Хожели
Хожели қаласы Орайлық Азияда ең ески қалалардыц бири. Қолда бар илимий дереклерге қарағанда оның жасы 2400 жылды қурайды. Лекин, қаланьң салыныў дәўири, алдағы ўақытлардағы жүргизилетуғын изертлеўлер менен және де тереқлестирилиўине гүман жоқ. Себеби, қаладан тастан исленген қураллардың табылыўы Хожели аймағында халықтың бизиң эрамызға шекемги IV - III әсирлерден берли жасап киятырғанлығын көрсетеди.
Орта әсирдеги жазба дереклерде Хожели қаласы Миздақхан деген атама менен белгили болған. Бул ҳаққында X әсирде жасаған араб географлары Ибн Русте ҳәм ал-Истрахилер жазып қалдырған. Сондай-ақ тағы бир араб географы ал-Макдисидиц 985-жылғы көрсетиўинше Миздақхан 12000 феодал қорғанларының орайлық қаласы болған. Белгили шығыстаныўшы алым О.Г.Большаковтың анықлаўынша Миздақхан майданы бойынша орта әсирлердеги Арал бойы қалалары Гурганж (Журжания) ҳәм Қыяттан кейинги үшинши қала болып есапланған.
Қаланың ең әййемги бөлеги халық арасында Гәўир қала деген ат пенен белгили болып, ол тоғыз гектардан аслам майданға ийе тәбийғый төбелик үстине бизин, эрамызға шекемги IV әсирде салынып, қалың дийўаллар менен қоршалып, минаралар менен беккемленген.
Бизиң эрамыздың басларына келгенде қала аймағы кенейип, бир қанша раўажланады. Усы жерде соны да айтыўымыз керек, Хожели қаласы тарийхы бойынша белгили алымлар В.В. Бартольд, Я.Г. Гулямов, А.Ю.Якубовский, С.П.Толстов, С.К.Камалов, В.Н. Ягодин, М. Мәмбетуллаев, Ғ.Хожаниязов, М.Ш.Кдырниязов, М.Турабеков, О.Юсупов, Х.Есбергеновлар ҳәр қыйлы дәўирлерде изертлеген ҳәм пикирлер айтқан.
Қубла Арал бойын араблар жаўлап алғанда олар өзлеринин, биринши найыбын (бақлаўшысын) дәслеп усы Хожелиде отырғызып кейин ала оны Гурганжге (Журжания) өткериўинин өзи Миздақханнын, VIII әсирлерде де Орайлық Азияда орайлық қалалардың бири болғанлығынан дерек береди. Бул фактти тарийх мойынлайды.
IX - XI әсирлерде қалада жана қорған дийўаллар тикленип, ҳәким сарайлары салынады. Қытай теңгелериниц, Жер орта тенизи бойы шийше ыдысларының, Қара теңиз бойы затларының қаладан табылыўы Миздақхан Шығыс пенен Батысты байланыстырған халықаралық саўда жипек жолы тармақларының бойында жайласқанлығын дәлиллейди. Бул дәўирде қалада қытай, араб, парсы, Қара теңиз бойы саўдагерлериниң тоқтап өткенлиги белгили.
XI - XII әсирлерде қала ҳәкиминиң жаңа сарайлары, пуқаралық ҳәм диний архитектуралық қурылыслар бой тикледи. Олардыц қатарына бүгинги күнге шекем сақланып келген Ережеп Қәлпе атлы мешит-медресе, жумамешит, қәлендерхана, бир неше әжайып мақбаралар жатады.
1219-1221-жыллары Шыңғысхан басшылығында монғол армиясы тәрепинен Орта Азия еллериниң жаўлап алыныўына байланыслы ўақытша үзилиске түскен Миздақхан қаласы XIII әсирдиң екинши ярымында қайта тикленди. Еки бийик төбелик арасындағы ашық кең майданға жаңа қала салынады. Жергиликли халық арасында оны "Шәҳәр Антакия" деп те жүргизиледи.
