлими қапталында 1987-жылы шөлкемлестирилген Миздақхан археологиялық экспедициясы өзиниң илимий жумысларын жоқарыдағы жағдайларды есапқа алған рәўиште алып барды. Бес жылдан асламырақ жүргизилген изертлеў жумыслары нәтийжесинде Миздақханда бурын илимге белгисиз жазғы ҳәм қысқы жумамешитлер, ханака (қәлендерхана), тилеўхана ҳәм мавзолейлер ашылыўы менен көпшилик естеликлер ҳаққындағы мағлыўматларға бираз анықлық киргизиўге мүмкиншилик туўды. Әсиресе, жаңадан ХII-ХIV әсирлерге тийисли Сулайман Ҳададий ханакасы "Қыз үй"иниң сыр сандығын ашыўға гилт хызметин атқарады десек артық болмайды. Архелоглар оны толық қазып ашқанда өзлери де, ҳайран қалған. Себеби, ол өзиниң жобасы менен қурылысы бойынша жер асты "Қыз үй"ин белгили дәрежеде қайталап турғандай еди. Екеўинде де бирин-бири кесип өтип турған узын еки дәлиз, үш-үштен үсти ярым гүмбез бенен бастырылған, алды ашық сыпалы бөлмелер, гүмбез бенен бастырылған жабық бөлмелер бар. Бул уқсаслықлар әпиўайы жақынлықты көрсетип қоймай, ал олардың екеўиниң де дәслеп бир мақсетте қурылғанлығынан дерек береди. Усы жерде академик Г.А. Пугаченкованың Назлымхан сулыў естелигин мавзолейге жатқара отырып, оның ярым гүмбез (свод) бенен бастырылған сыпалы бөлмелериниң пуқаралық ҳәм сыйыныў қурылыслары болған медресе менен ханакаларда ушырасатуғынлығын атап көрсетиўиниң өзи, бизиң пикиримизге қосымша дәлил бола отырып, оның ханака екенлигине гүман туўғызбайды.
Ханака - Шығыс мусылман архитектурасында суўпылар мәнзилханасы хызметин атқарған қурылыс, ол бир ямаса бир неше бөлмелерден ибарат болған. Оларға суўпылар пириниң бөлмеси, мийманхана, қуран оқыў ушын мешит, тәҳаретхана, асхана, моншахана сыяқлы басқа да бир қанша зәрүрли бөлмелер кирген.
XIII әсирге тийисли жазба дереклерден Рашид ад Дин Ильхан қәўимлери ханакасында бас шейх, оның суўпылары, еки муаззини, бир китапханашы, бир от жаққыш, еки аспаз, бир сипсекеш пенен бирге оған келип ўақытша иркилген, мийманларды қоса есаплағанда жүзге шамалас адам бир ўақытта жасаған.
Дүньяны айланып жүрген орта әсирдеги саяхатшылар, алымлар ҳәттеки елшилер де Шығыс мусылман еллеринде болғанда усындай ханакаларда иркилген. Себеби, қалалардағы медреселерден кейинги илим, билим орайлары усындай ханакаларда болған. Ханакаларда философ ҳәм геолог алымлардың қатнасыўында дүнья жаңалықлары менен илим жетискенликлери бойынша гүрриңлесиўлер өткерилген, ҳәрқыйлы бағдардағы пикир алысыўлар жүргизилген.
Өзлериниң бенделик парызларын орынлаған көпшилик пирлердиң сол өзлери хызмет еткен жайларда жерлениўине байланыслы бундай ханакаларға қосымша зыяратханалар салынып, олардың бурынғы ўазыйпалары кеңейип енди зыяратшыларды да қабыл ететуғын комплекске айланған.
