Бақайбек баба
Статья еще не переведена на русский язык
Хожели халқы Бақайбек бабаны жүдә ҳүрметлейди ҳәм қәдир тутады. Халық оны Бақайбек әўлийе деп те айтады. Бақайбек баба естелиги басында: "Баба 1775-жылы туўылған 1840-жылы қайтыс болған" деп жазылған. Мазары гөне Хожелидеги Сүўенли каналының жағасына жақын, ҳәзирги гөне пахта заводтың аймағында. XIX әсирлерде ол жерде үлкен әўлийешилик болған. Соның менен бирге XX әсирдиң 60-жылларына шекем ондай үлкен емес Бақайбек баба деген дуз кәни болды. Оған қала ҳәм район халқы барып дузға түсетуғын еди. 1927-1935-жыллары гөне завод территориясын үлкейтиў ушын аты аталған жерди тегислеген. Сонда трактор айдаған орыслардың аўызларының қыйсайып кеткенин гөне қала халқы көрген ҳәм биледи, оны елеге шекем айтып жүреди. Ҳәзирги күнде Бақайбек бабаның басына Файзулла Садуллаев тәрепинен естелик - белги қойылған. Автор: Данияр Беласаров
|