"Водник" поселкасы
"Водник" поселкасы XVII әсирден бери жасап киятырган "Шырашы аўыл"дың күншығыс жағында 1932-жылдан пайда болған поселка типиндеги аўыл. "Шырашы аўыл"да жигирма үйдей шырашылар жасаған. Дәрьядан киятырган қайық, пароходларға, түнде шыра - фанс жағып, маяктай жағысты көрсетип, белги берип отырган. Шырашылар XX әсирдиң 30-жыллары өз күшин жоғалтты. Соңынан таза типтеги маяклар исленген.
Әмиўдәрьяда XX әсирдиң басларына шекем жүк хәм адамларды тасыў ушын қолдан исленген хәр түрли размердеги ағаш қайықлар пайдаланылды. Бул қайықлар
палубасыз, жүк котериў қуўаты 50 тоннаға шекем болған. Ағаш қайықтын узынлығы 30-32 метр, ени 5 метр, бортының бийиклиги 1,5 метрге баратуғын қайықта мачтадан ҳәм отыратуғын орыннан басқа хеш нәрсе болмаған. Тамақты хәм шайды қайықтын бас жағында орнатылған кишкене шойыннан исленген печте қайнатқан ҳәм таярлаған. Қайық мачтасына (диңгек) 50 метр квадрат желком орнатылған. Қайық айдаўшылардың саны 22 адамга шекем болған. Бул жүдә аўыр жумыс еди. Көп адамлар шыдамаған. Пароходлар Әмиўдәрьяда XIX әсирдиң аяқларында жүре баслады. Қарақалпакстанда арзан хәм қолайлы транспорт келиги пайда болды. Балық аўлаўшылық раўажланды.
"Водник" поселкасынын тырнағы 1932-жыллары қалана баслады. 1934-жылы Әмиўдәрьяға белгилер қоятуғын, Хожелиден төртинши техникалық жол бөлимшеси ашылды. Хожелиге келген биринши теплоходларға "Мангушов С.Е." (Мангушов Степан Ефимович — пристаньда жумысты биринши шөлкемлестириўши) сыяқлы "Водник" пристань-поселкасына мийнети синген адамлардын исми берилди. 1937-жылы үлкен пристань—жағысы пайда болды. Сонын менен бирге пароход-кайықларға жүк тасыйтугын түйе жеккен арбашылар пайда болды. Олар Әмиўдәрьяға жакын жерден "Түйёкеш аўыл"ды пайда етти. Хәзирге шекем "Түйекеш аўыл"ында адамлар жасайды. Жакында "Түйекеш аўыл"дан байланыс кәсипөнер колледжи салынды.
"Водник" поселкасында хәзиргй күнде 407 хожалық, 5883 адам жасайды. Үш мектеп, еки балалар бақшасы ислеп турыпты. Мәденият сарайына оңлаў жумыслары жүртизилмекте. Поселкада қарақалпақлар, өзбеклер, қазаклар, ураллы рус қазақлары, татарлар, түркменлер, руслар, кореецлер тағы басқада миллет ўәкиллери аўызбиршиликте жасамақта.
ХIХ әсирдиң аяқларында пристанға Урал қазақлары келип қонысласып баслады. Себеби, әййемги динге исениўшйлер (староверцы) ақ патша армиясында хызмет ислеўден бас тартты, соның ушын ақ патша урал қазақларын Орта Азияға жер аўдарды. Олар балық аўлаў, аңшылық пенен шуғылланды. Жергиликли халыққа балықшылық усылларын, балық қақлаў сырларын үйретти. Урал қазақларының өмири хаққында Евдокия Ермолаевна Қалбанова "Быт и культура уральских казаков" атамасындағы кандидатлық диссертациясын жақлады. Бул кандидатлық авторефераттан Урал қазақлары хаққында толық мағлыўмат алыўға болады.
1946-жылы пристань-жағысының кәрханасы пайда болды. 1948-жылы "Водник" поселкасында кәрхана-мәкемелер иске түсти. 1931-жы .тары 24 пароход-қайықлар ("Громов", "Коммуна", "Киров" тағы басқада) Шарлаўық, Ташаўыз, Мойнақ, Зайыр, Байхожа, Шеге, Аўғанстан, Аральскиге қатнап турды. Қоныратқа азық-аўқатлар тасылды. Батықлар басқа қалаларға көплеп алып барылды. Әсиресе, урыс ўақтында кеплеп жүклер тасылды. Пристаньнан 1936-жылы Хожели кеме оңтаў заводы (үлкен устахана типинде) курылды. Заводта кемелерди ири оңтаўдан өткернў хәм басқа да пароходстваға тийисли жумыслар исленди. Екинши дүнья жүзлик урыс ўақтында Хожели кеме оңлаў заводының орны гиреўли болды. 1945-жылдың аяғында еки үлкен кеме, төрт киши қуўаттағы кемелер сапалы оңланып иске қосылды. Урысқа керекли нан, кийим, жанар май хожелиши кемешилер тәрепинен ўактында жеткерилип турылды.
Мийиет ветераны — Шумилинлер шанарағы
1937-жылдан баслап "Водник" поселкасында кәрханалар тәрепинен типовой турак жайлар салына баслады. 1935-1936-жыллары Әмиўдәрья жағысында саатына 150 жолаўшыны кабыллайтуғын ағаштан исленген, қалқымалы кеме-вокзалы қурылды. 1936-жылы Әмиўдәрьяда ағаш қайық пенен жүриў қадаған етилди, себеби, дәрьяда жүк хәм адамларды тасыў ушын механизацияласқан теплоходлар пайда болды. XX әсирдиң орталарынла Каракум каналынын курылыўы менен қурылысшыларға ток беретуғын жоқары қуўатлы дизель-генератор керек болды. Бул инженер қәнигелерди талап ететуғын аўыр жумыс еди. Усы буйыртпаны Хожели кеме оңлаў заводының инженер-техниклери бир айда курастырып ислеп шықты. Сырт елде исленетуғын қуўатлы дизель-генератор Хожелиде сапады қурастырылды. Мине, көрип турғанымыздай сол ўақыттаақ Хожели кеме оңлаў заводында жоқары дәрежели қәнигелер болған.
"Водник" поселкасы турғынларының көбисиниң пристанға мийнетлери сиңген. Олардан: Мангушов, Суворов, Белозеров, Оразов, Өтемуратов. Саламов, Шумилии, Ещанов, Киселев, Середа, Лагутин, Гущин, Оразалиев, Нурметов, Спиридонов, Аминов хәм тағы басқаларды атап өтиўге болады.
Автор: Данияр Беласаров
|