Қысқаша дереклер
Статья еще не переведена на русский язык
- Хожели қорғанының қала болып дәслепки пайда болыўы XVII әсирдиң ақырларына туўра келеди. Хожели бул ўақытта Арал менен Хийўа орталығындағы кәрўанлар тоқтап өтетуғын саўда жолы болған (Я.Г.Гулямов "История Орошения Хорезма" стр. 228). Кейинирек ол араллылардың Хийўа менен гүресинде беккем қорғаны ҳәм сиясий орайы болады. (Қ.Әбдимуратов, "Неге усылай аталған". (Қарақалпақстан топономикасының тарийхынан) "Қарақалпақстан" баспасы 1965-ж. 10-бет.)Хожелини XVIII-XIX әсирлерде Суўели деп атаған. Себеби, Хожелиде үлкен-киши 32 канал-жап болған. Хожелиде тийкарынан "Кенегес" каналы (60 км), "Сүўенли" каналы (20 км), Арғынбаев атындағы канал (22 км), "Жаңа жап" (20 км), "Таслы жап (20 км), "Жаңа Ташлы жап" (3 км), басқа да 12 канал (барлығы 253 км) суўғарады, ал изей суўлар 11 коллектор арқалы қала аймағынан шығарылады (288,6 км). (Материалы к районированию Каракалпакской Автономной области. г.Турткуль, 1928 год. стр.31-32.)
- Әййемги заманларда Хожели аймағында нан жабатуғын тандырлар аз болған, ҳәр көшеде бир тандыр салынған. Қалада тандырдың азлығы, елдиң аўызбиршилигин көрсеткен. Сырттан келген жаўлар бир қаланы жаўлап алатуғын болса, қалада тандыр көп пе ямаса аз ба? - деп сораған. Тандыр көп болса елдиң аўызбиршилигиниң ҳәм сыйласығының жоқлығының белгиси есапланған. Хожели халқы өзиниң ертеден қалған аўызбиршилигин ҳәм сыйласығын елеге шекем даўам етип келмекте.
Хожалар
- "Хожелиде 70 күн жасасаң хожа боласаң", "Хожелиге пияда келген, ат минип кетеди", "Хожелиге атлы келген арбалы қайтады", "Хожели халқы қанаатлы халық", "Хожелиниң дәнин жеген шымшық, Меккеден де қайтып келеди", "Хожели қыдыр дарыған ел", "Хожели қудай берекетти берген жер" деген гәплер халық арасында көп айтылады.
- Хожелиниң берекетли, шығысқа ҳәм батысқа белгили гөне қаладағы базары 1957-жылы ҳәзирги таза Хожелиге көширип әкелинди. Биринши базар баслығы Айтбай Халбаев болған. Таза базарды реконструкциялаўда Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанға белгили инсан, искер басшы Сейтжан Мәтжановтың орны гиреўли. Сейтжан Қарақалпақстанда бириншилерден болып бастырма темир шертеклерди ислетти. Республикаға белгили инсан Реджепбай Ҳасанов та базарға мийнет сиңирди. Таза базардың жабық комплексин питкериўде ҳәзирги базарком Улья Мәтжанованың да үлкен мийнети бар. Оның усындай үлкен мийнетин ҳәм искерлигин ҳүрметлеп айтыўымыз орынлы, әлбетте.
- Муртаза хожа бийдиң Мамытжан ҳәм Әўезжан деген еки баласы болған. Еки баласы да ақыллы, Хожели халқы сыйлайтуғын инсанлар болып өскен.
