Тилди танлаң: Ққ | Ўзб  |  Рус

Ережеп қәлпе

Ережеп қәлпе (Халифа Ережеп) XI - XII әсирлердеги Миздақхан архитектурасының дүрданаларының бири. Археологиялық изертлеўлер Ережеп қәлпе естелигиниң XII - XIII әсирлерде мешит-медресе хызметин аткарғанлығы, ал XIV әсирге келгенде оның мақбараға айландырылғанлығын көрсетти. Оның дәслепки улыўма бәлентлиги 16 метр, ени 9 метр болған, үсти 5 метрлик гүмбез бенен бастырылған, қубла қабырғасы пүткил ойма нағыслар, араб жазыўлары ҳәм шырша плиталар менен безелген.

1221-жылы монғоллардың жаўлап алыўынан қатты зақым көрген Қубла Арал бойы қалаларының айрымлары тек XIII әсирдиң ақыры XIV әсирлерге келгенде қайта тикленеди. Миздақхан қаласында да бул қубылыс орын алады. Усы ўақытлары бурын жәмийетлик орын хызметин атқарып келген Мазлымхан сулыў, Ережеп қөлпе сыяқлы Миздақхандағы биналар ишине марҳумлар жерленип, олар сыйыныў орынларына айландырылды. Археологиялық изертлеўлер, усы ўақытлары биринши қурылыста төрт адамның, екинши қурылыста бир адам жерленгенлигин анықлады. Усыған байланыслы оларға келген зыяратшылар ушын Ережеп қәлпениң қубла тәрепинен, ал Мазлымхан сулыўдың орайлық гүмбезин айлана жер бетинде бир нешше бөлмелер салынады. Қыз үйиниң усы ўақытта салынған бөлмелериниң бириниң қапысы гербиш пенен өрилип жаўып тасланады ҳәм оған жер астынан жол салынады. Усындай сыртқы дүньядан бөлекленген ханакаларда муридлер таярлаўдың өзине тән усыллары болған. Бундай усыллар пирлер тәрепинен ислеп шығылып қабыл етилген.


Автор: Данияр Беласаров
 

Қыдырыў



Ақырғы мақалалар:


ГЛАВА II. РУСТАКИ ГАВХОРЭ

(К исторической динамике древней ирригационной сети Хорезма) «Они провели из нее (реки) каналы и построили на ней города».Ал-Макдиси BGA III 2...


ГЛАВА I. СТЕНА В ПУСТЫНЕ

«КАС — на языке жителей Хорезма — этостена в пустыне, ничем не окруженная».Якут. IV. 222.«И люди построили на берегах ее болеетрех...


Хожелиден шықкан шайыр-жазыўшылар

Абдусадықов Ҳайытбай Ҳайытбай Абдусадықов — шайыр. Ҳ. Абдусадықов 1957-жылы Хожели қаласында туўылған. Орта мектепти питкергеннен соң дәслеп Тақыятас қ...


Хорезм и Хазария.

Кожинов. История Руси и русского Слова Специальный экскурс: история ХазарииОбщепризнанно, что на рубеже VIII—IX веков государственной религией Хазарского ...


Фирдаус ал-икбал

Мунис и Агахи«Райский сад счастья». Имеет второе название — «Икбал-наме» (*** «Книга счастья»). Автор — Шир-Муха...


Крепость Довкесен

09.12.2001"Моей любви всем причаститься б вам,-Собрать хоть по одной частице б вам,-По капле крови иль по лепестку -Все мое сердце, боль мою, тоску" Навои "Фарх...


Погода


GISMETEO: Погода по г.Ходжейли

Победа на интернет-фестивале