Тилди танлаң: Ққ | Ўзб  |  Рус

Сүўенли

Сүўенли, Хожелиниң гөне қаласының ортасынан бурын ағып турған каналдың аты. Бул гидронимниң келип шығыўы бойынша халық аўзында мынадай аңыз бар: "Жап жаңа қазылған ўақытларда Хожелиге Хийўа ханы келеди. Ханның қонақ үйге түскенин еситкен Әўезхожа бий оны көриўге баратырса, жаптың бойында бир адам балық аўлап отырған екен. Әўезхожа бий балықшыдан еки үлкен сүўенди сатып алып, келген ханға қуўырып берипти. Сүўен балықтың мазасын унатқан Хийўа ханы оны қай жерден алғанлығын сорапты. Әўезхожа бий Хожели қаласын екиге бөлип өтетуғын жаңа жаптың қазылғанын, балық сол жерден усланғанын айтыпты. Буны еситкен Хийўа ханы "Жаңадан қазған жабыңызда сүўен көп, оның үстине мазалы екен, аты "Сүўенли" болағойсын",-деген екен. Соннан жаптың аты Сүўенли болып кетипти.

Бирақ, Хожелиге келген саяхатшы ҳәм илимпазлардың Сүўенли туўралы төмендеги мағлыўматлары да бар: Сүўенли аты Хожели қаласы халқының, жасы үлкенлердиң пәтия берип қойған аты "суўы енли", яғный "суўы қалың", "суўы терең жап" болған. Орта Азия топономикасында көп ушырайтуғын "шуқыр сай", "терең сай", "қара терең" сыяқлы гидронимлерди еске алсақ, айтылған пикирлердиң ҳақыйқатқа жақын екенлигине исенемиз.

Ол 1939 - 1940-жыллары Хожели, Шоманай, Қоңырат жерлерин суўландырыў мақсети менен қазылып иске түсирилген еди. Бул каналдың ески атамасы да Сүўенли болып аталып келген. Ол өзиниң сағасын Тақыятастың тусынан алып Хожелиниң үстинен өтип, Қаратерең көлине қуйып турған. Усы Сүўенлиниң ески аңғары жақынға шекем гөне Хожелиниң үстинен өтти. Сүўенли деўдиң мәниси өзиненөзи айқын, анығында бул атаманың пайда болыўы сүўен балығының молшылығынан келип шыққан болыўы итимал. Хожели халқы бурыннан балықшылық кәсиби менен шуғылланған. Олардың басым көпшилиги балықаўлаў менен шуғылланып күн көрген. (К.Әбдимуратов, "Неге усылай аталған?". (Қарақалпақстан гопономикасының тарийхынан) "Қарақалпақстан" баспасы 1965-ж. 31-бет.)

САН ҲӘМ ДӘЛИЛЛЕР: Жылдың май айында болып өткен Қарақалпақстан областлық VIII партия конференциясы қарарында суўғарылып егилетуғын жерлердиң өнимдарлығын арттырыў мақсетинде "Сүўенли жап" ҳәм "Назархан" арналарын қазыўды кешиктириўге болмайтуғын ўазыйпа ретинде белгиледи.

"Сүўенли жап" каналын жойбарлаў авторлары И.А. Герарда ҳәм А.П.Успенскийлер еди.

"Сүўенли жап" каналы қурылысының биринши гезеги 1939-жылдың 10-октябринде басланып, оған 8 мың колхозшы қазыўшы ретинде қатнасты. Барлығы болып 1 миллион кубометр топырақ қазып шығарылды.

"Сүўенли жап" каналы қурылысы биринши гезегиниң жуўмағында Төрткүл районының колхозшылары басқа районларға қарағанда айрықша белсендилик көрсетти. Ҳәр бир қазыўшыға белгиленген күнлик нормадағы 2 кубометр орнына 3,48 кубометр топырақ қазып шығарып жеңимпаз атанды, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң көшпели байрағын жеңип алды.
Екинши гезектеги "Сүўенли жап" каналының қурылысына республикамыздың барлық районларынан 40 мың колхозшы қатнасты. Жумыс 1940-жылдың 1-март—1-апрель аралығында даўам етип, пүткил тармақ бойынша 3 миллион кубометрге жақын топырақ тасып шығарылыўы тийис еди. Соның менен қатар каналдың саға қурылысына 360 адам қатнасып, 1-март—1-сентябрь аралығында питкериў нәзерде тутылды.
Канал трассасында ерлер менен ҳаялқызлар теңдей мийнет етип, олардың саны 2 мыңнан асатуғын еди. Қараөзек районынан Гүлхатийша Ембергенова, шымбайлы Илья Қанназарова, Райхан Палўаниязова, Тахтакөпирдеги "Қызыл нур" колхозынан Гүләсен Қурбанова, Қатийша ҳәм Тумар Есеновалар, Қыпшақ районынан Бийби Сапаровалар ерлер менен теңдей шек алып, жобаларын 200-300 процентке орынлап жүрди.
1938-жылы қазылып питкен "Қызкеткен" каналы ущын мәмлекет тәрепинен 16 миллион манат қаржы бөлип шығарылып, жумыс 10 жыл даўам еткен болса, "Сүўенли жап" каналы ушын 4,6 миллион манат жумсалып, жумыс бир ярым жылда питкерилди.
Тезлетилген халықлық көмек усылында қазыўға белсене қатнасқанлары ушын 63 адам Өзбекстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң, 220 адам Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды. ("Хожели ҳақыйқаты" газетасы, 1991-жыл,18-сентябрь,№ 75)


Автор: Данияр Беласаров
 

Қыдырыў



Ақырғы мақалалар:


ГЛАВА II. РУСТАКИ ГАВХОРЭ

(К исторической динамике древней ирригационной сети Хорезма) «Они провели из нее (реки) каналы и построили на ней города».Ал-Макдиси BGA III 2...


ГЛАВА I. СТЕНА В ПУСТЫНЕ

«КАС — на языке жителей Хорезма — этостена в пустыне, ничем не окруженная».Якут. IV. 222.«И люди построили на берегах ее болеетрех...


Хожелиден шықкан шайыр-жазыўшылар

Абдусадықов Ҳайытбай Ҳайытбай Абдусадықов — шайыр. Ҳ. Абдусадықов 1957-жылы Хожели қаласында туўылған. Орта мектепти питкергеннен соң дәслеп Тақыятас қ...


Хорезм и Хазария.

Кожинов. История Руси и русского Слова Специальный экскурс: история ХазарииОбщепризнанно, что на рубеже VIII—IX веков государственной религией Хазарского ...


Фирдаус ал-икбал

Мунис и Агахи«Райский сад счастья». Имеет второе название — «Икбал-наме» (*** «Книга счастья»). Автор — Шир-Муха...


Крепость Довкесен

09.12.2001"Моей любви всем причаститься б вам,-Собрать хоть по одной частице б вам,-По капле крови иль по лепестку -Все мое сердце, боль мою, тоску" Навои "Фарх...


Погода


GISMETEO: Погода по г.Ходжейли

Победа на интернет-фестивале