Данияр хажы Беласаров
Мақола ўзбек тилига таржима қилинмади!
Данияр Беласаров Хожели қаласында туўылған. Ол 1977-жылы Алматы Политехникалық институтын питкерди. 1983-жылы Москва МИСИди (Москва инженерлик қурылыс институты) тамамлады. Соңынан Халықаралық Академияның юридика факультетин сырттан оқып питкерген. Д. Беласаров 2006-жылдан Өбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, Қарақалпақстан Республикасына мийнети синген жаслар устазы, халықаралық Академиясы сыйлығының лауреаты, доцент, Қарақалпақстан Республикасы "Қашарман топ" федерациясы президенти. Оньң дәслепки шығармалары 1970-жыллардың басларында жарық көре баслады. Ҳәзирге шекем ол «Ер Қосай» (1996), «Сатыпалды палўан» (2000), «Табын шежиреси» (2001), «Әдил батыр ким еди» (2006), «Қашарман топ» (2007) сыяқлы гүрриң ҳәм публицистикалық, прозалық топламларын бастырып шығарды. Жазыўшы Тациттин, Л.Гумилевтық, Мурад Аджидиқ, П.Ивановтық шығармаларын қарақалпақ тилине аўдарған. Бир қатар шыгармалары өзбек ҳәм қазақ тиллеринде жарық көрген. |