Туба
Статья еще не переведена на русский язык
Туба елаты гөне Хожелиниң шығыс жағында жайласқан. Усы жерде үлкен көл болғаны себебли халық Туба деп атайды. Туба көли қысы-жазы бир кәлпинле турады. Сонлықтан, Хожели халқына Туба бир кәраматлы орындай көринеди.
Хожелиде арнаўлы қәнигелер тәрепинен толық үйренилип шығылған хәм пайдаланыўға жарамлы деп табылған 3 жер асты линзасы бар. Олардың ен үлкени, ең көп, ең татлы суўлысы хәм пайдаланыўға жарамлысы "Хожели" линзасы деп аталады. Узынлығы 7 километр, ени 3 километр болған бул жер асты көли гөне қаладан Әмиўдәрья бойларына дейин созылып кеткен. Бул Туба көли астындағы татлы суўлы, линза суў кәни. Усы Туба көли астындағы линзадан суткасына 42,3 мың кубометр суў алыўга болады екен. Бул суў 350 мың адамлық халықты тәмийинлеўге жетеди. ("Хожели хақыйқаты", 1988-жыл, 06.08. №94/4573/).
Туба деп бизде алды туйық болып кесилип қалған, бир жағы курғаклық, бир жағы суў болған жерди атайды, анығында туба деген сөз бөлинип қалган терең суўлы жерге айтылса керек. Бул сөз қарақалпақ тилинде туба, қазақ тилинде түбек, ноғай, карачай тиллеринде тоба формаларында қолланылады. Хәзирги Қуўаныш жарманың жағасында Нурымтүбек деп аталған жер бар. Астрахань ўәлаятының территориясында Ақтоба дәрьясы деп аталған Волганың бир шақапшасы бар. Бундағы туба, түбек, тоба сөзлери әўелден бир түбирлес ез-ара жақын мәнилес болыўы тийис. (К,Әбдимуратов, "Неге усылай аталған?". (Қарақалпақстан топономикасының тарийхынан) "Қарақалпақстан" баспасы 1965-ж. 50-6.) Автор: Данияр Беласаров
|