Алтын Орда дәўиринде қаланық гүллеп раўажланыўына "Уллы жипек халықаралық саўда жоль"ның қайта тиклениўи күшли тәсир жасайды. Усы дәўирде қалада өнерментшилик раўажланады, саўда жолға қойылады, жаңа пуқаралық ҳәм диний қурылыслар бой тиклейди. Олардың арасында жер астында салынған Мазлымхан сулыў, Шамун наби, Қырық шопан сыяқлы архитектуралық қурылыслар айрықша орын тутады.
XIV әсирдиң ақыры XV әсирлерде Әмиўдәрьяның тийкарғы ағысының Сарықамыс тәрепке қарай ағыўынан суў тамтарыслығы пайда болыўына, ишки ҳәм сыртқы сиясий жағдайларға байланыслы қалада тиришилик көлеми тараяды, қала халқыныц белгили бөлеги қоныс өзгертиўге мәжбүр болады. XVI әсирдиң орталарынан баслап Әмиўдәрья суўының қайтадан өзиниң бурынғы ески саласы арқалы Арал теңизине қарай ағыўы менен Хожели қайта жанланады. Мине, усыған байланыслы әййемги ҳәм орта әсир миздақханлылардың әўладлары жаңа қалаға тийкар салады.
Миздақхан — Хожели қаласыныц еки мың төрт жүз жылдан берли жасап киятырғанлығын дәлйллеўши қала халқының қойымшылығы. Халық арасында "Мазлымхан сулыў" аты менен белгили бул муқаддес орында әййемги зораастризм дини дәстүрлеринен баслап бүгинге шекем қала марҳумлары жерленип келмекте.
Хожели (Антакия, Миздақхан) ҳаққындағы ең әййемги мағлыўматларды эрамыздан алдыңғы III әсирге тийисли деп қабыллаўға болады. Өзбек энциклопедиясындағы Антакия, Антиох, Салавкийлер сыяқлы мақалаларда дәслепкиси эрамыздан бурынғы 280-жылы тахтқа отырған, соңғысы эрамыздан бурынғы 64-жылы патшалық қылған Салавкий Антиохлар (Антиох I, Антиох II, Антиох III сыяқлы саналып кеткен) дәўиринде олардың атлары менен байланыслы бир қанша қалалар ҳәм басқа ири қурылыслардың пайда болғаны айтылады. Мысалы, Түркиядағы, Ирандағы, Армениядағы Антиохия қалалары, ҳәзирги Мары жанындағы узынлығы 300 километрлик қорғаныў дийўалын атап өтиўге болады. Хожели жанындағы Антиохия қаласы да дәслеп сол дәўир аралығында Салавкийлер мәмлекетиниң шегара қаласы сыпатында пайда болған деп айтыўға тийкар бар.
Антакия, соңынан Маздақхан деп айтылып, орта әсирлерде ол Хорезм мәмлекетинин, ең ири қалаларынан бири болған. 709-жылы Хорезмшаҳ Чаганның иниси Хуразаттың өзине тән бир қанша адамлар менен Маздақхан қаласын мәкан тутып патшалық еткени ҳаққында мағлыўматлар бар. (История Хорезма с древнейших времен до наших дней. Ташкент. "Фан" 1976 г.)
