Тилди танлаң: Ққ | Ўзб  |  Рус

Жумарт қассап

Хожели қаласының күн батыс тәрепинде бес километр узақлықта жайласқан Миздақхан қойымшылығында Жомарт қассап дүмпешиги бар. Жомарт қассап ҳаққында руўханийлер келтирген диний рәўиятларға қарағанда, ол ерте ашаршылық заманлардың биринде жасаған кәраматлы адам болған. Ол усы дөгеректиң халқына байға да, жарлыға да теңдей хызмет етип, оларды бийпул гөш пенен тәмийинлеген қассап адам болған қусайды. Жомарт қассап өлер алдында: "Егер мен өлгеннен кейин кимде-ким мениң басыма зыяратқа келсе, ол өзи менен бир қосыўыс топырақ алып келип, қәбириме тасласын", дегенмиш. Мине, соннан усы дүмпешик пайда болғанмыш. Диний аңызлардың тағы бир варинтында усы дүмпешиктиң астында Мазлымхан сулыў мавзолейинен де сулыў етип салынған Жомарт қассаптың мавзолейи бар, деген гәп айтылып жүр.

Этнографиялық мағлыўматларға қарағанда өткен әсирлерде тосаттан апат-қа ушыраған шарўалар қалған малларын айдап, усы дүмпешикти үш мәрте айланып зыяратлайтуғын болған. Кейинги ўақытлары ҳәр қыйлы кеселликлерге шатылған адамлар дүмпешикке келип түнеген, перзент көрмей жүрген келиншеклер дүмпешиктен думалаған. Ал, гейпара ҳаяллар туўған балалары шетней бергенликтен, олар да усы дүмпешикке келип сыйынып атырған. Олардың гейпаралары Жомарт қассап дүмпешигине сыйыныў менен бирге, Гөне Үргеништеги "Қырық молла" дүмпешигинен де думалап, сыйынатуғыны белгили болды.

Жомарт қассап дүмпешиги тийкарында өзи не? Ол қашан ҳәм қалай пайда болған? Онда қандай "кәрамат" бар деген бир қатар сораўлар туўады. Мине, усы сораўларға жуўап бериў ушын ҳәм дүмпешиктиң сырын ашыў мақсетинде Өзбекстан Илимлер Академиясы Қарақалпақстан филиалының Н.Дәўқараев атындағы тил-әдебият ҳәм тарийх институты жанында 1987-жылы "Миздақхан" археологиялық экспедициясы шөлкемлестирилди. Жоқарыда аты аталған орынларда илимий-изертлеў жумыслары жүргизилди. Экспедиция қурамында Нөкис мәмлекетлик университетиниң археолог-оқытыўшылары, практикант-студентлер, Ташкенттеги Өзбекстан жобалаў ҳәм реставрациялаў илимий-изертлеў институты архитекторлары ҳәм усы институттың Нөкистеги бөлиминиң қәнигелери қатнасты. Үш ай даўамында өткерилген изертлеўлер нәтийжесинде төмендегилер анықланды. Табылған археологиялық материалларға қарағанда, бизиң эрамыздың басында бул жерде бийиклиги 4 метр, ени 20 метрге шамалас төбешик турған. Мүмкин, ол II - VIII өсирлерде дахма (өлген адамлардың сүйегин тазалаў орны) хызметин атқарған болыўы да итимал. Соның менен бирге, оссуария бөлеклериниң табылыўына қарағанда, адам сүйеклери салынған ыдыслар сақлаў орны болған болыўы да мүмкин. Өлини жерлеўдеги бундай дәстүр исламға шекемги зороастризм динине төн болған, бул бизиң эрамызға шекемги әсирлерден, бизиң эрамыздың VII-VIII әсирлерине шекем территориямызда үстемлик еткен диний түсиник. Усы зороастризм дини тәртибинде адам сүйеклери салынған оссуариялар, Қаратаў, Қусханатаў, Қубатаў дизбеклеринен ҳәм Шылпық төбешиги үстинен табылды. Дүмпешиктен табылған VII-VIII әсирлерге тийисли үлкен пүтин қумларда да адам сүйеклери салынған болыўы итимал.

