Тилни танлаш: Ққ | Ўзб  |  Рус

Хожели базары

Мақола ўзбек тилига таржима қилинмади!
Әмиўдәрья журналы,
2-2011, 103-105 бет

Бизиң қаламыз буннан еки мың жыл бурын саўда жолларының кесилиспесинде базар сыпатында пайда болды. Бул жерде Антакия ҳәм миздахкан (Хожелиниң өтмиштеги атамасы) әскерлериниң қорғаўы астында арқа тәрепиниң шарўалары қубланың дийқанлары менен саўда-сатық исследи. Сонлықтан да базар Шығыста әзелден-ақ жәмийетлик турмыстың тийкарғы орынларынан бири есапланады. Ҳәтте. Қаланың өзи (гөне қала) сондай етип қурылған. Оның төрт дәрўазасын Хожелиге кирип келген адам, туўры көше арқалы орайдағы базарға шығатуғын болған. Атап айтқанда, ески Хожелиниң тийкарғы жоллары саўда-сатық көшелери кесилискен жерди бизиң үлкемизде әзелден-ақ Орайлық базар деп атайды.

Ҳақыйқатында да Хожелиде базар тек бир кесилиспени ийелеп қалмастан, ал Сүўенли каналының еки жағалығында тута сбир саўда қалашасы болды. Базардың майданы тийкарынан ҳәзирги гөне қала базарына сәйкес келеди (жаңа базардан киширек0. Сырттан қарағанда ҳәзиргиден пүткиллей басқаша көринетуғын еди. Базардағы жайлар, базардың дөгерегиндеги мәҳәллелер ылайдан салынған, бир қабатлы каркаслы имаратлар бар еди. Бул жайлардың алдыңғы бетиндеги дийўаллары көше тәрепке қарай созылатуғын еди. Солай етип базар көшелери туйық, басы бекиген көшелер ермекшиниң торындай болып, олардың бойында кишкене көшедеги жайлар, устаханалар, дүканлар изи үзилместен көринип, олардан қәлеген нәрсенди сатып алыў мүмкин еди. Бундай саўдагерлер сататуғын затының түрине қарай топарларға бөлинди, мәселен арнаўлы бир көшени шеңгекшилер ийелеп бир қатар жайласса, ал екинши бир көшеде етикшилер, гүлалшылар, китап сатыўшылар ҳәм түплеўшилер, темирши усталар, териден буйым ислеў шеберлери жайласты.
Кесилиспеде шайханашылардың самоварларынан түтин бурқып турған болса, ал асханадан шыққан палаўдың, Әмиўдәрьяның қуўырылған балығының жағымлы ийиси иштейди ашатуғын еди. Базардың көплеген көшелери сатыўшыларды ҳәм қарыйдарларды ыссы қуяштан сақлаў ушын бастырмалар исленип, үстине ший жабылды. XIX әсирдиң ақырына келип көне қала базарында қызғыш пискен гербиштен салынған айтарлықтай үлкен жайлар пайда бола баслады. Санаат мануфактурасы менен саўда ислейтуғын ири мәкемелер өзлериниң кеңсе жайларын салған еди. Олардың арасында «Э.Циндель» ҳәм Гөне үргенишли Ағабий серкеш. Хийўалы Яқшым бай ҳәм Халмурат бай, ағалы-инили якушевлардың дүканлары ҳәм тағы басқалар болды. Орын пулды. Базарда мәмлекетлик салықларды олар муҳаммед Әмин ханның тапсырыўы бойынша қалада жайласқан медиресеге тарқатқан.


