Тилди танлаң: Ққ | Ўзб  |  Рус

Тақыятас қаласы тарийхы


Тақыятас қаласы ҳәкимияты имараты

Тақыятас қаласы тарийхын Хожели қаласы тарийхынан бөлип алып қараўға болмайды. Себеби, Тақыятас қаласы Хожели районы аймағындағы қала типиндеги мәкан болған. Тақыятастың өтмиш тарийхына нәзер тасласақ, халық арасында "ол жерде тақыяға уқсаған үлкен тас болған, соның ушын Тақыятас аталған" деген гөп бар, буны халық этимологиясы деп түсиниў мүмкин. Негизинде Тақыятас тогюниминиң тарийхы узақ өтмишлерге барып тақалады. Атаманың биринши бөлеги "тақыя" сөзинен алынған болыўы итимал. Араб тилинен өткен бул сөздиң бир неше мәниси бар. Ол бириншиден "сүйениў", "таяныў" деген мазмунды береди. Соның менен бирге, адамлар жыйналып, отырыспақ беретуғын жер "тақыя" ямаса "тақыяхана" деп аталған. "Бабурнама" китабында жазылыўынша "тақыя" дәрўиш ҳәм қәлендерлердиң жыйналған жери. Солай екен, "Такыятас"-дәрўиш ҳәм қәлендерлердиң тастан исленген қонақ орны. Ислам дининде (төлийматында), "тақыя" (арабшаабайлаў, жағдайға қарай ис тутыў) деген түсиник те бар. Тақыя мусылманларға өзиниң диний көз-қарасларын өзгелерден жасырыўға руқсат етеди. Тийкарынан тилимизде көп қолланылған. Бирақ, көпшилик мусылманлар сыйынатуғын сунизмниң ханафия бөлиминде тақыяға руқсат етиледи. Улыўма Тақыятас топониминиң жазба өдебиятта қайсы дәўирлерден баслап қолланылғанлығы еле толық изертленбеген. Бирақ, ҳәзирги Тақыятас қаласының орнында ерте заманларда, ХVII-XVIII әсирлердиң соңында кенегеслер отырған, соңынан да қала орны кенегеслердиң турақлы аўылы болған. Үлкен кенегес аўылының ортасынан, ҳөзирги "Кенегес жап" ағып турған. Усы, "Кенегес жап"ты дәслеп "Аманқулы" канал деп атаған. (Я. Ғулямов. "История орошения Хорезма", стр. 211. Усы мағлыўматты тарийхшы Баяни Де өз китабында 150-бетинде жазған.)

Муҳаммед Әмининақ Хийўаға ханлық еткен жыллары кенегеслер бийи Аманқул басшылығында ҳәзирги Тақыятас орналасқан жерде Әмиўдәрьядан саға алып, арна қазылған ҳәм оннан Хожели түслигиндеги бурын кенегеслер қонысласқан жерлерге суў алып барылған. Бул арна дәслеп Аманқул аты менен, соңын ала "Кенегес арна" деп те аталған. Гейпара тарийхый дереклерге қарағанда Аманқул жери Гөне-Үргениш пенен Булдымсаз аралығында жайласқан. (Сборник географических, топографических и статистических материалов по Азии. Выпуск IХ.СПб. 1884, стр. 20.) (Каракалпаки в низовьях Амударьи ХVI-ХVIII в.в. стр-47, г.Нукус-1996 г.).


Кетменши баба мақбарасы

XVIII әсирлерде кенегеслерге Өмир Аманқул бий басшылық етип ҳәким болған. Хожелиниң ортасынан отетуғын Сүўенли каналының Тақыятастан басланатуғын сағасын қазыўға қатнасқан. Кенегес Өмир Аманқул бий Тақыятаста жасайман деп келген түркменлерге жер ҳәм суў бөлип берген. Сонда Тақыятас қаласының тарийхына 300 жылдай болған. Демек, тарийхта қала қурыданқуры ҳәзирги орында пайда болмаған, яғный бул қарақалпақ халқының ата мәканларының бир бөлеги болып есапланады. Тақыятас қаласының пири-Кетменши баба (Муҳаммад Зәрип, хожалар әўлады) болып есапланады.