Сондай-ақ, X әсир тарийхшысы ал-Истахридин "Маздақхан қаласы Үргеништен еки фарсах жерде жайласқан" (фарсак-ҳәзирги 6-8 километр), араб илимпазы Макдисидин X әсирдиң екинши ярымында "Маздақхан қаласы дөгерегинде 12 мын, қорған болған" деген мағлыўматлары көпшилик илимий мақалаларда ушырайды. 1981-жылы Ташкенттеги "Ўзбекистон" баспасынан шыққан "Сайёҳ олимлар" китабында X әсирлерде Әмиўдәрьядан Сарықамыс тәрепке қарай аққан дәрьяның "Маздубаст" деп аталғаны ҳаққында Беруний шығармаларында бар екенлиги айтылады. 1349-жылы, яғный Алтын Орда дәўиринде дүзилген бир ўақып хатында Миздақхан қаласы атап өтилген. Тилекке қарсы, Маздақханнын, буннан кейинги дерлик үш әсирлик тарийхы ҳаққындағы жазба дереклер ушырамайды. Тек XVII әсирдиң орталарына келип Хорезм патшасы Абулғазы Баҳадырхан "Миздақханнан Бақырғанға тутас Қуйғын деген жерге дейин бийдай егилетуғын еди... Атлы адам он күнде бийдайдың сыртынан айланып келе алмайтуғын еди" деп жазады ("Шажарийй түрк" Ташкент, "Чулпон" баспасы 1992-жыл). Хожели орта әсир тарийхында Миздақхан деген атама менен белгили болып, ески қаланың қалдықлары ҳәзирги таза Хожелиниң күн батар қапталында үш төбеликте ҳәм олардың аралығындағы кеңисликте орналасқан. Жергиликли халық оларды Гәўирдин, қаласы, Антакияның қаласы, "Кохи Антакия", Шамуннын, қаласы ямаса Назлымхан сулыўдың қаласы деп атайды.
Суўретте: "Венеция на Амударье". Н.Н.Каразин.
"Нива" журналы, №3, 1886ж.
XVII әсирде тарийхта Хожели атамасы пайда болды. Хожелиниң бир неше рет қорғанлары салынады. Солардың бири Жақсылық бий басшылығында 1773-1775 жыллары салынған. ХVI-ХIХ әсир даўамында қойымшылықта Жети карий, Әбдираман Шаламан, Шамун Набидин, баласының мақбарасы атлы бир неше қурылыслар бой тиклейди. 1811-жылы Пирим ийшанның медресеси салынады.
XIII әсирдиң екинши ярымынан баслап Батысты ҳәм Шығысты байланыстырыўшы "Уллы жипек саўда жолы" қайтадан жолға қойылыўына байланыслы Хожели қайтадан тикленди. Қытай, Ҳиндстан, Иран, Сирия еллери, Волга бойы ҳәм Қара теңиз жағалаўларындағы қалалардың саўдагерлери, саяхатшылары усы жерде тоқтап өткен.
Хожелиниң әййемги ҳәм орта әсирлердеги Миздақхан бөлеги өзиниң илимий ҳәм мәдений қуны жағынан Орталық Азияның белгили қалалары Афрасиаб, Пянджикент, Отырар менен бир қатарда турады.
Хожели турақлы мәкан болып қәлиплескенине 2400 жылдан асып баратырыпты деген илимий тастыйықлаўлар бар. (В.Н.Ягодин, М.Мәмбетуллаев, Ғ.Хожаниязов, М.Ш.Қдырниязов, М.Турабеков) Тарийхта Хожели атамасы келип шықпастан бурын Гәўир, Антакия, Миздақхан атамалары менен белгили болган. Хожелиниң үстинен Үлкен жипек жолы кәрўанлары үзликсиз өтип турған. Сол ўақытлары да, усы жерде жасаган халықлар олардан ҳәр қыйлы өнерлерди, саўда-сатықты үйренген. Оныншы әсирде жасаған араб географы Махдисидиң көрсетиўи бойынша Миздахқан ең дәслепки қәлиплескен қала болған. Оның әтирапында 12 мыңнан аслам (аўыллар) феодаллық қорғанлар болған. Хожели қаласы ҳаққында мағлыўматларды Махдиси жасаған дәўирдиң белгили алымлары Әбиў Әлий ибн Омар, ибн Русте эль Истахрийлардың мийнетлеринен де көриўге болады. Сондай-ақ, Хожелиниң әўелден бизге мәлим ҳәм соңғы ўақытлары белгили болған бир қанша естеликлери, ески базарлары, суўғарыў системасы, тәбияты, халқы, мешит-медреселери ҳаққында рус ҳәм басқа да шет ел илимпаз-изертлеўшилери, саяхатшылары, сүўретшилери, әскерий экспедициялардың ағзалары тәрепинен жазып қалдырылған архивлик материаллар бар.
