Сулайман Ҳаддадий Мусевий
Жазба дәреклерде, қубла Арал бойында, орта әсирлерде өткен белгили шейхәўлийелер қатарында Сулайман Ҳададий Мусевийдиң болғанлығы мәлим. Мәселен XIV әсирлердеги Гургандж ҳәкими Қутлық Тимурдың 1349-жылы жазылған вакуфнамасында төмендегилерди көремиз. Ол пайғамбарлар әўлады, сейит, шейхлар шейхы Сулайман Ҳададий Мусевийге иззет ҳәм ҳүрмет ретинде белгили әўлийе Миздақхан төбелигинде ақ ханака салдырган, Миздақханнан (Хожели) Бағдатқа (Қараөзек) шекемги жерлерди, Тулии-Ятқанды ҳәм тағы да үш каналды шейхтың атына ўақым жер етип берген. Қутлық Тимур жоқарыдағыларға қосымша Хийўадағы Вари аўылында үлкен ханака салдырады ҳәм оның дөгерегиндеги жерлерди ўақым жер етип қосып береди.
Сулайман Ҳаддадий Мусевий мақбарасы
Бул ўақым жерлер ҳаққында Қутлық Тимур дәўиринде дүзилген ҳүжжетлердиң XVII әсирдиң орталарында тағы гәп болғаны тарийхый дереклерден белгили. Ҳижраның 1070 (1659 -1660)-жылы Сулайман Ҳададийдиң әўладларының бири, сол ўақыттағы патша Абдулғазы Баҳадурханнан, ўақым жерлерди қайтарып алыў ҳаққында талап еткен. Абдулғазы оны анықлаў ушын Қутлық Тимурдың 1349-жылы берген "вакуфнамасын" тексерип көрген ҳәм оны көширип алыўды молла Тахир ибн молла Ашық Хивакийге тапсырған.
Араблардың дәслепки найыбы Миздақханда (Хожелиде) отырғызылып, кейин ала ол Гурганжге (Гөне Үргениш) өтеди. Олар Орта Азия халықларының экономикасына ҳәм мәдениятына орны толмас дәрежеде зыян келтиреди. Көплеген қалалар, архитектуралық қурылыслар бүлдириледи. Саўда жоллары бойларында жайласқан Қыят (Беруний), Қабат қала (Елликқала), Миздақхан (Хожели) сыяқлы қалалар қарабаханаларға айландырылады. Халықаралық саўда үзилиске түсириледи. Ески Хорезм жазыўын билген саўатлы адамлар, илимпазлар жоқ етилип, сабақлықлар менен илимий китаплар, әдебиятлар менен шежирелер өртеп жибериледи. Әлбетте өз тәлийматларын ийелеген жерлерине ендириў бойынша алып барған араблардың дәслепки ҳәрекетлери бирден өз нәтийжелерин бере қоймады. Жаңа тәлийматты тил ушында қабыл еткен отырықшы халық өзлериниң бурынғы руўхый ҳәм мәдений үрп-әдетлерин, дәстүрлерин турмыста пайдаланыўды даўам еттире береди. Бул жағдай тарийхшы алымлардың анықлаўы бойынша 780-жылғы Муканна көтерилисиниң жеңилисине шекем даўам еткен. Солай етип, VII әсирдиң ақыры IX әсирдиң басларында Орта Азия халықлары ең қыйын дәўирден тарийхтың жаңа басқышына өтеди.
Усы дәўирдеги қубла Арал бойы, Хорезм мәмлекетиндеги жағдайға келетуғын болсақ, өтиў дәўири бираз шубалаңқылыққа түсти. Араблар орынлардағы жергиликли династияларды биротала жоқ етип жиберместен, ал олардың қапталларына өзлериниң найыпларын отырғызған еди. Соның салдарынан Гурганждағы араб найыбы менен Қыятта отырған хорезмшаҳлар династиясы ўәкиллери арасында, ўақты-ўақты келиспеўшилик, урысқағыслар болып турды. 995-жылы Гурганж патшасы Абдул Аббас Мамун Ибн Муҳаммад арқа ҳәм қубла болып бөлинип басқарылып турған еки халықты бириктиреди ҳәм оған Хорезмшаҳ атағы бериледи. Солай етип, үш жүз жылға шамалас ески ҳәм жаңа тәлиймат арасында болған өз-ара гүрес шегине жетип, қубла Арал бойында ислам дини толық орнайды. Мамун ҳәм оның баласы Әлий (997-999) дәўирлеринде Хорезм ғәрезсиз қудиретли мәмлекетке айланады. Әлий Мамунның иниси дәўиринде (999-1017) Хорезм тек сиясий ҳәм әскерий жақтан раўажланып қоймай, үлкенмәдений орайға айланды. Үргеништиң көрки болған Мамун академиясы салынып, оған сол дәўирдиң илими ҳәм көркем өнериниң ағлалары Ибн-Сино ҳәм ал-Берунийлер жыйналды. Бул алымлар Қыят, Жампық қала, Миздақхан, Гурганж қалаларында болып, өлмес мийнетлерин дөретти. Мәселен Әбиў Райхан Беруний мийнетлери Шығыс ҳәм Европа еллери математикасына тийкар болды. Астрономия ҳәм математика бойынша трактатлары оның данышпанлығын ҳәм билиминиң кеңлигин билдирип қоймәй, Қубла Арал бойы, улыўма Орайлық Азия илиминиң жоқары дәрежеде раўажланғанлығын көрсетеди.
Сулайман Ҳаддадий Мусевий мақбарасы
Автор: Данияр Беласаров
|