IX әсирге келгенде дүмпешикте ислам дини дәстүринде жерленген қәбирлер пайда болады. Дүмпешикте өлилерди бундай етип жерлеў XIV өсирдиң ақырына дейин даўам етеди. Бул ушын дүмпешиктиң басында ҳәм жанбаўрайларында оннан аслам жайлар салынып, оларға үшеўден, бесеўден, жетеўден, тоғыздан қәбирлер қойылған. Этнограф илимпазлардың анықлаўынша, бундай жайларда тек бир шаңарақ ағзалары ҳәм туўысқан адамлар жерленетуғын болған. Бул диний дәстүрди ҳәзирги ўақытта да көплеген Орайлық Азия халықларында, соның ишинде қарақалпақларда да ушыратыўға болады.

ХII-ХIII әсирлерде усы дүмпешикте шыйықшының жасағанлығы да анықланды. Оның кишкене бөлмеси марҳумларға арналып салынған жайлардың арасына орналасып, ишинде дем алып отырыў ҳәм жатыў ушын қолайластырылып исленген сыпа, ошақ, орта әсирлерде қол жуўыў ушын қолланылған ташна, шығындыларды таслаў ушын пискен гербиштен өрип исленген төрт мүйешли шуқыр ҳәм тағы басқа да нәрселер бар.

XIV әсирдиң ақыры, XV әсирдиң басларында дүмпешикке өли жерлеў ҳәм оған байланыслы жүргизилип атырған қурылыс ислери бирден үзилиске ушырайды. Бизиң пикиримизше, бул 1370-1388-жыллардағы жаўгершилик тәсири болса керек. Сол жаўгершилик ақыбетинде Хорезмниң орайы болған Гөне Үргениш ҳәм оның бир қатар қалалары орны толмас жоғалтыўларға ушырайды. Ал, Миздақхан қаласы болса усыдан кейин қайтып тикленбейди. Соған байланыслы Жомарт қассап дүмпешиги де қойымшылық ретинде пайдаланыўдан биротала қалады.

Өлини жерлеў менен бирге, оның үстине төбешик етип топырақ үйиў тийкарынан әййемги көшпели халықларға тән диний дәстүр, бундай қойымшылықларды Орайлық Азия ҳәм Қазақстан далаларында, Волга бойларында, Украина жәзийраларында ушыратыўға болады. Қарақалпақстанда бундай қойымшылықлардың басым көпшилиги Үстирт кеңислигинде жайласқан болып, ҳәзирги ўақытта олар бизиң археологларымыз тәрепинен изертленбекте. Белгили илимпаз С.П.Толстовтың анықлаўынша, бизиң эрамызға шекемги әсирлерде Хорезмниң мәмлекет болып қәлиплесиўинде көшпелилер актив қатнасқан ҳәм олардың белгили бир бөлеги көшпелиликти қойып, отырықшылыққа өткен. Сол отырықшыға айналған көшпелилердиң айырымлары бизиң эрамыздың басында Миздақханда жасағанлығы ҳаққында археологиялық дереклер бар. Мине, сол көшпелилердиң өли жерлеўдеги диний дәстүрлериниң тәсирлери Жомарт қассап төбешигинде сәўлеленген болыўы мүмкин. Көшпелилерге тән тағы бир шәртли нәрсе, ол да болса, марҳум менен бирге ямаса оның қәбириниң қасына аўқатлық затлар салынған ҳәр қыйлы ыдысларды қоятуғын болған. Усындай ыдыслардың биразлары Жомарт қассап дүмпешигинен табылыўы жоқарыдағы пикирлерди тастыйықлап ғана қоймастан, ал бул дәстүрдиң XIII —XIV әсирлерге шекем даўам етип келгенин көрсететуғын илимдеги жаңа мағлыўмат болып табылады. Биз сөз етип отырған нәрсе усы дүмпешиктен табылған алты пүтин ҳалындағы гүзешелер болып есапланады. Олардың ҳәр биринде үш-үштен таўық мәйеги ҳәм бир салымнан қараўымбеттиң ири дузы бар. Барлық он сегиз мәйектиң де сыртында ески араб алфавитинде қара сыя менен жазылған жазыўлар сақланған. Дүмпешикте таўық мәйеклериниң өли менен қосып көмилгенлиги де анықланды.

