Выберите язык: Ққ | Ўзб  |  Рус

Антакия

Статья еще не переведена на русский язык

Антик дәўириндеги қаланың қарабақанасы, ҳәзирги Миздақхан тарийхый архитектуралық комплексине кириўши Гәўир қала бурын "Шәҳәр Антакия", яғный, "Антакия қаласы", Мазлымхан сулыў естелиги жайласқан бәлентлик "Кохи Антакия" яғный, "Антакия таўы" деп аталған.

Александр Македонский қайтыс болғаннан кейин, ол тийкарын салған жүдә үлкен империя унырап кетти ҳәм бир неше ғәрезсиз ҳәкимлер тәрепинен басқарылатуғын аймақларға бөлинди. Усындай ҳәкимлердиң бири Вавилон сатраплығының диодохы Салавкий I Никадор болған. Ол Салавкийлердиң династиясына тийкар салған. Тез арада Мидия, Сирия, Мессопатамия, Персияда, киши ҳәм Орта Азия да Салавкийлердиң қолына өтеди. Өз ҳәкимлигин беккемлеў мақсетинде Салавкий бул үлкен аймақларда 70 ке жақын қала қурдырады. Салавкийлер династиясын даўам еттириўшилер арасында Антиох атлы бир неше патшалар өткен ҳәм олар да көп қурылысларға тийкар салған. Қурылыслар Антиохлардың аты менен аталған. Мысалы, Түркияның арқа тәрепиндеги ҳәзирги Антакия қаласы 1516-жылға шекем Антиохия деп аталып келген. Армения ҳәм Иранда да Антакия қалалары болған. Антиох I Соттер (эрамыздан бурынғы 280-261-ж.) болса, көшпели қәўимлердиң топылысларына тыйым салыў мақсетинде, Түркменстан Республикасының Мары (Мерв) қаласына жақын жерде узынлығы 300 километрге созылған қорғаныў дийўалын қурдырған. "Антиох дийўалы" деп аталатуғын бул қурылыстың бир неше километрлик қарабақаналары ҳәзирге дейин сақланып қалған. Хорезм де сол дәўирлерде Салавкийлер мәмлекетиниң қурамына кирген. Демек, антиохлардың Хорезмниң арқа шегараларына жақын жерден қала салдырған болыўы, қаланың Антиохия деп аталыўы тарийхый ҳақыйқатлыққа сәйкес келеди. Болмаса Хожелиниң бурынғы аты Антакия ҳәзирги күнге шекем жетип келмеген болар еди.

Автор: Данияр Беласаров
 

Поиск по сайту



Последние статьи:


ГЛАВА II. РУСТАКИ ГАВХОРЭ

(К исторической динамике древней ирригационной сети Хорезма) «Они провели из нее (реки) каналы и построили на ней города».Ал-Макдиси BGA III 2...


ГЛАВА I. СТЕНА В ПУСТЫНЕ

«КАС — на языке жителей Хорезма — этостена в пустыне, ничем не окруженная».Якут. IV. 222.«И люди построили на берегах ее болеетрех...


Поэты и писатели Ходжейли

Абдусадықов Ҳайытбай Ҳайытбай Абдусадықов — шайыр. Ҳ. Абдусадықов 1957-жылы Хожели қаласында туўылған. Орта мектепти питкергеннен соң дәслеп Тақыятас қ...


Хорезм и Хазария.

Кожинов. История Руси и русского Слова Специальный экскурс: история ХазарииОбщепризнанно, что на рубеже VIII—IX веков государственной религией Хазарского ...


Фирдаус ал-икбал

Мунис и Агахи«Райский сад счастья». Имеет второе название — «Икбал-наме» (*** «Книга счастья»). Автор — Шир-Муха...


Крепость Довкесен

09.12.2001"Моей любви всем причаститься б вам,-Собрать хоть по одной частице б вам,-По капле крови иль по лепестку -Все мое сердце, боль мою, тоску" Навои "Фарх...


Погода


GISMETEO: Погода по г.Ходжейли

Победа на интернет-фестивале