Ханакаларда жасаған дәрўишлердиң турмысы ҳәм хызмети жүдә айрықша болған. Дәрўишлердиң бир топары шейх әўлийеси қасында - ханакада турақлы жасаған, екинши топары алыс сапарларға шығып отырған. Сапардағылардың қатары Меккеге ямаса жергиликли кәраматлы әўлийелерге ҳаж жасаўшы зыяратшылар менен толысып барған. Орта әсирлерде бундай зыяратшы топарлардың жүдә көп болыўына байланыслы олар жол бойынша ўақытша тоқтап өтетуғын орынларды талап еткен. Нәтийжеде сапардағы зыяратшыларды мут жатақ орын, аўқат, көлигин от-шөп пенен тәмийнлеўши қурылыслар тек қалалы орынларда салынып қоймай, саўда жолы бойларында да тикленген. X әсирдиң өзинде Орта Азияда усындай қурылыслардан, Истахридиң көрсетиўинше он мыңнан асламы болған.з>
Усы дәўирлери елимизде ислам дүньясындағы белгили тасауўф ўәкиллери болған. Мәселен, 1194-1220-жыллар аралығында Бағдад Халифи тәрепинен елши етип жиберилген уллы философ алым, Бағдад суўпыларының "Шайхаш-шаюхы" (арнаўлы басшысы) Сухравардия тассауўф ағымына тийкар салыўшы Шайх Шахобаддин Абу Хафс Умар Сухраварди Қубла Арал бойында жасайды. "Авторуф маориф" (Билим жемислери) атлы мийнет авторы болған Сухраварди жергиликли ўәкиллер менен жақыннан байланыста болады, үлкемиздеги ханакалар менен танысады.
Назлымхан сулыў қәбири
Бул ўақытлары тикленген ханакалар Қарақалпақстан жеринде ҳәзирше белгисиз, бирақ олардың барлығына гүман жоқ. XII - XIV әсирлерде салынған ханакалар Миздақхан, Қабат қала, Нарынжан, Айата, Гөне Үргениш калаларынан белгили.
Суфизмниң XII әсирдеги ири ўәкили Хожа Ахмед Яссаўийдиң биринши шәкирти, уллы жерлесимиз Ҳәким ата - Сулайман Бақырғанийдиң Қоңырат ҳәм Мойнақ районлары аралығында жайласқан қәбири қапталындағы ески қурылыс қалдықлары ханака болыўы мүмкин. Академик С.Камаловтың анықлаўынша, Ҳәким ата қоңыратлы қарақалпақлардың ураны болған. Соның менен бирге, бизиңше, ол Қоңырат (Адақ-Арал) қаласының пири болған, Ҳәким атадан бурынырақ жасаған суфизмниң ири ўәкили Шыбылый ата қәбири (Кегейли районы) қапталында да суўпылар мәнзилханасы болған. Усындай суўпылар мәнзилханасы үлкемиз тәбиятының ең сулыў орынларының бири Әмиўдәрьяның оң жағалаўында, Қаратаў етегиндеги булақтың қапталында да болған. Ол академик Я.Г.Гулямовтың анықлаўынша, XIX әсирде дүзилген Зәңги ата шайықлары шежиресинде көрсетилген, яссаўийлер тәлийматына тийкар салыўшылардың бири шайық Жалилге тийисли. Кейин ала қәдемжайға айланған бул муқаддес орын ҳәзирги ўакытта жергиликли халық арасында кеңнен мәлим.
Жоқарыда айтқанымыздай ханакалар мешит-медреселерден кейинги илим ҳәм билим орайы болған. Соның ушын олар елдиң ҳүкимдарлары, ири бардамлы адамлары тәрепинен салдырылатуғын болған. Ҳүкимдарлар тахтқа отырмастан алдын усындай ханакалардағы шайх пирлердиң қәбирлерине сыйынып барған.
XIV әсирге келгенде Гурганж ҳәкими Қутлық Тимур ҳәм оның ҳаялы Төребек ханымлар тәрепинен Қубла Арал бойында бирнеше ханакалар қурылады. Усындай ханакалардың бири 1349 - жылы Қутлық Тимур тәрепинен пайғамбар әўлады, шайхлар шайхы, Сейид Сулайман Хададий Мусевийге арнап Миздақханда салдырылған.