Муртаза бийди Хийўа ханы Муҳаммед Рахим хан аттың зәңгилигине уў жағып өлтирген деген халықта сөз бар. Муртаза хожа бийдиң орнына 1896-жылы бий сайлайтуғын ўақытта Хожели қаласы пуқарасы, дийқан, сөзге шешен, бай адам "Маткарим бақыраўық" "кәраматлы, Қудайдың нәзери түскен жер Хожелиге Әўезжан бий болсын", - деп, Хожели халқы алдында шығып сөйлеген ҳәм соның шығынларына өз атынан 2000 тилла төлеген. Маткарим бақыраўық тазадан болған Әўезжан бийге Хожели халқының атынан ийшан-уламалардан, жумысларына табыслар тилеп пәтия алып берген. Әўезжан бийдиң "дастурханлы" - деген атағы шыққан. Соның ушын да ол Хожели халқының арнамысын ойлап, ели ушын Хийўа ханы қолынан 39 жасында набыт болды. Бирақ, оны Хожели халқы умытпайды.
- Мамытжан бийдиң балалары - Әбдиқәдиржан, Атажан Кәмил,Салий.
Әбдиқәдиржаннан - Полат, Махмуд.
Әўезжан бийдиң балалары - Юсупжан, Ислам, Әметжан
Әметжаннан - Сабыр. (Мағлыўмат бериўши, Қалбай Хожамуратов, 1931-жылы туўылған, "Қамыс шалы"- аўылында жасайды, ҳүрметли тарийхшы устаз, мийнет ветераны)
- XIX әсирде Хожели "Сүўенли" каналының сол жағасында жайласқан. Ол жерде 180 турақ жай, 150 дүканы бар базар болып, Хожели Хийўа ханлығындағы ең ири саўда орайларының бири болған. Хожели қаласы аймағы ҳәм архитектуралық көриниси бойынша екиге бөлинеди: гөне Хожели, жайласыў орны 3 километр ҳәм оннан "Хожели" темир жол станциясына дейинги аралық - Таза қала деп аталады. Қала ишинде 36 гектар майданға ийе жаңа мәдений ҳәм дем алыў парки бар. ("Хожели ҳақыйқаты", 07.11.1987 ж. № 133/4455)
- Ертеде Хожелиге келген саяхатшы-саўдагер Миддендораф деген адам, ("Хожелиден Порсы арасына саяхат" китабын жазған) Хожелиде жасап атырған адамлардың үйлериниң есик-қапысында қулп жоқлығын, есиклериниң ашық турагуғынын көрип, ол: "қапыесиклеринде қулп жоқ, есиклериниң ашық туратуғынын Рим ҳәм Хожелиде көрдим"-деп ҳайран қалған.
- Хожелиде есикке қулп салмай, ашық қойыў 1970-жылларға шекем келди. Сол ўақытқа шекем уры деген нәрсе болмайтуғын еди. Қалада "сақшы"лар болды. Олар ҳәр бир есикти қолындағы таяқ пенен түн ортасында тақылдатып урып жүретуғын болған. 1970-жыллардан баслап Хожели бай қала деп басқа жақлардан адамлар көшип келе баслады. Соннан кейин есикке қулп салыў басланды. (Мағлыўмат бериўши Қалбай Хожамуратов)
- XVIII әсирде Қарғашалы аўылдан (ҳәзирги Айбек дийқан фермер хожалығы жайласқан жер) Нурке аўылға шекем, Бекболай деген бай дийқан, жер алып көп жерге жүзим, қаўын егип жасаған. Қаўыны мазалы ҳәм ширели болған, сонлықтан "Бекболайдың қаўыны"-деп аты шығып, алыс жерлерден келип қаўынын сатып алып кетип турған. "Бекболайдың қаўынындай" қаўын Хорезм шуқырында болмаған деп кекселер айтып отырады. Соның ушын да Хожелиниң қаўынының да атағы алыс жерлерге жайылған. (Мағлыўмат бериўшилер, Елибай Бекмуратов, 1935-жылы туўылған, Айбек дийқан-фермер хожалығында жасайды, ҳүрметли устаз, мийнет ветераны, Юлдаш Машарипов, 1936-жылы туўылған, мийнет ветераны, Айбек дийқан-фермер хожалығында жасайды.)
