Тилни танлаш: Ққ | Ўзб  |  Рус

Пирим ийшан ибн Қутлы Мухаммед Хожа

Мақола ўзбек тилига таржима қилинмади!

Пирим Хожаның исми 1741-1744-жыллардағы Оренбург шегера комиссиясының ҳүжжетлеринде ушырасады. Пирим Хожа аталық дәўиринде 1811-жылы салынған мусылманлардың жоқары оқыў орны, медресе қурылған. Оның қәбири медресе қапталында жайласқан. Ҳәзир бул теберик орында жаңа Жумамешит тикленип, халыққа хызмет етип атыр.

Айтып кетиўимиз керек, Хожели халқының аўызбиршилиги арқасында Пирим ийшан бабамызға үшинши рет басына үлкен гүмбезли мақбара ҳәм мешит 1990-жылы басланып, 1991-жылы гүзде толық питкерилип, биринши рет жума намаз оқылды. Пирим ийшан мешитине бурынлары: Раматулла мақсым, Мадали мақсым, Қалила мақсым, Нуратдин мақсым, Абдихалик қарий (Мамытжанның атасы), Асаматдин имам-катип, Кеўлимжай Жамалов имам-катип, Қыдырнияз Алимбетов, Муратжан Абдиев, ҳәзирги күнде Пирим ийшан мешитине Оразымбет Сейтжанов имам-катиплик қылмақта.

1953-54-жыллар Пирим ийшан мешитиниң қайта тиклениў жыллары. Хожели РайПО сы складының қасына жайласқан мешитти қайта салыў, тотали-тарлық дүзим дәўиринде жүдә қыйын болған. Ҳәзирги ғәрезсизлик заманындай емес, динге исениўшилер қуўдаланған. Сол себепли хожелиши Жуманияз ата ҳәм тағы басқа руўхый жигерли адамлар бирлесип, бабаның басына кишкене болса да мешит салмақшы болады. Хожели қалалық кеңесиниң баслығына жолықса: "Мешит салыўға рухсат жоқ" дейди. Жумысы питпеген соң райкомға кире кетейин деп қайырылса, биринши хаткер Хайров деген татар жигит екен. Ол Пирим ийшан бабаның атын еситкеннен, мешит деп айтпаң, ул-қызы жоқ еки адамды таўып әкелиң, "гөне қаладан; соларға жай орын беремен, соң мешитти сол жерге сала бериң",-дейди. Арза жазылып, жер берилгеннен кейин горхомхозда ислейтуғын Турды Хожашев келип мешиттиң орнын өлшеп, қазық қағып береди. Хайров өзи хат текстин таярлап, Москваға ҳәм Ташкентке, сол ўақыттағы саўатлы деген Қулшаров Амин ахунға Хожели халқы атынан хатты көширтип жаздырған (ол ўақытта Амин ахун колхозда бухгалтер болып ислеген). Бир ай өтпей Москвадан ҳәм Ташкенттен хат келип: "Мешит 1955-жылы ашылсын ҳәм бес штат берилсин"-деген хабар келеди. Хожели халқы буның бәри бабаның кәраматы деп есаплайды.

Ҳүрметли бабамыздың Хожели халқына ислеген әжайып ислерин толық билиў ушын, бабаның урпақлары менен ушырасып сөйлестик. Керекли мағлыўматларды алдық. Бул мағлыўматлар жетерли деп айта алмаймыз. Соның ушын мағлыўматларды еле де толықтырыў керек деп ойлаймыз.

Биз бабаның әўлады Сабыр аға Якубов, (1926-жылы туўылған) оның ҳаялы Өтебийке апа Қутлымуратовалардың қолында Пирим ийшан бабамыздың соңғы услаған ҳасасы сақланып турыпты. Еситкенимизди толық қағаз бетине түсирдик. Бизге Пирим ийшан баба ҳаққында мағлыўмат бергенлер: Абухалық аға Хожаев (бабаның алтыншы әўлады), Якубжан аға Аляминов (бабаның бесинши әўлады), Садулла Ахунов, Оңғарбай Юсупов (Хожели тарийхы бойынша архивлик ҳүжжетлер, 23-28-бетлер), Сали Ахунов, Оразымбет Ғайпов, Самандар Абдуллаев, Ибрайым Жуманиязов, Сабыр Сейтжанов, Қалбай Хожамуратов, Азат Атажанов, Оразалы Дүйсенбаев тағы басқалар.

Пирим ийшан бабаның үрим-путақлары:

Пирим ийшан бабадан - Асқар ийшан. Асқар ийшанның

— биринши ҳаялынан - Исмайл ийшан, Мәткарим ийшан, (Абдрахман ийшан), Нурымбет ийшан.
Исмайл ийшаннан - Сафы ийшан.
Сафы ийшаннан - Исмайл, Абдулла ҳәм төрт қызы болған. (Әбдикерим жийени болған).
Мәткәрим ийшаннан - Әўезжан топпы. Әўезжаннан - Әметжан. Әметжаннан - Турсынбай.
Нурымбет ийшаннан - Мамыт ийшан, Әмет ийшан. Мамыт ийшаннан - Абдуллажан, Рима.
Әмет ийшаннан - Ибрайым аға, Файзулла, Низаматдин (биринши ҳаялынан), Нуратдин, Алаўатдин қари - Шамшетдин. (Әмет ийшаннан - Атажан, Исмайл, Ислам).

