Елдиң атын ер шығарады
Статья еще не переведена на русский язык
ХIХ-ХХ әсирдиң ишинде Хожелиде артистлер, масқарапазлар ойнамай, палўанлар гүреси, қошқарлар дүгисиўи болмай той өтпейтуғын еди. Түни менен кең далаңлықта ямаса үйде бақсы, жыраўлар қосық, терме, дәстанлар айтып, аўқатлар тартылып, тойлар спиртли ишимликсиз өтетуғын еди. Әсиресе, палўанлар гүреси жүдә қызықлы болып, қоңсылас районлар менен ўәлаятлардан атақлы палўанлар келип хожелиши жигитлеримиз бенен гүресип жүрди. Сол жыллары хорезмли Сапа, Сатым, Самандар, Ата палўанлардың, қоңыратлы Ораз палўанның, атақлы Халмурат ҳәм Сатыпалды менен гүреслери халыққа жүдә қызық тамашалар берди.
Хожелиде тарийхый естеликлер, ер жүрек азаматлар менен палўанлар, басқа да спорт шеберлери ҳаққында халық арасында айтылып жүрген гүрриңлер көп. Хожелиши палўанлар, атақлы спортшылар аталып, тек ғана Қарақалпақстанға яки қоңсылас Хорезм, Ташаўыз ўәлаятларына емес, пүткил бурынғы аўқамлас еллерге танылғанын мақтаныш пенен тилге алсақ арзыйды.
Мәтжанов Жақсылық Сейтжан улы - 1961-жылы еркин гүрес бойынша бурынғы аўқамның спорт шебери атағын алған. Өзбекстан ҳәм Россия бириншиликлерине еркин гүрес бойынша жарысларға қатнасқан ҳәм сыйлы орынларды ийелеген. Ҳәзир Тақыятастағы экономикалық колледжде жуўаплы хызметте ислейди. Хожелиде жасайды.
Сатыпалды Мылтықбаев
Сатыпалды Мылтықбаев 1964-жылы самбо, дзюдо ҳәм еркин гүрес бойынша бурынғы аўқамның спорт шебери атағын жеңип алған. Хожелиде жасаған. Көплеген аўқамлық жарысларда Қарақалпақстанның атын шығарыў ушын ат салысқан ҳәм көплеп шәкиртлер таярлаған. Ҳәзир белгили инсан, спорт шебериниң ҳүрметине гүрес бойынша республикалық жарыслар өткерилмекте.
Алишер Әўезбаев
Халмурат Ибадуллаев 1974-жылы Өзбекстан Республикасы спорт шебери атағын жеңип алыўға еристи. Хожелиде жасаған. Халмурат палўан Ибадуллаев 1937-жылы Хожели қаласында, муғаллим шаңарағында дүньяға келген. Әкеси Ибадулла 1928-жылдан баслап 45 жылдан асламырақ ўақыт мектепте муғаллим, директор болып ислеген. Халмураттың устазы Бабажан палўан болса Ахунбабаев атындағы колхозда жасаған. Халмурат палўан гүрести 17 жасында баслаған. Ол 1954-жылдан 1975-жылға шекем Қарақалпақстанның, Өзбекстанның ҳәм бурынғы аўқамның бир неше қалаларындағы жарысларда алдынғы орынларды ийелеп, баҳалы сыйлықларға миясар болған. Халмурат палўанның әдил гүреслерин көрген адамлардың көз алдынан оның арқаламай әмели кетпейди. Бүл төсилин билмеген адам палўанның арқасынан көкпардай ушып түсип, шалқасынан жығылғанын билмей қалатуғын еди.
Хожелиде спортты раўажландырыўға болған дыққат-итибар айтарлықтай нәтийжелерге ерисиўге тийкар салып атыр. Японияның Хиросима қаласында болған XXII Азия ойынларында хожелиши боксшы Алишер Әўезбаев 91 килограмм салмақ категориясында биринши орынды жеңип алды. Бул жарысқа 45 мәмлекеттен спортшылар қатнасқан еди. Алишер солардың ишинде Непал, Қытай, Сауд Аравиясының боксшилери менен күш сынасып, олардан басым келди. Алишердиң ең дәслепки устазы, спорт шебери Салый Хожаниязов болды. Алишер 1980-жылдаи баслап №2 жас өспиримлер мектебине қатнасқан. 1993-94-жыллары ол Өзбекстан чемпионы болып, ал, 1990-жылы спорт шебери дәрежесине еристи. Алишердиң Азия чемпионы болыўында устазлары Мәўлен Ачиловтың ҳөм Салый Хожаниязовтың мийнетлери гиреўли.
Автор: Данияр Беласаров
|