Тилди танлаң: Ққ | Ўзб  |  Рус

Бизден тек ғана жақсылық қалады


Жолаўшы едим. Жөнелистеги ав-тобусқа ақ сақаллы, ийман жүзли қария кирип келди. Өзи дәслеп ҳәммеге сәлем берди, жасы киши-лер дәрҳал орын көрсетти. Бәрше қол жайған ақ пәтиядан соң көпти көрген нураный гәп баслады.
—Өзимиздиң үлкен газитлердиң бири пайғамбарымыздың, жасап өгкен уллы уламалардың ҳәдисле-рин жәриялап, қайырлы ис ислеп-ти. Соннан бирин кыйып алып, қал-тама салып жүрмен. Мә балам, оқып бер, халық еситсин;
"Пайғамбарымыз айтады: "Әй, әзиз бирадар, соны билип қойың, садақада жети қәсийет бар, бирин-шиси берген садақаларың сени қор-ғап қалады ҳәм саған киятырған бөле-қадаларды жоқ қылады. Екин-шиси-берген садақаларың кесели-ңе даўа болады. Үшиншиси-берген садақаларың саған қорғаныш. Төртиншиси-садақаң кудайтааланың ғәзебин сөндиреди Бесиншиси-берген садакаларың бөрше бенде-лерди досластырады. Алтыншысы-садақа кеўилди пәклейди. Жетин-шиси-садақа өмириңиздиң узайы-ўына да себепши болады".
—Усы ҳәдис себчп бул әңгимеге қулақ түриң балалзрым деп сөзин даўам етти қария. Жаслар бел-гүрек алып, терек егип ҳәмме шембиликке шығып атырған ўақыт-та мен де "пенсиямды жеп" үйде жамбаслап жата бергеним болмас, деп ата-бабаларым қойылған Хоже-лидеги Назлымхан сулыў қойым-шылығын зыяратлайын ҳәм әтира-пын абаданластырыўға үлес қоса-йын,—деген мақсетте шыгып едим. Дурыс етиппен, кеўлим көтерилип киятыр Әсиресе, зыяратшыларға жаратылған колайлылықларды тәмийинлеп, қазанхана, тилеўхана қурған азаматларға ҳәмме рахме-тин айтып пәтиясын берип атыр. Бәрин ислеген хожелиши исбилер-мен бир шаңарақ дейди. Балала-рым, ҳақ нийет етип дуйым журт сыйынған сол жерге барсаңыз, ҳә-дисте айтылғанындай үлкен саўапқа дус келесиз.
Қарияның усы сези себеп болып, демалыс күнлериниң биринде ол айтқан мөнзилге қарай жол алдым. Орайлық Азияның барлық жерлери-нен зыяратқа келетуғын "Миздак-хан" комплексин абаданластырыўда бирқагар жумыслардың исленгени-не гүўа болдым. Қария гәп еткен қазанҳана ҳәм тилеўхана қурылысы ҳақыйқатында да жақсы иске себеп болыпты.
Олар бизиң заманласларымыз — исбилермен ерли-зайыплылар Му-қаддес Олжабаев ҳәм Жума Сей-дуллаевалар екен. Қызығыўшылы-ғым себепли, жазыў ойымда пайда болған "объект" туўралы хожелиши танысларым арқалы мақалама "де-таль" жыйнадым.
—Усы үлкен қурылыслар менен бирге Хожелиден Нөкиске кирер жердеги "Султан ахун ата" қойым-шылығына да сол тақылеттеги има­ратларды қурып питкерип, көптиң саўабын алды,— дейди халқымыз-дың көркем-енерине, тарийхы ҳәм әдебиятына бир ата жақын ағамыз Дәнияр Беласаров.—Және де Хоже-ли ҳәм Шымбайдағы жалғыз баслы қариялар, мириўбетлик үйлерине де ҳәр ай сайын азық-аўқаттан жәрдем берип, байрамларда кеў-ли кем инсанлардың пәтиясын ал-ғанлығына талай рет гүўа болдым.
—Ҳәр сапары Муқаддес аға ме-нен Жума апа яки олардың балала-ры бул жерге келгенинде биздеги аўыр дәртке шалынған инсанлар да бир қуўанып қалады,—дейди Хоже-лидеги республикалық ҳаял-қызлар мириўбет үйиниң хызметкери Ал-тын Ибрагимова,—тандырдан жаңа шыққан ыссы пәтирлер ҳәм шөрек-лерди тарқатып, байрамларда па-лаў асып берип, олардың дәртин же-ңиллетиў, бир күн болса да олар-дың кеўиллерин көтериў, барлық бардамлы инсанлардың қолынан келе бермейди. Мириўбет үйиниң жаздағь; ремонт ислерине де жа-қыннан көрдем бергенлиги кепке үлги бо/ ды.
Исби;ерменлигине қоса ағла адамгершилик пазыйлетлерди де бойына .иңирген Муқаддес аға ме-нен Жума апаны ушыратыў қыйын-ға соқпацы. Пайтахтымыздағы дий-қан базапының ишиндеги шағын ғана асхана олардың тийкарғы табыс дәреги екен.
Түс пайты. Аўқатланыўға келген-лердиң изи үзилмейди. Жума апа ҳәм оның басшылығындағы қызлар аяқларын жер илмей жуўырып-же-лип хыз лет етпекте. Биз олардың ўақтын апып жумысына кесент ет-пеў ушь н исбилерменлер менен ушырасыўды түсликтен кейинге қал-дырдық.
—-Қайырлы саўап исти қудай көреди,—дейди биз бенен гүрриңге пурсат тапкан Жума апа—Аллаға мың қәтле шүкир, шаңарақ басшымыздың доргине дәрман табыўы, перзентлеримниң алдымыздг удайы аман-саў жүриўи, ислеген исимниң алға басыўы, кулласы, берекеттиң тийкары миннет етилмеген жақсылыкта деп билемен. Ҳәдислерде айтылғанындай, кимде-ким ата-анасын ҳүрметлесе, бул жақты дүньяны төрк еткен жақынларына дуўа қылса, кеўлинде жәқсылык. нуры көп болса, Жаратқан ийемиз оны ҳеш қашан кем етпейди.
Ҳақ гег,, бул жарық әлем кимлер-ден калмаған, аса кеткен бай да, үстине жабыўға без таба алмаған жарлы д. мөңгибақый дүньяда тең-леседи.
Бизде!' тек ғана жақсылық қала-ды.