- Хожели бийшек қаўыны 1966-жылы Қарақалпақстан дийқаншылық илим-изертлеў институтында селекцияланды. Қарақалпақстан ҳәм Хорезмде кеңнен таралған. Хожели районында бул қаўынның ең жақсы түрлери ушырасады. Түйнеги узынлаў, мәйек формасында, узынлығы 35-40 см, ири, салмағы 6-8 кг. Қабығының мурт тәрепи сәл жыйрықланған, басқа жағы тегис, жылтыр. Торлары ири, толық, реңи қоңыр-сары. Сыртқы нағыслары меридиональ түрде жайласқан, қалың, билинер-билинбес жолақларының реңи қоңыр-көк. Қабығының қалыңлығы орташа. Ети ақ, қалыңлығы 5-6 см, ширели, мазалы, қурамында қант муғдары 13%. Туқым қуўыслығы орташа. Туқым ханалары қурғақ, қуўыслығының жартысын толтырып турады. Туқымы ири, узын, сопақлаў, реңи қызғыш-сары. Бир түйнегинен 60 грамм туқым шығады. Орта писер сорт. Вегетация дәўири 124 күн. Қақлаў ушын жарамлы. (Л.С.Крживец "Қарақалпақстан қаўынлары". "Қарақалпақстан" баспасы. Нөкис. 1977 ж., 23-6.)
- "Записки коллегии востоковедов при Среднеазиатском музее АН союза" атамасындағы 1930-жылы Санкт-Петербург қаласында шыққан топламның 583-588-бетлеринде рус илимпазы А.Некрасовтың жәриялаған материаллары Мазлымхан сулыў комплексине, анығырағы басына қойылған қәбиртас жазыўларына (эпитафия) тийисли. Ондағы жазыўлардан айырымларын келтирип өтсек болады:
Қайғы да, шадлық та қалмас,
Байрам да, аза да қалмайды,
Қалмас най да, шарап та,
Дос та, жақының да болмайды,
Наўкаслық та, ем де жоқ болар,
Рәҳәт та қалмас, денең де,
Әжел саатының тырнақларынан,
Ҳеш ким қутқара алмайды,
Бул еки ушы бириккен шынжыр.
Мениң жағдайыма қара,
Нәзер тасла маған, көзиң тиймесин,
Қул болған денемди көрген шағыңда,
Бир пәтия оқы,
Өмир гөззал, әттең - ол мәңги емес.
- Хожелиге усы дәўирге шекем көплеген атақлы адамлар келген. 1926-жылы Өзбекстанның сол дәўирдеги ҳүкиметиниң қарары менен Ҳамза Ҳәкимзада Ниязий келген. Соның менен бирге Хожелиге Мухаммед ибн Муўса ал-Хорезмий, Абу Райхан Беруний, Умар Чагминий, Нажиб Бакран, Ибн Сино, Фахриддин Разий, Масихий, Абулхайр Хаммар, Абу Сахл Масквайх, Абу Наср ибн Ирак, Нажмиддин Қубра, Усман Юсупов ҳәм тағы да басқа көплеген атақлы адамлар келип кеткен. (Мағлыўмат бериўши, Қалбай Хожамуратов)
Хожели қыз-келиншеклериниң ескише бас ораўы
- Александр Николаевич Самойлович (1880-1938 ж.ж.) академик, бир неше мәрте Хийўа ханлығына келген. 1908-жылы Хожели қаласына келип Хожели базарынан Шыңғысханның Хорезмди басып алғанлығы ҳаққында дәстанды, Нажмиддин Қубраның өмирбаян китабын, "Хорезм-намэ" дәстанын сатып алған. Ол заманлары Хорезмде Хожелиде исленген пышақлар сапасы ҳәм сулыўлығы менен атағы шыққан, белгили болған. Алыстан келген адамлар Хожелиде исленген пышақларды излеп келип алатуғын болған. Усы атағы шыққан Хожели пышақларының сапалы исленгенинен екеўин А.Н.Самойлович сатып алған. Базардан шығып өз фотоаппараты менен Мазлымхан сулыў мавзолейин ҳәм Гәўир қаланы сүўретке түсирген. (М.К.Нурмухамедов, "Из истории русско-каракалпакских культурных связей". Ташкент, "Фан", 1974, стр.53),(А. Н. Самойлович, "Отчет о поездке в Ташкент, Бухару и Хиву в 1908 г.", "Известия Русского комитета для изучения Средней и Восточной Азии в исторических, археологических, лингивистических и этнографических отношениях" СПб, 1909, апрель, №9, 27-бет)
- 1924-жылы Қарақалпақ Автономиялы областы дүзилди, биринши мәрте қарақалпақ тилинде "Еркин Қарақалпақ" газетасы Хожелиде басылып шығарылды. (К.Досымбетов, О.Юсупов, "Қарақалпақстан баспасөзи, пайда болыўы ҳәм раўажланыўы тарийхынан", Нөкис, 1991, "Қарақалпақстан" 37-бет.)