Этнограф-илимпаз Ю.В.Кнорозовтың пикиринше, усы дүмпешик ҳаққындағы диний исенимлердиң ҳәм дәстүрлердиң тийкарында әййемги зороастризмниң "кәраматлы" әпсаналардағы биринши Адам ата Гайомарт болыўы итимал. С.П.Толстов та усы пикирди қоллап, Жомарт атамасының әййемги Иран аңызларындағы Гав-Мард (гав-өгиз, мард-адам) яғный Кайюмарс пенен байланыслы болыўы мүмкинлигин айтады. Ал, илимпаз С.К.Караевтың анықлаўынша "Гавмард" атамасын ески парсы тилинен түркий тиллерге Жомарт формасында буннан тоғыз жүз жылдан асламырақ ўақыт бурын сақый деген мәниде өткен.

Солай етип, Жомарт қассап дүмпешиги ҳәр қыйлы (зороастризм, ислам ҳәм көшпелилердиң) диний ҳәм исенимлердиң ҳәм дәстүрлердиң күшли тәсиринде адам қолы менен үйилген, XII—XIV әсирлерге тийисли естелик.

Жомарт қассап дүмпешигинен басқа да бир қатар орынларда изертлеў жумыслары алып барылды. Нәтийжеде бурын илимде белгисиз болып келген ХII-ХIV әсирлерге тийисли Миздақхан қаласының Жумамешити ҳәм сол дәўирде салынған бир неше мавзолейлер ашылды. Ислам динин үгит-нәсиятлаўға қаратылған бул қурылысларда сол ўақыттағы Хорезм архитектурасының ҳәм көркем өнериниң ең жақсы үлгилери ислетилген. Олардың айырымларының дийўаллары ойма-нағыслар менен безелип, ҳәр қыйлы бояўлар менен нағысланған. Қурылыс жумысларында ылайдан ҳәм алебастырадан шебер пайдаланған. Әлбетте, келеси изертлеўлер Миздақхан қаласының әййемги ҳәм орта әсирлердеги тарийхы бойынша жаңа дереклерди топлаў менен бирге солар-ға байланыслы пайда болған диний түсиник ҳәм исенимлерди тағы да тереңирек үйрениўге жәрдем береди.

Жуўмақлап айтқанда, Миздақхан комплекси жақын жылларда Самарқандтағы "Афрасиаб", Түркменстандағы "Нисса", Тәжикстандағы "Пяндижикент", Қазақстандағы "Отрар" сыяқлы Ашық аспан астындағы қорық музей болып дүзиледи ҳәм республикамыздың, сырт еллердиң саяхатшылары ушын өзиниң есигин ашады деген үмиттемиз.


Автор: Данияр Беласаров
 

Қыдырыў



Ақырғы мақалалар:


ГЛАВА II. РУСТАКИ ГАВХОРЭ

(К исторической динамике древней ирригационной сети Хорезма) «Они провели из нее (реки) каналы и построили на ней города».Ал-Макдиси BGA III 2...


ГЛАВА I. СТЕНА В ПУСТЫНЕ

«КАС — на языке жителей Хорезма — этостена в пустыне, ничем не окруженная».Якут. IV. 222.«И люди построили на берегах ее болеетрех...


Хожелиден шықкан шайыр-жазыўшылар

Абдусадықов Ҳайытбай Ҳайытбай Абдусадықов — шайыр. Ҳ. Абдусадықов 1957-жылы Хожели қаласында туўылған. Орта мектепти питкергеннен соң дәслеп Тақыятас қ...


Хорезм и Хазария.

Кожинов. История Руси и русского Слова Специальный экскурс: история ХазарииОбщепризнанно, что на рубеже VIII—IX веков государственной религией Хазарского ...


Фирдаус ал-икбал

Мунис и Агахи«Райский сад счастья». Имеет второе название — «Икбал-наме» (*** «Книга счастья»). Автор — Шир-Муха...


Крепость Довкесен

09.12.2001"Моей любви всем причаститься б вам,-Собрать хоть по одной частице б вам,-По капле крови иль по лепестку -Все мое сердце, боль мою, тоску" Навои "Фарх...


Погода


GISMETEO: Погода по г.Ходжейли

Победа на интернет-фестивале