—екинши ҳаялынан - Юсуп ийшан. "Хан ийшан" деген атақ алған, көп мәрте ҳажылыққа барған.
Юсуп ийшаннан - Асаматдинжан ийшан (генерал Галкин тәрепинен 1916-жылы 54 жасында дарға асылған)
Асаматдинжан ийшаннан - Ахунжан, Аляминжан, Имаматдинжан (тақсыр баба), Жәмийла, Әмина, Бийбисара.
Ахунжаннан - Абдуллажан қарий, Хайбулла (1959-жылы қайтыс болған).
Хайбулладан - Машарип, Садулла, Атабай (Юсуп), Сали, Анипа (48 жасында 1997-жылы қайтыс болған), Айша, Патма, Бибиханум.
Машариптен- Асаматдин, Абдурахман, Абдуллажан, Шарафатдин, Бибимариям, Пахратдин, Зәрип, Азамат.
Садулладан - Шийрин, Пашша, Мәдина, Үмида, Махмуд (11 жасында қайтыс болған)
Атабайдан (Юсупжан) - Ахмед, Аймурат, Муртаза, Әмина, Замира, Феруза, Бийбихатиша.
Салидан - Назира, Дәўран, Сардар, Саламат, Абдусаттар, Манзура.
Аляминжаннан - Якубжан, Ибрайым. (Аляминжан 1884-жылы туўылған, 1953-жылы 69 жасында қайтыс болған).
Якубжаннан - (1918-жылы туўылған, бүгинги күнде 91 жаста, бабаның бесинши әўлады) (Якубжан ағаның үйинде Юсуп ийшанның қуманы сақланған), Ислам (55 жасында қайтыс болған), Махмуд, Махсуд, Рустам, Анвар, Баҳрам, Ғафур (Якубжан ағаның қызлары Хатира, Халима, Убайда, Малика, Гуланда).
Исламнан - Икрам, Шавкат, Сайёра, Хайрулла, Абдулла, Жандулла. Махмудтан- Юсуп, Зульфия, Юлдуз, Феруза, Еркин, Уснатдин. Махсудтан - Кәмил, Әдил (биринши ҳаялынан), Сановар, Злайха, Кәраматдин, Збайда, Жалалатдин (екинши ҳаялынан). Рустамнан - Барно, Зафар, Сайд. Анвардан - Фарида, Әлишер, Айбек. Баҳрамнан - Фархад, Дилара, Дильноза, Абдулазиз.
Ғафур (Якубжан ағаның екинши ҳаялынан, қолындағы генже баласы 1979-жылы туўылған).
Имаматдинжаннан (тақсыр баба) (1894-1977), биринши ҳаялынан - Абдухалық (1925), Әўез (Абдиразақ)(1927-2008), екинши ҳаялынан - Низаматдин (1949), Салима, Камал, Рима, Баўатдин, Бийбиҳажар, Убайдулла, үшинши ҳаялынан - Анипа (Түркменстанда турады, Қызыл Атрек деген жерде, Марал әжеден туўған).
Абдухалықтан - Шамшетдин, Асқар, Кәраматдин, Кәрима, Махмуд, Назира, Файзулла, Зайдулла, Нәсиба, Хайрулла, Рашид, Рахим, Абдурахман.
Шамшетдиннен - Гүлнара, Әлишер, Дәўран, Рустам, Дилшад, Санжар, Дильяфруз,
Асқардан - Улуғбек, Дильфуза.
Кәраматдиннен - Зафар, Нафиса, Нигора, Нилуфар, Наргиза. Кәримадан - Расулбек, Музаффар, Нафиса, Махмуд. Махмудтан - Миржалал, Мавлюда, Зинатдин. Назирадан -Манзура, Абдулазиз. Файзулладан - Юлдуз, Сайдбек, Сарварбек. Хайрулладан - Барно, Сайдакбар.


Пирим ийшан баба қәбири
Автор: Данияр Беласаров
 

Қидирув



Оҳирги мақолалар:


ГЛАВА II. РУСТАКИ ГАВХОРЭ

(К исторической динамике древней ирригационной сети Хорезма) «Они провели из нее (реки) каналы и построили на ней города».Ал-Макдиси BGA III 2...


ГЛАВА I. СТЕНА В ПУСТЫНЕ

«КАС — на языке жителей Хорезма — этостена в пустыне, ничем не окруженная».Якут. IV. 222.«И люди построили на берегах ее болеетрех...


Хожелиден шықкан шайыр-жазыўшылар

Абдусадықов Ҳайытбай Ҳайытбай Абдусадықов — шайыр. Ҳ. Абдусадықов 1957-жылы Хожели қаласында туўылған. Орта мектепти питкергеннен соң дәслеп Тақыятас қ...


Хорезм и Хазария.

Кожинов. История Руси и русского Слова Специальный экскурс: история ХазарииОбщепризнанно, что на рубеже VIII—IX веков государственной религией Хазарского ...


Фирдаус ал-икбал

Мунис и Агахи«Райский сад счастья». Имеет второе название — «Икбал-наме» (*** «Книга счастья»). Автор — Шир-Муха...


Крепость Довкесен

09.12.2001"Моей любви всем причаститься б вам,-Собрать хоть по одной частице б вам,-По капле крови иль по лепестку -Все мое сердце, боль мою, тоску" Навои "Фарх...


Погода


GISMETEO: Погода по г.Ходжейли

Победа на интернет-фестивале