- 1924-жылдың өзинде Жунайдхан баспашылары тәрепинен Хожелиниң өзинен 154 қыз-келиншеклер зорлап алып кетилген. 203 адам өлтирилген, 117 жай жағып жиберилген, 5508 ири қара мал, 89 ат, 377 түйе, 337 қой-ешкилер айдап алып кетилген. Усындай баспашылардың тонаўшылығы Хожели халқына аўыр жағдайларды алып келген. (Ж.Урумбаев, "Очерки истории школ Каракалпакстана", Нукус, 1974 г. "Қарақалпақстан", 164-б.)
- Хожелиде биринши рет телефон станциясы 1924-жылы қурылған. (Ж.Урумбаев, "Очерки истории школ Каракалпакстана", Нөкис, 1974-ж. "Қарақалпақстан", 158-6.)
- 1921-1924-жыллары Хорезм Халық республикасы аймағында шөлкемлестирилген Қарақалпақ-Қазақ автоном областының пайтахты Хожели қаласы болған. Хожели областы аймағына Қоңырат, Гөнебазар, Жаңа-қала (Шоманай) Хожели волосты кирген. Хожели областында 43778 қарақалпақ жасаған.(Ж.Урумбаев. "Очерки истории школ Каракалпакстана", Нөкис, 1974-ж. "Қарақалпақстан", 183-6.)
- 1924-1925-окыў жылында Хожелиде 5 мектеп болып, онда 240 бала оқыған. (Ж.Урумбаев. "Очерки истории школ Каракалпакстана", Нөкис, 1974 г. "Қарақалпақстан", 253-6.)
- Хожелиде биринши интернатты (балалар үйин, ҳәзирги меҳрийбанлық үйи) шөлкемлестириўшилердиң бири Ислам Бабаджанов болған. Интернат биринши мәрте Хожели пахта заводы жайында 1921-оқыў жылы ашылған. (Ж.Урумбаев. "Очерки истории школ Каракалпакстана", Нөкис, 1974-ж. "Қарақалпақстан", 194-6.)
- Хожели қаласында билимлендириў тараўында, қалалық билимлендириў бөлиминиң баслығы 1921-жылы Зия мақсым Жолымбетов болды. Ол Түркияда медиресе питкерген. Оның әкеси Жолымбет ахун да Стамбулда медиреседе оқыған. Зия мақсым Жолымбетов 1923-жылға шекем ислеп, диний саўатлылығы ушын жумыстан шығарылған. Оның орнына ўақытша Ҳамза Ҳәким-заде Ниязий қалалық билимлендириў бөлимин қосымша басқарды. (Ж.Урумбаев. "Очерки истории школ Каракалпакстана", Нөкис,1974-ж. "Қарақалпақстан", 183-6.)