Хожелиниң ең бир белгили мәдений ҳәм тарийхый естеликлериниң бири - Миздақхан қалашасы. Онда бир қатар естеликлер менен гүмбезлер жайласқан. Атап айтқанда Мазлымхан сулыў мавзолейи, Шамун Набий мақбарасы, Жомарт қассап төбелиги, Ережеп қәлпениң жайы, Қырық шопан, Әбдираман шаламан, Мәдреймхан, Муртаза бий ҳәм Әўезжан бий мақбаралары ҳәм тағы басқалар.
Миздақханның ҳәзирги анықланып отырған аймағы 90 гектарлық майданды қурайды. Оның салынған дәўирине ҳәм атқарған хызметлерине қарай бир неше бөлекке бөлип қаралмақта. Оның ең әййемги қатламлары Гәўир қаланың орнында болған. Бул дәўир бизиң эрамызға шекемги IV - III әсирлерге туўра келеди.
Гәўир қала жөнинде айтатуғын болсақ, илимпазлар буннан 1500 жылдай бурын тикленген қала екенин анықлап отыр. Ол бириниң үстине бири салынған, яғный бир қанша қатламлардан ибарат болған зәўлим сарайлардан, турақ жайлардан, бийик қорған-дийўаллардан турады. 1221-жылы Шыңғысхан әскерлери Орта Азия қалаларын жаўлаў ўақтында Гәўир қаланы адам жасаў мүмкиншилигинен айырған. Бирақ көп кешикпей жаўгершиликте бүлгиншиликке ушыраған халық усы әтираптағы еки төбеликтиң аралығына қонысланады. Пайда болған бул қаланың аты "Антакия шәҳәри" деп аталған.
Усы жерде және де илимий мийнетлер ҳаққында бир-еки аўыз сөз айтыўға туўра келеди. XX әсирдиң басларында Хожелиниң тарийхый естеликлери ҳәм олар ҳаққындағы жазба дереклер академик С.П. Толстов, профессор А.Ю.Якубовский, Я.Г.Гулямов, архитектор, археолог, илимпазлардан В.И. Пилявский Б.Н.Засыпкин, Н.С. Гражданкина, этнограф Ю.В. Кнорозов ҳәм басқа да белгили рус ҳәм өзбек илимпазлары тәрепинен изертленди. Лекин, бул изертлеўлер бир тәреплеме болды, яғный Мазлымхан сулыў, Шамун Набий сыяқлы бир-еки архитектуралық биналар менен шекленип қалды. 1960-жыллардың басында Миздақханда В.Н. Ягодин басшылығында қарақалпақ археологлары изертлеўлер алып барды. Тилекке қарсы, бул топографиялық тексериўлер үзилиске түсип қалды. Соңынан 1980-жыллардың орталарынан баслап тоқтаған жумыс қайтадан қолға алынды. Изертлеўлер тийкарынан Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясының Қарақалпақстан филиалы, Н.Дәўқараев атындағы тарийх, тил ҳәм әдебият институты тәрепинен шөлкемлестирилген "Миздақхан" археологиялық экспедиңиясы тәрепинен жүргизилди. Сондай-ақ бул өҳмийетли иске Ташкенттеги реставрация институтының Нөкис реставрация устаханасының қәнигелери менен Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студент жаслары ҳәм қәнигелери қатнасты.
