Қабылжан баба
Қабылжан баба мақбарасы гөне Хожелиниң, Хожели-Нөкис трассасы бойына жақын жерге жайласқан. Қабылжан баба тарийхы төмендегише: Сейид деген жас бала жигит алыстан Хожа елине барсам ҳәм Пирим ийшан бабаға қол берсем деп киятырған екен. Ашаршылық заман. Қолында еки зағарасы болған. Жолда ол ҳәлсиреп, шейит болады. Оны Пирим ийшан баба түсинде көреди, оған: "баланың тилеги қабыл болды, денесин Хожелиниң күн шығар қапысына жақын қойың" деп аян бериледи. Соннан бабаның айтыўы менен Хожелиниң күн шығар қапысына қойылады.
Соңынан Пирим ийшан баба: "Маған кимде-ким зыяратқа келсе, әўели Қабылжан бабаға барсын, соң маған келсин", деп нәсият етеди. Бабаның усы нәсияты қабыл болып Қабылжан баба қойымшылығы үлкен муқаддес орынға айланады. Халық аўзындағы және бир аңызда Қабылжан баба Пирим ийшанның сондай уқыплы шәкиртлериниң бири болған. Ол он алты жасына шекем барлық диний китапларды толық оқып, өзиниң саўаты менен көзге түскен ҳәм жаслай шейит болған. Пирим ийшан өзиниң жақын тутатуғын шәкиртиниң ҳүрметине, оның денесин Хожелиниң шығысына қойдырған. Усы ўақытқа шекем Қабылжан баба басына төрт рет мақбара салынған.
Автор: Данияр Беласаров
|