Байкан (Вайхон) ҳәм Миздақхан ортасындағы жол бойында Нубаг елаты болған. Академик Я.Ғулямов ўақтында Нубаг (Нукфаг) ески Порсы қаласының аты болыўы керекдеп болжаў айтқан. Муккадасий Нубаг қапталынан Әмиўдәрьядан басланған ҳәм шөлге шекем барыўшы канал бар екенлигин айтқан. Археолог Ғайратдин Хожаниязов төрепинен изертленген ҳәм археологтың айтыўы бойынша Байкан ҳәм Миздақхан ортасынан, ҳәзирги Тақыятас қаласының шығыс тәрепинде жайласқан Кетменши баба қәбирстаны астында қала барлығы анықланған. Қаланың узынлығы 275 м, ени 75-150 м шамасында болып, оның I-IV, IX-XI, XII-XIV әсирлер аралығында өмир сүргени ҳаққында археологиялық материаллар табылды. Тарийхшы Максидий жазғанындай саўдакәрўан жолының оң тәрепинде орналасқан Тақыятас қаласы арқалы усы жерден Әмиўдәрьядан саға алған Сүўенли каналы Үстирт тәрепке қарай аққан. Усылай етип Кетменши баба орта әсирлердеги Нубаг қаласы болыўы керек, деп есаплайды археолог Ғ.Хожаниязов (Ғ.Хожаниязов, 2002, 34-35-6. Әмиўдәрья - китабы, авторлары К.Нуржанов, Ғ.Хожаниязов, Ташкент. 2004-ж. 24-бет).

Әмиўдәрьяның ғырра жағалаўларына қоныс басқан бүгинги Тақыятас қаласына жақын үш-төрт жылдың ишинде 60 жыл болады. Өзбекстанның ғәрезсизлик алғанына көп болған жоқ. Тарийх бетлерин ашсақ нешше әсирлик жасы бар қалалар көп. Тақыятас қаласы жас жағынан кишкене болғаны менен Қарақалпақстан Республикасы турмысында тутқан орны жағынан жетекши орынларды ийелейди.

Қала 1953-жылдың 19-октябринде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң қарары менен Хожели районының аймағындағы қала типиндеги поселкадан Тақыятас қаласы болып қайта дүзилди. Тақыятас қаласының географиялық карта бетинде пайда болыўында "Бас түркмен канал"ының, тез бой тиклеп, өсип раўажланыўына Тақыятас ГРЭСи, Әмиўдәрья көпир қурылысларының басланыўы менен көплеген ири қурылыс обьектлериниң салыныўы себеп болды. Соның ушын Тақыятас қаласын үлкен сүйиспеншилик пенен "Қарақалпақстанның санаат қаласы", "Нур таратыўшы қаласы", "Дослық ГРЭСи" деп те мақтаныш етеди. Себеби, қаланың тырнағын қалап, ири қурылысларды салып питкериўде барлық миллеттиң ўәкиллери бир адамның баласындай мийнет етти. Бүгинги күнге келип ГРЭСтиң биринши директоры Л.М. Бурд, бас инженер В.Ю. Карвасарный, соңғы директорларынан А.Ш.Шапиевти атап өтиў орынлы. А.Ш. Шапиевтиң Тақыятас қаласына ислеген мийнети жүдә айрықша ҳәм қала халқы оның ислеген мийнетин ҳеш ўақытта умытпайды. Қала ҳәкими болып турған ўақытта да қаланың социаллық-экономикалық жағдайын жақсылаўда жүдә жақсы мийнет етти. "Тақыятасгидроэнергострой" басқармасының баслығы Б.С.Лычагин, өзлериниң өмириндеги дөслепки мийнет жолын усы жерде баслаған Е.А.Айтмуратов, М.Ж.Юсупов, қурылысшы О.Кенебаев, газэлектро кепсерлеўшиси У. Машарипов, "Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен энергетик" Пак Куон Чер, басқарма баслығы А.А.Ким ҳәм тағы басқа мийнет адамларының атларын бүгинги күни мақтаныш пенен тилге аламыз.