Халық арасында "Мазлымхан сулыў" деп аталып жүрген бийик төбе өзиниң жақсы сақланған бир неше архитектуралық, археологиялық естеликлери менен мәдений, тарийхый ҳәм илимий жақтан айрықша әҳмийетке ийе комплекс. Бул төбелик 2000 жылға шамалас ўақыттан берли қойымшылық орны болып киятыр. Мазлымхан сулыў — ондағы бир ғана архитектуралық естеликтиң атамасы. Усы әтираптағы биналар менен мақбараларға байланыслы ҳәр қыйлы әпсаналарды халық аўзынан еситиўге болады. Солардың бири болған жер асты жоллары ҳаққында гәп-сөзлер "Халық айтса, қалп айтпайды" дегенди тағы бир мәрте ядымызға салады. Лекин, бул жол еки қала арасын байланыстырмай, оның тек ғана Мазлымхан сулыў дөгерегинде болғанлығы анықланып отыр.
Мазлымхан сулыў мавзолейи 1984 - 90-жыллар аралыгында реставрацияланып, пайдаланыўға тапсырылды. 1987-90-жылларда усы төбеде жүргизилген изертлеўлер илимде күтилмеген бир қанша жаңалықлардың ашылыўына алып келди. ХII—XIV әсирлерде салынған жазғы ҳәм қысқы жумамешитлер, қәлендерхана, бир неше мақбаралар ҳәм басқа да бир қатар ҳәр қыйлы жәмийетлик қурылыслар ашылды. Оннан жақынға шекем Европаға тән деп келинген каминлер табылды. ХIII-ХIV әсирлерде Миздақхан жайларының қалай қыздырылыўы ҳәм олардың канализаңиялар менен тәмийинлениўи мәлим болды. Бул сол дөўирдеги жасаған халық турмысының жоқары дәрежеде болғанлығын көрсетеди. Ал дийўалларына плита жабыстырылған мешит ас ханасының ондағы қазан-ошақлар менен тандырлардың усы ўақытқа шекем жақсы сақланыўы ҳәммени де таң қалдырса керек.
Анығын айтқанда, Хожелидеги тарийхый естеликлерди архитектуралық, ар-хеологиялық жақтан изертлеўлер өзиниң айтарлықтай нәтийжесин берди. Сөзи-мизге дәлил бола алатуғын мысаллар көп. Айтайық, Жомарт қассап төбешиги ислам дини бул әтирапқа жетип келместен бурынғы зороастризм дәўиринде пайда болғанлығы ҳәм сол дәўирдеги сыйыныў орны екенлиги анықланды.
Сөзимиздиң жуўмағында Хожели қаласының тарийхый естеликлери шет ел илимпазлары менен саяхатшылары тәрепинен де жоқары баҳаланып атыр-ғанын айтқымыз келеди. Усы ўақытқа шекем бундай мийрасларды қорғаў ушын қаржылар ажыратылып, қала басшыларының шөлкемлестириўинде көплеген жумыслар исленди. Хожели қаласының 2400 жыллық юбилейин белгилеў үстиндеги илажлар қолға алынды. Усы юбилейге арнап илимий-практикалық конференцияға таярлық жумыслары иследи. Бундағы мақсетимиз елимиз басшылары менен бирге Хожелини (бурынғы Миздақхан, Гәўир қалаларын) пүткил дүнья жүзиндеги тарийхый естеликлерди қорғаў жәмийети ЮНЕСКО есабына өткериў ҳәм Миздақхан қаласын Ашық аспан астындағы қорық музейге айландырып, белгили саяхатшылық орайы етип дүньяға танытыў. Сол арқалы қаржы түсирип, олардың әтирапын талап дөрежесинде абаданластырыў. Солай екен, Хожелиде жасаўшы ҳәр бир адам өз елатының тарийхын билип қойғаны жақсы. Әсиресе, мектеп оқыўшыларына үлкемиз тарийхын үйретиў, бос ўақытларында Гәўир қаланы, Миздақхан - комплекс қалашасындағы естеликлерди көрсетиўге саяхатқа шығарыў, оларға тәлим-тәрбия бериўде, үлкемизди сүйиўшиликке үйретиўде үлкен әҳмийетке ийе. Себеби, келешектеги раўажланыў жолымызды өтмишти үйренбей турып басып өтиўимиз қыйын.