- Соңғы жыллары Хожёли билимлендириў бөлимин Баймурат Ғайпов, Шарапатдинов, Бисенғали Маханов, Әмет Нурпейсов, Юлдаш Әўезимбетов, Қайпназар Матразов, Сабыр Разахбердиев, Узақберген Имаматдинов, Мақсет Бекимбетов, Хожабай Юсупов, Төлеген Худайназаровлар басқарды ҳәм Хожелиниң билимлендириў тараўына өзлериниң мийнетлерин сиңирди ҳәм искер устаз-басшы екенлигин көрсетти.
- 1907-жылдың гүз айында Хожелидеги Әўезжан хожаның ҳәўлисинде биринши Таза метод мектебин Ҳисметулла Латипов ашқан ҳәм онда онлаған бала оқыған. Буннан кейин 1909-жылы Юсуф Ахмедов Таза метод мектебин шөлкемлестирип, онда 7 жыл (1909-1916) даўамында муғаллим болған. Хожелидеги Таза метод мектеби басқа мектеплерге қарағанда ҳәмме жағынан да илгери болған. (Ж. Урумбаев. "Революциядан бурынғы қарақалпақ территориясындағы билимлендириў ислериниң ҳәм мектеплериниң қысқаша тарийхы ҳаққында". "Қарақалпақстан" баспасы, Нөкис,1964-жыл. 52-6.).
Хожели - 1950
- Хожели көтерилисине қатнасқаны ушын 1916-жылы 25-апрельде Ю.Ахмедов Түркстан губернаторы Галкин тәрепинен қамаўға алынып, кейин Хийўадағы зинданға салынған. Зинданнан оны қәўипли адам қатарында оны узаққа сүргинге айдаған. Ю. Ахмедов қамалыўы менен-ақ ХожелидегиТаза метод мектеби Хийўа ханлығына зыянлы оқыў орынлары қатарында тарқатылған. Ю.Ахмедов сүргиннен ақланып келип Өзбекстан билимлендириўине көп мийнет сиңдирген, оған "Өзбекстанға мийнети сиңген муғаллим" атағы берилген. Ол 1947-жылы Ташкентте қайтыс болған. (Ж. Урумбаев. "Революциядан бурынғы қарақалпақ территориясындағы билимлендириў ислериниң ҳәм мектеплериниң қысқаша тарийхы ҳаққында". "Қарақалпақстан" баспасы, Нөкис,1964-жыл. 68-6.).
- 1923-жылы Хожелиде биринши халықлық таза монша жайы ашылды. Хожелишилердиң көбиси таза моншадан пайдалана баслады, анығырағы Хожелиге цивилизация кирип келди. Моншаны хожелиши К.Баширов қурған ҳәм оған басшылық еткен. (Музей института языка и литературы АН РУз. Фонд 1 ,д.5 /16, л.5.)
- 1874-жылы жазда рус художниги ҳәм жазыўшы Н. Каразин үлкемизге "Әмиўдәрья илимий экспедициясы" қурамында келген еди. Ол Шымбай, Нөкис, Хожели ҳәм Төрткүл (Петро-Александровск) қалаларына дәрья бойлап саяхат жасағанын еске түсириўлеринде, китапларында жазады. Ол Хожелиде болып бул шәҳәрди "Әмиўдәрья Венециясы" деп баҳалаған. Н. Каразин салған сүўрет Санкт-Петербургта шығатуғын "Нива" журналында 1886-жылы жәрияланады. Сол журналдың бир данасы Краснодар-33, К. Либкнехт көшесинде, №48/1 жайдың төбесине урыстан бурын тасланған қағазлардың арасынан Б.П. Черницкий таўып алған. Ол 1978-жылы 26-апрельде Хожели қалалық үйине хат жазып, сол журналды 10 манатқа бандероль етип жиберетуғынын айтқан. Краснодарлы Черницкий "Хожелидеги базар" картинасын Мәденият үйи, кинотеатр ҳәм музей фойесине қойыў кереклигин билдирген.
