МИЗДАҚХАН ҚАЛАСЫ
Мақола ўзбек тилига таржима қилинмади!
Хожели жасы жағынан Бухара, Самарқанд ҳәм Хийўа қалалары менен бир қатарда турады. Табылған шақмақ таслардан исленген қуралларға қарағанда Хожелиге адамлардың қонысланыўы неолит дәўирине, яғный бизиң эрамызға шекемги төртинши-үшинши мыңыншы жылларға туўра келеди. Хожели орта әсирлер тарийхында Миздақхан деген атама менен белгили болып, ески қаланың калдыклары ҳәзирги таза Хожелиниң күн батар қапталында үш төбеликте ҳәм олардың арасындағы кеңисликте орналасқан. Жергиликли халық оларды Гәўирдиң қаласы, Антакия қаласы, Шамунның қаласы ямаса Мазлымхан сулыўдың қаласы деп атайды. Еки қатар дийўаллар менен қоршалған еки қабатлы әййемги қаланың қалдықлары батыстағы төбешикте орналасқан. Майданы 4 гектардан аслам 14 метр қалыңлықтағы мәдений қатламлар қаланың бизиң эрамызға шекемги IV әсирден бизиң эрамыздың XIII әсириниң басларына шекем жасағанын көрсетеди. Қорған ишинде қала турғынлары менен қала ҳәкимлериниң жайлары, сарайлары ҳәм басқа да қурылыслар бар.
Миздақхан комплекси
Миздақхан бул Гәўир қала ҳәм Мазлымхан сулыў архитектуралық естеликлерин өз ишине алатуғын комплекстиң ҳәзирги атамасы. Илимий мийнетлерде Гәўир қала эрамыздан бурынғы биринши мың жыллықтың орталарынан эрамыздың XV әсирине дейин Миздақхан деп аталып келингенлиги туўралы жазылады. Зороастризм дининиң қудайы Ахуро Мазданың аты қалаға тийкар болған болыўы мүмкин. Қаланың эрамыздан алдыңғы III әсирден баслап көп әсирлер даўамында Антиохия деп аталғанлығы туўралы пикиримизди жоқарыда билдирдик. Екиншиден, әййемги шығыс топонимлериниң арасында зороастризм дининде үлкен орынға ийе маздакийлик тәлийматы менен байланыслы атамалардың да көп ушырасатуғынлығын ядтан шығармаўымыз керек. Тәлийматтың тийкарын дүзиўши Маздак ибн Хәмдодон эрамыздың 470-529-жылларында жасаған болып, баста отқа сыйынатуғын диний орынлардың биринде, соңынан пүткил Иран бойынша бас кахин (диний басшы) лаўазымын ийелеген. Оның тәлийматы әпиўайы халық арасында кеңнен қол-лап-қуўатлаўшылық тапқан. Лингвистикалық жағынан қарағанда да Миздақхан топонимине Ахуро Маздаға қарағанда Маздак атының тийкар болыўы итималлығы жоқары. Егер қалаға қарата Маздақхан атамасы эрамыздың VI-VII әсирлеринен баслап ислетилген деп есапласақ, не ушын Антиохия атамасының да әсирлер бойы теңдей жасап келгенин түсиниўге болады.
Китапларда мәздакийликтиң Хорезмде кең тарқалғанлығы, ҳәтте, араблар келгеннен соң бир неше әсирлер даўамында да жергиликли халық Мәздак тәлийматына сыйынып келгенлиги туўралы айтылған. Арабларға қарсы бир неше көтерилислерге мәздакийлик себепши болған.з>
985-жылы Миздақханда араб географы Ал-Макдисидиң көрсетиўи бойынша 12000 феодал қорғанларының орайы болған. Миздақхан өзиниң үлкенлиги жағынан Қыят (Беруни) ҳәм Гургандж (Гөне-Үргенш) қалаларынан кейинги Хорезм мәмлекетиндеги үшинши қала болған. Миздақханды орта әсирлерде жасаған ибн Русте ҳәм ал-Истахрилер де тәриплеген.