Тақыятас қаласында 1951-жылы шыпакерлик амбулатория, ал 1952-жылы биринши аптека ашылған. Соңынан 1953-жылы 50 орынлық, 1957-жылы 100 орынлық жаңа типтеги емлеўхана иске түсти.

Қала тарийхы менен республиканың турмысындағы ири баслы сәнелер байланысып атыр. Олардан Әмиўдәрьяға көпир салынып, Тақыятас-Нөкис темир жол тармағының ашылыўы. 1974-жылы ГРЭСтиң биринши гезегиниң иске қосылыўы менен Өзбекстан энергетика системасына жалғасыўы үлкен ўақыя саналады.

1960-70-жылларда Тақыятас қаласында ири санаат кәрханалары бой тикледи. Олардан жерлерди суўландырыў басқармасы (УМО), "Средазэлектроаппарат" өндирислик бирлеспесиниң филиалы, 109-автокәрхана, үшинши ҳәм төртинши кәсип-техникалық училищелер, ғәлле өнимлери комбинаты, "Қарақалпақирмонтажстрой" трести, жай қурыў комбинатларын айтсақ болады. Қурылыс конструкциялары ҳәм детальлары заводы 1953-жылы "Бас түркмен каналы"ның ремонтлаў механикалық устаханасы базасында дүзилди ҳәм шөлкемлестирилди. Соңынан бул Орта Азиядағы ири завод болып есапланды. Н.Д.Цхай заводқа бас директор болған ўақтында алыс шет еллерге жасаў вагонлары, аўыр қурамалы металлконструкция өнимлери шығарылды. Заводта үш гезекте мыңлаған жоқары дөрежели қәниге-жумысшылар жумыс иследи. Н.Д.Цхай ҳәзирги заман тили менен айтқанда Қарақалпақстандағы ең күшли шөлкемлестириўши, хожалық басшысы ҳәм менеджер еди. Мийнет алдынғыларынан бригадир К.Саденов, К.Жолаев ҳәм тағы басқаларды атап өтиўге болады.

Тақыятаста қус фабрикасы 1971-жылы мартта шөлкемлестирилди. 100 мың бас таўыққа мөлшерленген фабрикада өткен әсирдиң 90-жыллары 230 мың бас таўық бағылып, жылына 45 миллион дана мәйек жетистирилип турды.

1971-жылы ашылған Тақыятас саўда-экономикалық техникумы 1990-жылға шекем 6 мыңнан көбирек қәниге таярлап берди. Ҳәзирги күнге келип таярланған қәнигелер 10 мыңнан асып кетти. 1952-жылы ашылған №4 кәсип-техникалық училищеде (ҳәзир колледж) 29 қәнигелик бойынша 30 мыңнан аслам қөниге таярланып шықты.

Қала халқының социаллық-мәдений турмысына айрықша кеўил бөлинди. Жоқарыда аты аталған ири санаат кәрханалары өз ислеўшилерине турақ жай поселкаларын қурып, қаланы абаданластырыў ислерине белсене қатнасты. Ҳәзир қалада 10 орта билим беретуғын мектеп, 13 тен аслам балалар бақшалары бар. 3 колледж ислеп тур.

Тақыятаслылар өз қаласының 60 жыллық юбилейин ҳәзирги қала ҳәкими, искер басшы А.К.Худайбергеновтың басшылығында мийнетте ылайықлы саўғалар менен күтип алыў ушын ис-илажлары исленбекте. 60 жыллықты халықлар дослығының байрамына айландырып, салтанатлы жағдайда белгилеўге таярлықты баслаў белгиленбекте.