Хожели базары

Арадан жүз жыллар өтсе де, Хожели базарының өзине тән өзгешелиги ҳәм дәстүрлери өзгермей қалды. Бул пүткил жәмийетлик турмыс сәўлеленген, жәмленген жер еди. Бул журден әҳмийетли жаңалықлар қас қағымда, тез тарқалды. Бунда белгили болған «узын қулақ» ҳәрекет етти, бул жерде хүкимдарлардың рәсмий пәрманлары жәрияланды. Шайханаларда ҳәм тиккелей көшелердиң өзинде гезип жүретуғын диний көз-қарасларды, әдеп-икрамлылықты ўәсият етиўшилерди-маддахларды көриў мүмкин еди. Дәп ҳәм сырнайларға ийе миллий сазенделердиң сазлары жаңлады. Ал тағы бир жерде халық қуўыршақшылар театрының тәкирарланбас ойынлары қойылды. Онда сапар қуўыршақшы өз ҳәзил-дәлкеклери менен көпшиликтиң кеўлин көтерди. Масқарапазлар узын қалпақлар кийип адамларды тамашаға шақыратуғын еди. Палўанлар бул жерде гүрес туты. Жаңабай палўан, Ерназар шойыншы, Орынбай аламас, соңырақ жеңилмес Халмурат палўан, сатыбалды палўан ҳәм басқалар беллесиўлерге шықты. Хожелиниң ески базары усындай болды. Қандай да бир көтериңкилик. Байрамдағыдай жағдай мың-мыңлаған адамларды базарға тартты. Ҳәзирги ўақытта олардың орнын басып қалған кире берис жерлерди ийелеп туратуғын заманагөй автомобиллер ол дәўирде әлбетте жоқ еди. Рәң-бәрең кийим кийген атлылар. Өзине тән даўысына. Салтанатына ийе тутас түйелер кәрўаны, ешек мингенлер базарды толтырып жиберетуғын еди. Хожелиде оларға Жәдигер, Салима, Мырзан, Асқар шарбақшылар хызмет көрсетти. Буннан басқа да ҳақыйқый дыққаты өзине тартатуғын көринислер де бар еди. Олардың ҳәр қыйлы реңдеги гезлеме қыйындыларынан тигилген шапанлары, төбеси күте бийик болған әжептәўир бас кийимлери дөгеректегилердиң дыққатын өзине тартып, олар дәрўиштиң белине асынған, шынжырға илдирилген кокос ғозасының қабығынан исленген қутыға садақаға теңге таслаўға умтылатуғын еди. Себеби, дәрўиш ақшаға қол тийгизиўине болмайды. Кешқурын ол жыйналған қара бақырларды ханакаға (қәлендерханаға), дәрўишлер жасайтуғын жайға алып келеди, ал олардың басшысы – пир садақадан түскен қәрежетлерди усы жердегилердиң азық-аўқаты ушын пайдаланады. Базарда шылымшыны да көриў мүмкин. Ол қолларына күте үлкен қола ыдыс услап, түтинди суў арқалы өткерип, темекини геннен кейин шегиўди қәлеўшилерге усынады. Суў толтырылған териден исленген үлкен қалталарды қайыс пенен ийнине асып, көшелерде суў себиўшилер қапталыңнан өтеди. Олар ўақты-ўақты адамлар ең көп топланған жерлерге суў себеди. Бул күте сәрүр. Себеби көшелерге тас тәселмеген. Ал Хожелиниң белгили шаңы мәрҳама ҳаўаны «қаплап» турады. Бирақ, шаңнан қорқатуғын адам жоқ.

XVII әсирдиң басында түркистаннан келген Әлаўатдин хожа Хожелиниң шаңын бейиште периштелер көзди емлейтуғын шыпабағыш емдериге теңеген. Гөне қаланың базары адамлардың ҳәр қыйлы даўысларына толы. Бүгинги күндегидей бизиң жеримиздиң әжайып саўғалары узын-шубай кеткен саўда-сатық, текшелерин безейди. Мине, күтә аты шыққан «Хожели бийшек» қаўыны. Билимдан, көп нәрседен хабардар адамлар бундай қаўынлардың пүткил дүньяда жоқ екенин айтады. Шығыс гөззалларының ләбиндей сулыў көрингенде көз тартатуғын қатара қойылған ериклер, аўқатқа қосатуғын ҳәр қыйлы шөплер, булардың барлығы шығыс базарының көркин шығарып турған тәбият саўғалары.

Тийкарғы базардан басқа Хожелиде кишигирим базарлар да болған. Азғана болса да көзге түсетуғындай әҳмийетли көшелер кесилиспесинде ең зәрүр затларды сататуғын сатыўшылар жайласқан. Базарға хожели кәбабын жеў ушын жан-жақтан адамлар келетуғын еди. Ҳәзирги күнде кәбапшы Дәүлетияр Рәметуллаевтың атағы шыққан. Арнаўлы базарлар да болған. Мәселен. Өтмиште атлар тийқарғы транспорт қуралы болғанын ҳәм ат базары ҳәзирги автомобиль базарын еслеткенин умытпаў керек.