- XX әсирдиң 20-жыллары Қарақалпақстанға келген шыпакер Панаров-Хожелиде денсаўлықты сақлаў тараўын раўажландырыўда үлкен үлес қосқан.
- 1921 -жылы Хожелиде амбулаториялық пунктлер ашылды.
- 1927-жылы 1-декабрьде Қарақалпақстан Автоном областының областлық ден-саўлықты сақлаў бөлими баслығы болып А. Рябицкий тайынланады.
- 1928-жыллары Хожелиде биринши болып "Қызыл үйлер" пайда болып, олар тийкарынан еки бөлмеден ибарат болған, оның бир бөлмесинде ҳаял-қызлар менен жәмийетлик ҳуқық, нызам бойынша жумыслар алып барылса, ал екинши бөлмесинде белсендилер денсаўлықты сақлаў мәселелери бойынша зәрүр жумыслар жүргизилген. "Қызыл үй"диң шыпакери орташа бир айда 1300 адамды қабыллаған. Олар халық арасында гигиеналық көнлигиўлерди үгит-нәсиятлаў жумысларын алып барған.
- 1929-жылы Қазақстаннан бир топар шыпакерлер жибериледи. Идирисов Хожелиге келеди.
- 1932-жыл июнь айында ҚҚАССР денсаўлықты сақлаў халық комиссариаты дүзилип, оның биринши комиссары болып фельдшер А.Қантарбаев тастыйықланады.
- 1932-жылы Хожелиде аптека пунктлери ашылады ҳәм санитариялық-гигиеналық ҳәм оптикалық устаханалар иске түсти.
- 1934-жылы П.И.Китаев Хожелиге шыпакер болып келди. Ол Астрахань медицина институтын питкерген.
- 1935-жылы биринши рет Хожелиде рентген кабинетлери ашылады.
- 1938-жылы Хожелиниң гөне қаласында емлеўхана имараты иске түсирилди.
- 1940-жылы Хожелиде тазадан рентген кабинети ашылды.
- 1944-жылы Хожелиде протез устаханасы ашылды. (М.Турымбетова, "Қарақалпақстанда медицина ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўының раўажланыў тарийхы". "Қарақалпақстан" баспасы, 2005 жыл.56,57,58,67,73-бетлер)
Автор: Данияр Беласаров
|
|
Последние статьи:
ГЛАВА II. РУСТАКИ ГАВХОРЭ
|
(К исторической динамике древней ирригационной сети Хорезма)
«Они провели из нее (реки) каналы и построили на ней города».Ал-Макдиси BGA III 2...
|
|
ГЛАВА I. СТЕНА В ПУСТЫНЕ
|
«КАС — на языке жителей Хорезма — этостена в пустыне, ничем не окруженная».Якут. IV. 222.«И люди построили на берегах ее болеетрех...
|
|
Поэты и писатели Ходжейли
|
Абдусадықов Ҳайытбай
Ҳайытбай Абдусадықов — шайыр.
Ҳ. Абдусадықов 1957-жылы Хожели қаласында туўылған.
Орта мектепти питкергеннен соң дәслеп Тақыятас қ...
|
|
Хорезм и Хазария.
|
Кожинов. История Руси и русского Слова Специальный экскурс: история ХазарииОбщепризнанно, что на рубеже VIII—IX веков государственной религией Хазарского ...
|
|
Фирдаус ал-икбал
|
Мунис и Агахи«Райский сад счастья». Имеет второе название — «Икбал-наме» (*** «Книга счастья»). Автор — Шир-Муха...
|
|
Крепость Довкесен
|
09.12.2001"Моей любви всем причаститься б вам,-Собрать хоть по одной частице б вам,-По капле крови иль по лепестку -Все мое сердце, боль мою, тоску" Навои "Фарх...
|
|
Погода
|