Бүгинги күни Тақыятаста саўда-экономикалық колледжи, бир қанша кәсип-техникалық колледжлери қәнигелер таярлаўды жақсы жолға қойып атыр. Мәденият сарайы, мәденият үйлери ислеп турыпты. Қаланың көшелери гүлленди, жол ҳәм тротуарларына жаңадан асфальтлар төселди. Қала бүгинге келип 50,0 мыңға жақын халықты қурайды. Олардың орташа жасы 25-30 дан аспайды. Сонлықтан Тақыятасты жаслар қаласы деп те атайды. Қаланың ҳүрметли адамлары жүдө көп ҳәм бурын да көп болған. Олар Александра Сергеевна Осадчий-урыс ветераны, мектеп оқытыўшысы болған, республикаға мийнети сиңген муғаллим атағын алған. Әбдирахман Қабулов-урыс қатнасыўшысы, қалалық Нуранийлер кеңесиниң баслығы болған, Юлдаш Эшматов-электрик болып ислеген, Көпжасар Күзембаев-мийнет ветераны, Вилли Оттович Неб-ГРЭС тиң жумысшысы болған, Фирхат Галимов-мийнет ветераны, қалаға көп мийнет сиңдирген.

Тақыятас қаласының келешеги үлкен. 2015-жылға шекемги бас жойбар дүзилген. Есаплаўға қарағанда бул жылларға жетип қала халқы 100 мың адамға жетеди. Себеби, өндирис күшлери артады. Жумыс орынлары көбеймекте. Қалада киши ҳәм орта бизнести раўажландырыўға көп кеўил бөлинип атыр. Жай салыў ушын жер орынлар халыққа берилмекте ҳәм қалада көшпес мүлк басқа қалаларға қарағанда жүдә арзан. Бул социаллық стимуллардың бәри халықтың өсиўине алып келеди. Баслы мақсет - өндирис күшлерин еки есеге арттырыў. Тақыятас ГРЭСиниң келешектеги гезегин иске түсириў нәзерде тутылған. Қалада қағаз комбинатын салыў, қала халқын азық-аўқатлық өнимлер менен тәмийнлеў ушын аўылхожалық кәрханаларын дүзиўди жобаластырыў болып табылады.

2013-жылы Тақыятас қаласының 60 жыллық юбилейи халықлар дослығы, аўызбиршилик, үлкен салтанат пенен өтеди деген үмиттемиз. Себеби, Тақыятас қаласы Ҳақ нәзери түскен қала есапланады.

Фотоальбомда Тақыятас қаласының сууретлери


Автор: Данияр Беласаров
 

Қыдырыў



Ақырғы мақалалар:


ГЛАВА II. РУСТАКИ ГАВХОРЭ

(К исторической динамике древней ирригационной сети Хорезма) «Они провели из нее (реки) каналы и построили на ней города».Ал-Макдиси BGA III 2...


ГЛАВА I. СТЕНА В ПУСТЫНЕ

«КАС — на языке жителей Хорезма — этостена в пустыне, ничем не окруженная».Якут. IV. 222.«И люди построили на берегах ее болеетрех...


Хожелиден шықкан шайыр-жазыўшылар

Абдусадықов Ҳайытбай Ҳайытбай Абдусадықов — шайыр. Ҳ. Абдусадықов 1957-жылы Хожели қаласында туўылған. Орта мектепти питкергеннен соң дәслеп Тақыятас қ...


Хорезм и Хазария.

Кожинов. История Руси и русского Слова Специальный экскурс: история ХазарииОбщепризнанно, что на рубеже VIII—IX веков государственной религией Хазарского ...


Фирдаус ал-икбал

Мунис и Агахи«Райский сад счастья». Имеет второе название — «Икбал-наме» (*** «Книга счастья»). Автор — Шир-Муха...


Крепость Довкесен

09.12.2001"Моей любви всем причаститься б вам,-Собрать хоть по одной частице б вам,-По капле крови иль по лепестку -Все мое сердце, боль мою, тоску" Навои "Фарх...


Погода


GISMETEO: Погода по г.Ходжейли

Победа на интернет-фестивале