Қубла Арал бойы ханакаларында болған шығыс ҳәм батыс еллеринен келген елшилер, саяхатшылар өзлериниң еске түсириўлеринде жүдә жақсы дереклер жазып қалдырған. Олардан Ибн Батута 1333 - жылы ханзада Төребек ханымның мирәти менен оның салдырған ханакасында болып, үлкен иззет-ҳүрметке миясар болған, ат ҳәм тон менен сыйланған. Сондай-ақ ол Нажимаддин Қубра ханакасында болып, оның муддариси Сайф ад Дин Асаба менен ушырасады ҳәм оның жүдә жоқары мәдениятлы билимдан адам екенлиги ҳаққында жазады. Елши Нажимаддин Қубра ханакасы қапталындағы шейх Джалал ад Бин Самарқанди муддарислик еткен ханакада да болады ҳәм оның өз заманындағы белгили муджавир (суўпы) екенлигин айрықша атап өткен.
Ханакалар тек адамлар ушын ғана емес, ал ҳаяллар ушын да қурылатуғын болған. XIII әсирдиң орталарындағы Дамаск қаласындағы жигирма ханаканың төртеўи ҳаялларға тийисли болған. Мусылман тасауўф архитектурасына тән ханака қурылысының раўажланыўына уллы Сақыпқыран Әмир Темурдың үлкен итибар бергенлиги ҳәм зыярат етип турғанлығы тарийхый дереклерден белгили.
Солай етип, Назлымхан сулыў жер асты бинасы, араб-парсы әдебий тилиндеги тасауўф, европа тиллериндеги - суфизмниң архитектуралық қурылысы ханакасы оның суўпылар мәнзилханасы екенлигин XIX ҳөм XX әсирлердиң басларында жазып алынған дереклерде тастыйықлайды. Мәселен, XIX әсирдиң биринши ярымында Қубла Арал бойында болған рус сиясатшысы, философия илимлериниң докторы Ф.Базинер естеликти "Маслым суфи" деп жазса, XX әсирдиң қырқыншы жылларында белгили этнограф алым Ю.В.Кнорозов Назлымхан сулыў бинасының дәрўишлер үйи екенлигин атап көрсеткен.
Жер асты суўпылар мәнзилханасының қурылған ўақтын изертлеў жүргизген ўақытта қурылыс дийўалы сыбаўынан белгили илимпаз В. Н. Ягодин тәрепинен табылған хантеңге тийкарында XII - XIII әсирдиң баслары деп есаплаймыз. Әлбетте, бул ўақытлары бина ишинде ҳеш қандай қәбир болмай, ол тиккелей суўпылар мәнзилханасы ретинде пайдаланыў менен бирге, оның жабық бөлмелери тәрки дүнья еткен ири тасауўф ўәкиллериниң ақырғы жасаў мөнзилханасы болған. Бундай жер асты бөлмелери Түркстандағы Хожа Ахмед Яссаўий комплексинен белгили. Рәўиятларға қарағанда, ислам дүньясында кеңнен белгили бул уллы инсан өзиниң алпыс үш - пайғамбар жасынан кейинги өмирин сондай жер асты бөлмесинде өткерген.
1221-жылы монғоллардың жаўлап алыўынан қатты зақым көрген Қубла Арал бойы қалаларының айрымлары тек XIII әсирдиң ақыры XIV әсирлерге келгенде қайта тикленеди. Миздақхан қаласында да бул қубылыс орын алады. Усы ўақытлары бурын жәмийетлик орын хызметин атқарып келген Назлымхан сулыў, Ережеп қөлпе сыяқлы Миздақхандағы биналар ишине марҳумлар жерленип, олар сыйыныў орынларына айландырылды. Археологиялық изертлеўлер, усы ўақытлары биринши қурылыста төрт адамның, екинши қурылыста бир адам жерленгенлигин анықлады. Усыған байланыслы оларға келген зыяратшылар ушын Ережеп қәлпениң қубла тәрепинен, ал Назлымхан сулыўдың орайлық гүмбезин айлана жер бетинде бир нешше бөлмелер салынады. Қыз үйиниң усы ўақытта салынған бөлмелериниң бириниң қапысы гербиш пенен өрилип жаўып тасланады ҳәм оған жер астынан жол салынады. Усындай сыртқы дүньядан бөлекленген ханакаларда муридлер таярлаўдың өзине тән усыллары болған. Бундай усыллар пирлер тәрепинен ислеп шығылып қабыл етилген.