Хожели қаласы ески ҳәм жаңаланып атырған тарийхый қала болып есапланады. Республикамыз экономикасының, мөдениятының раўажланыўына Хожели халқының қосқан үлеси үлкен. Хожелишилер тарийхта ертеден көзге түскен, оның ишинен өсип шыққан Хожели қаласы да Қарақалпақ халқының мөмлекетшилиги тарийхында белгили қала болып жетилисти.
Хожели Хожели болғалы берли қандай ўақыяларды басынан кеширмеген, Хожелиге кимлер келип кетпеген. Хожели Орта Азияда ҳәм Қарақалпақстан Республикасындағы аты шыққан "бес қаланың" бири. Бирақ, хан заманында Хожели халқы муңлы азапларды, аш-әптадалықларды басынан кеширген. Бул аўыр сынақлар бүгинлиги тарийх бетлеринде, өтмишке айланды.
Ҳәр бир хожелиши өз қаласын жаратқанның нуры түскен, берекет дарыған кәраматлы жер деп есаплайды. Өзлериниң усы топырақта туўылғанына, Хожелиде жасағанына кеўли тасып қуўанады. Хожелишилер бир-бирин көрсе қуўанысып қалады, үйине мирөт етеди. Негизинде хожелишилерде усы жерде туўылғанына мақтаныш етиў сезими жоқ жерден пайда болмаған. Өйткени, Хожели өзиниң үлкен тарийхына, мәдений мийрасына, өўладтан-өўладқа өтип киятырған өпсаналарына, салт-дәстүрлерине, қаҳарманларына ийе.
Хожелиниң еле де болса келешеги уллы қала. Ол салы менен пахтаның кәнине айланады. Инновация енгизиледи. Келешекте Хожелиге жаңа технология ҳөм инвестициялар кирип, таза өндирислик күшлердиң көбейиўи қаланың ертеңги көринисин тағы да көркейтеди.
Хожели жақсы қәнигелер қаласы. Хожелиден ел таныған, халқына ҳадал хызмет еткен көплеген қәнигелер өсип жетилискен. Хожели әзелден аўызбиршиликли ел. Соның ушын да қудайдың нөзери түскен. Халқымыз Хожелини "Қыдыр дарыған қала" деп атайды. Хожелиниң пири Пирим ийшан бабаны хожелишилер қәдир тутады.
Өмир өз жолы менен жалғаса береди. Сондай-ақ, ел аўзында халыққа жақсылық ислеген қалады. Халқымызда мынадай гөп бар: "Жақсыдан бағ қалады, жаманнан дақ қалады". Кимнен бағ, ал кимнен дақ қалғанын халықтың өзи ажыратып алады.
Тәғдир дейин бе, дузнесийбе дейин бе өмирим Хожелиде өтти. Буған ҳасла өкинбеймен, қайтама қуўанаман. Өйткени, қызғын мийнет, әрман, алға умтылыўларым бәри-бәри Хожели, Хожели халқы менен байланыслы. Шынын айтсам, өмирде қандай табысқа ерискен болсам, ең дөслеп жаратқанның қоллаўы менен еристим. Мен өз перзентим деп нан-дуз берген, мени тәрбиялаған, оқытқан, өз мийрим-шөпөөтин берген, жақсы-жаман күнлеримде арасында болған, баўыры кең, ақ кеўил, қудай берген жер Хожели халқына және бир мәрте басымды ийип, төжим етемен.
Хожели буннан былай да республикамыздың экономикалық жақтан нығайған, мәдений жақтан раўажланып баратырған ең ири қалаларының бирине, Ана-Ўатанымыздың ең көрнекли, ең сулыў үлкесине айлана беретуғынына беккем исенемен.
Автор: Данияр Беласаров
|