Тилни танлаш: Ққ | Ўзб  |  Рус

Хатеп

Мақола ўзбек тилига таржима қилинмади!

Ҳәзирги "Хатеп" ДФХ жайласқан орын (бурынғы Өзбекстанға белгили мал семиртиўге арналған "Хатеп" совхозы) "Әмиўдәрья" аўыллық пуқаралар жыйыны аймағына қарайды.

Хожелиниң батыс тусында Хатеп деп аталған ески жаптың үлкен аңғары жатыр. Ол бурынлары Қаракөл, Қаратерен көллерине қуйып турған ири өзек болған. Бирақ, сонғы жылларда Хатептиң суўының жайылмалары егислик жерлерди өзлестириўге әдеўир кесент берген. Соның ушын 1937-жылы Хатеп Әмиўдәрьяның тусынан байланып, буннан кейин бурын көл асты болған Шоманай, Гөне Үргениш жерлери өзлестириле баслайды.

Хатеп сөзиниң сыртқы түрине қарағанымызда хәзирги тилге түсиниксиздей сезиледи. Анығында бул араб| сөзи болып, оның мәниси араб тилиндеги "хотф", "хатиб" сөзлериниң инфинитив тийкарына бир қанша уқсас келеди. Бул сөзлердиң мәниси бизиң тилимизде бурқасынлаў, мәўжириў уқсаган сөзлерди аңлатады. Усыған қарағанда, Хатеп бурынлары мәўжирип, бурқасынлап аққан дәрья болған болыўы мүмкин. Халық аўзында "кәтептеги нарым едиң" деген де соз бар. Бурын кәрўанбасылар усылай деп түйени атайтуғын болған, ол саўдагерлердин кәрўанындағы күшли, айбатлы жолбаслаўшы нар болады. Усы пикирлерди жуўмақластырып айтқанда, Хатеп сөзиниң мәниси дәслепки айтылған түсиникке әдеўир жақынласады хәм бул сөздиң бурын араб тилиниң тәсири арқалы бизиң тилимизге сиңисе баслағанлығынан дерек береди. (Қ.Әбдимуратов, "Неге усылай аталған?". (Қарақалпақстан топономикасының тарийхынан) I "Қарақалпақстан" баспасы 1965-ж. 31-32-6.)

Автор: Данияр Беласаров
 

Қидирув



Оҳирги мақолалар:


ГЛАВА II. РУСТАКИ ГАВХОРЭ

(К исторической динамике древней ирригационной сети Хорезма) «Они провели из нее (реки) каналы и построили на ней города».Ал-Макдиси BGA III 2...


ГЛАВА I. СТЕНА В ПУСТЫНЕ

«КАС — на языке жителей Хорезма — этостена в пустыне, ничем не окруженная».Якут. IV. 222.«И люди построили на берегах ее болеетрех...


Хожелиден шықкан шайыр-жазыўшылар

Абдусадықов Ҳайытбай Ҳайытбай Абдусадықов — шайыр. Ҳ. Абдусадықов 1957-жылы Хожели қаласында туўылған. Орта мектепти питкергеннен соң дәслеп Тақыятас қ...


Хорезм и Хазария.

Кожинов. История Руси и русского Слова Специальный экскурс: история ХазарииОбщепризнанно, что на рубеже VIII—IX веков государственной религией Хазарского ...


Фирдаус ал-икбал

Мунис и Агахи«Райский сад счастья». Имеет второе название — «Икбал-наме» (*** «Книга счастья»). Автор — Шир-Муха...


Крепость Довкесен

09.12.2001"Моей любви всем причаститься б вам,-Собрать хоть по одной частице б вам,-По капле крови иль по лепестку -Все мое сердце, боль мою, тоску" Навои "Фарх...


Погода


GISMETEO: Погода по г.Ходжейли

Победа на интернет-фестивале