А.ЕМБЕРГЕНОВ. Сүўретте: исбилермен ерли-зайыплылар Муқаддес Олжабаев ҳәм Жума Сейдуллаеаалар.

Ж .ЖАҚСЫМУРАТОВтың түсирген сүўрети


Автор: А.ЕМБЕРГЕНОВ
 

Қыдырыў



Ақырғы мақалалар:


ГЛАВА II. РУСТАКИ ГАВХОРЭ

(К исторической динамике древней ирригационной сети Хорезма) «Они провели из нее (реки) каналы и построили на ней города».Ал-Макдиси BGA III 2...


ГЛАВА I. СТЕНА В ПУСТЫНЕ

«КАС — на языке жителей Хорезма — этостена в пустыне, ничем не окруженная».Якут. IV. 222.«И люди построили на берегах ее болеетрех...


Хожелиден шықкан шайыр-жазыўшылар

Абдусадықов Ҳайытбай Ҳайытбай Абдусадықов — шайыр. Ҳ. Абдусадықов 1957-жылы Хожели қаласында туўылған. Орта мектепти питкергеннен соң дәслеп Тақыятас қ...


Хорезм и Хазария.

Кожинов. История Руси и русского Слова Специальный экскурс: история ХазарииОбщепризнанно, что на рубеже VIII—IX веков государственной религией Хазарского ...


Фирдаус ал-икбал

Мунис и Агахи«Райский сад счастья». Имеет второе название — «Икбал-наме» (*** «Книга счастья»). Автор — Шир-Муха...


Крепость Довкесен

09.12.2001"Моей любви всем причаститься б вам,-Собрать хоть по одной частице б вам,-По капле крови иль по лепестку -Все мое сердце, боль мою, тоску" Навои "Фарх...


Погода


GISMETEO: Погода по г.Ходжейли

Победа на интернет-фестивале