Хожелиде жаңа, европа үлгисиндеги базардың салыныўы менен XX әсирдиң екинши ярымында қаланың усы бөлегинде де үлкен базар қурыў зәрүрлиги пайда болады. Ол өз-өзинен төрт мүйешли етип салынды. Оны Воскресенский деп атады. Жети гектарлық базар аймағына жыл сайын тәртипсиз саўда-сатық орынлары қатарында сурғылт сары гербиштен салынған дәрўаза айрылып туратуғын еди. Бул базар дерлик елиўжыл жаңа қаланың саўда орайы болып турды.

Ҳәр дәўирдиң өз базары бар. Екинши жер жўзлик урыс жылларында хожелиши тарийхшы Қалбай Хожамуратовтың атап көрсеткениндей «Дийқан базар», Хожели дийқан базары биринши орынға шыққан. Бүгинги күни Хожелиниң жаңа бөлегиндеги тийқарғы базар Орайлық базар есапланады. Ол қаламыздағы ең жас базарларынан бири. Мың жыллықтарийхқа ийе базарлар менен салыстырғанда, ол рәсмий түрде 1957-жылдан өз жылнамасын баслайды.

Буннан мың жыл бурынғыдай адамлар көтериңки түрде топар-топар болып базардың көп санлы ишки жолларын толтырып жибереди. Өзиниң қысқа тарийхы ишинде базар еки реет кеңейтиў, қайта қурыўды бастан кеширди. Бул халыққа белгили Сейтжан аға Мәтжановтың басқарыўы, басшылық етиўи дәўиринде жүз берди. Бирақ, ҳеш қашан бүгинги күндегиден сулыў ҳәм қолайлы болған емес. Тек Орайлық базар емес, соңғы жыллары қаланың көплеген базарлары да қайта туўылғандай болып, көркине көрк қосты. Буны ғоне Хожелиниң әййемги базары ҳаққанда да айтыў мүмкин.

Мәмлекет тәрепинен хожелиниң ең үлкен базарын қайта қурыў ушын ажыратылған көп муғдардағы қаржылар базарларды дыққатты тартатуғын орынға айландырды. Дәстүрий шығыс архитектурасы тийкарларына қоса заманагөй қурылыс материалларын пайдаланыў нәтийжесинде базар кеңейип атырған кеңислик көринисин береди. Бул көзди қуўандырады, енди қарыйдарларға да, сатыўшыларға да күтә қолай болып қалды.

Ерте азанда тынным таппайтуғын қуяш енди көтериле баслағанда хожелишилер ҳәм қала мийманлары әдеттегидем сумкаларын алып базарға жол алады. Олар базардан керек нәрсениң барлығын табатуғынына исенеди. Себеби, бул ертеден аты шыққан, даңқы шар тәрепти жайлаған белгили Хожели базары.

Автор: Данияр Беласаров
 

Қидирув



Оҳирги мақолалар:


ГЛАВА II. РУСТАКИ ГАВХОРЭ

(К исторической динамике древней ирригационной сети Хорезма) «Они провели из нее (реки) каналы и построили на ней города».Ал-Макдиси BGA III 2...


ГЛАВА I. СТЕНА В ПУСТЫНЕ

«КАС — на языке жителей Хорезма — этостена в пустыне, ничем не окруженная».Якут. IV. 222.«И люди построили на берегах ее болеетрех...


Хожелиден шықкан шайыр-жазыўшылар

Абдусадықов Ҳайытбай Ҳайытбай Абдусадықов — шайыр. Ҳ. Абдусадықов 1957-жылы Хожели қаласында туўылған. Орта мектепти питкергеннен соң дәслеп Тақыятас қ...


Хорезм и Хазария.

Кожинов. История Руси и русского Слова Специальный экскурс: история ХазарииОбщепризнанно, что на рубеже VIII—IX веков государственной религией Хазарского ...


Фирдаус ал-икбал

Мунис и Агахи«Райский сад счастья». Имеет второе название — «Икбал-наме» (*** «Книга счастья»). Автор — Шир-Муха...


Крепость Довкесен

09.12.2001"Моей любви всем причаститься б вам,-Собрать хоть по одной частице б вам,-По капле крови иль по лепестку -Все мое сердце, боль мою, тоску" Навои "Фарх...


Погода


GISMETEO: Погода по г.Ходжейли

Победа на интернет-фестивале