Миздақхан комплекси
Бул жер VIII әсирде араблар тәрепинен жаўлап алынып, тағы қайта тикленген. Миздақхан 1221-жылға келгенде Шыңғысхан басшылығындағы монғол армиясы тәрепинен қарабақаналарға айландырылып, оның раўажланыўы иркинишке түсирилди. Лекин XIII әсирдиң екинши ярымынан баслап батыстың ҳәм шығыстың байланыстырыўшы "Уллы жипек саўда жолының" қайтадан жолға қойылыўы, оның бойында жайласқан айырым қалалардың қайта раўажланыўына, жаңа қалалардың тиклениўине өзиниң тәсирин жасады. Нәтийжеде бул жерде жасаўшы халық қарабақанаға айланған Гәўир қала орнына төбешиклер арасындағы 90 гектарға шамалас ашық кеңисликке жаңадан Антакия қаласын қурады. Қала халқы зергерлик, гүлалшылық, тоқымашылық, қурылыс жумыслары менен, ал оның дөгерегиндегилер болса дийқаншылық, шарўашылық, балықшылық пенен шуғылланған. Қытай, Ҳиндстан, Иран, Сирия еллери, Волга бойы ҳәм Қара теңиз жағалаўларындағы қалалардың саяхатшылары, саўдагерлери усы жерде тоқтап өткен.
Шығыстағы төбешик (Шамун қала) әййемги ўақытлардан бүгинге шекем қәбирстан хызметин атқарып келген. Әййемги зораостризм дини дәстүрлерине тән оссуариялық қәбирлердиң үстин орта әсир мусылман қәбирлери жаўып турыпты.
Жомарт қассап (Гайомарт) төбешигинде болса зороастризм дини дәстүрлерине тән қурылыс (II - VIII ә.) үстине IX - XIV әсирлерге тийисли мусылман қәбирлери қойылған. Төбешикте орта әсирлерде бир қатар әжайып жәмийетлик, диний ҳәм архитектуралық қурылыслар тикленди.
Ережеп қәлпе (Халифа Ережеп) XI - XII әсирлердеги Миздақхан архитектурасының дүрданаларының бири. Археологиялық изертлеўлер Ережеп қәлпе естелигиниң XII - XIII әсирлерде мешит-медресе хызметин аткарғанлығы, ал XIV әсирге келгенде оның мақбараға айландырылғанлығын көрсетти. Оның дәслепки улыўма бәлентлиги 16 метр, ени 9 метр болған, үсти 5 метрлик гүмбез бенен бастырылған, қубла қабырғасы пүткил ойма нағыслар, араб жазыўлары ҳәм шырша плиталар менен безелген.
Жумамешит комплексинде еки мешит, ханако (қәлендерхана), асхана ҳәм жер асты мақбарасы жайласқан. Мешитлер қам ҳәм пискен гербишлерден өрилип, үсти сүтинлер (колонналар) жәрдеминде бастырылған. Қубла қабырғасы гербишке нағыс ойып өрилген. XII - XIII әсирлерде ойма араб насх жазыўлары, геометриялық нағыслар ҳәм реңли бояўлар менен безелген. Ханака XIV әсирдеги Гөне Үргениш ҳәкими Қутлық Темур тәрепинен шайық Сулайман Хададий Мусевийге арнап салдырылған.
Шамун Набий ямаса Шамун Захид пайғамбар атына арнап қурылған комплекс тилеўханадан (XIII - XIV ә.) ҳәм оған жапсырып салынған жети гүмбезли узын мақбарадан (XIV- XIX ә.) ибарат.
Мазлымхан сулыў мақбарасының бөлимлери жер астында болып, жердиң бетинде оның тек сегиз қырлы гүмбезлери ғана қалған. Мақбараның жер асты өжирелери дийўалларындағы "гүлбаналар" менен ойма нағыслы сталактитлер, қыз сақанасындағы алтын пуўы берилген нағыслар менен жазыўлар сол дәўирдеги шеберликтиң шоққысы екенлигинен дерек береди.
1372-1388-жыллары ўақытша үзилистен кейин қала Антакиядан ҳәзирги гөне Хожелиге өтеди.
Автор: Данияр Беласаров
|