Жәмийетлик қурылыслардың ўақыттың өтиўи менен мавзолейге айландырылыўы ислам дини тарийхының дәслепки жылларынан басланған. Муҳаммед пайғамбарымыз Мадинаға келген соң мешит салып, өзи оның имамы болған, қублаға қарап намаз оқыў қабыл етилген. Пайғамбарымыз дүньядан өткен соң өзи жасаған ханакаға жерленген. Усы ўақыттан баслап Ан наби аш Шариф мешити бир ўақытта мавзолей болып та есапланады. Кейин ала архитекторлардың усынысы менен мешит кеңейттирилип, оған төрт жүз мың адам сыятуғын он минаралы қурылыс қосылады.
Шейхлардың ҳәм дин ғайраткерлериниң өзлери салдырған ямаса өмир бойы хызмет еткен мешит-медреселер менен ханакаларында жерлениўин ҳәм зыярат орынға айландырылыўын Самарқанд, Бухара, Хийўа сыяқлы онлаған қалалардағы XIII - XIV - XIX әсир естеликлеринен көриўге болады. XV - XVI әсирлердеги Қубла Арал бойында суфизмниң раўажланыўы 1359-жылларда ҳүкимдарлыққа Қоңыратлы суўпылардың келиўи менен байланыслы. Тилекке қарсы, бул дәўирлердеги естеликлер еле толық изертленбегенликтен, олардың қурылыслары ҳаққында анық бир нәрсе айтыў қыйын.
Тасауўф тәлийматы турмыста орын алған ҳәр қыйлы сиясий, экономикалық ҳөм социаллық жағдайлардың аўырласыўына қарамастан, оның тәрептарлары тәрепинен кейинги дәўирлерде даўам еттирилди.
Орта әсирлердеги суўпылар институты XVIII - XIX әсирлерге келгенде ийшан - суўпылар төринде тағы да раўажланады. Үлкемиздиң үлкен қалалары Қоңырат, Хожели, Шымбай, Шаббаз, Шораханда қәлендерханалар қурылады. Усы ўақытлардағы ең үлкен тасауўф орайларының бирине Қарақум ийшан жатады. Ол ҳаққында Қарақум ийшан медресесинде оқып тәлим алған урыс ветераны, "Қарақалпақстанға мийнети сиңген мәденият хызметкери", шымбайлы Узақ аға Рахметуллаев былай деп жазады: "Қутлы хожа мәдениятлы, өз заманының ен саўатлы, әдеп-икрамлы, мийрим-шәәпәтли, қайыр-сақаўатлы адамы болады. Мийнеткеш халыққа да соны үйреткен. 500 бала оқыйтуғын медресе салып, оларды азық-аўқат, жатақ жай, көрпе-төсек пенен тәмийинлеген. Ол жерде май шығаратуғын он еки жуўаз, ун шығаратуғын қараз ислеп турған".
Тасауўф тәлийматы тәсирлерин XVIII - XIX әсирлердеги қарақалпақ классикалық әдебиятының ири тулғалары Күнхожа, Әжинияз, Бердақ ҳ.т.б. шайырлардың шығармаларынан да көриўимизге болады. Әжинияз шайырдың төмендеги қосық қатарлары оның айқын дәлили:
Ҳәр ким суўпы болса, нәпси кем болур,
Кеўли өлип, халый жайда гүм болур,
Нәпси өлмесе, йигит билан тең болур,
Йана таат-ибадаты болмаса.
Әдебиятымыздың байтереги Бердақ шайыр өз шығармаларында тасауўф әдебияты үлгилерин ислетип қоймастан, XIX әсирдеги қубла Арал бойындағы ең ири тасауўф мәнзилханаларының бири болған Қарақум ийшанда болған, оған қол берип пир тутқан, ҳәттеки бенделик парызын орынлаған шайырдың денеси де усы жерде жерленген.
XX әсирдиң басларында да үлкемизде суўпылар мәнзилханалары болғанлығы белгили. 20 - 30-жылларда үлкемиз бойлап халқымыздың өтмиштеги бай әдебий, мәдений мийраслары бойынша мағлыўмат жыйнаған белгили алым, филология илимлериниң докторы Қаллы Айымбетов Шымбай қаласында суўпылардың усындай ханакасы болғанлығын өзиниң еске түсириўлеринде жазып қалдырған.
Автор: Данияр Беласаров
|