Тилди танлаң: Ққ | Ўзб  |  Рус

Хожели қаласындағы дәслепки санаат кәрханалары

Өткен әсирдиң басларында рус санаатшыларының Әмиўдәрья бөлиминде жайласқан қаракалпақлардан жоңышқатуқымы, әсиресе, пахтасатып алыўы күшейе баслайды. Сонлықтан да пахтаның бахасы кем-кем кымбатлайды. Пахташылыктың раўажланып баратырғанын сезген рус саўдагерлери майда, куўаты аз, кол мийнетине тийкарланған кәрханалар курыўға кириседи. Солардың катарында Хожели пахта тазалаў заводы пайда болды. Сол ўакыттағы кәрханалар туўралы 1938-жылы ККНИИ баспасынан шыккан Д.В.Альбановтың "Карақалпақстанда санааттың раўажланыў жоллары" атамасындағы мийнетинде: "Революциядан бурын Әмиўдәрья бөлиминде орнатылған барлық двигательлердиң куўаты 160 ат күшине ийе болды, хәммеси болып қырық джинли 20 кишигирим пахта тазалаў заводлары, 20 ат күшине ийе двигатели бар еки прессли бир май шығарыў заводы, 15 ат күшине ийе движоги бар кишкене былғары завод бар еди. Бул кәрханалардың куўатлылыкларын қосқанда 200 ат күши болып, олардың ярымы дерлик күшкөликлер және қол күши менен хәрекетке келтирилетуғын еди" деп көрсетилген.


Хожели. Пахта завод

Усындай қол мийнетине тийкарланған кәрханалар арасында Хожели пахта тазалаў заводы да болғанлығы мәлим.

Орта Азияда пахташылықты раўажландырыў XX әсирдиң басында Түркстанның хәмме жерлериндегидей Әмиўдәрья бөлими менен Хийўа ханлығы аймағында да хәўиж алды. Бул жерлерде пахтаның егислик майданы әдеўир кеңейди хәм зүрәәтлилиги бурынғыдан арта баслады.

1914-жылы базарда бир пуд пахтаның бахасы 3 манат 60 тийинға туўра келди. Сол ўақытта базарда бир пуд бийдайдың бахасы 1 манат 15 тийин, жүўериниң бахасы 0,85 тийин еди. Сонлыктан көп дәрамат түсетуғын болғанлыктан, байлар пахтаны бурынғыдан да көбирек еге баслады. Рус санааты капиталының ўәкиллери базарда пахтаны көтере сатып алып, өзлери бийдай әкелип сатып жүрди. Бул болса, базарда дәнниң арзанлап кетиўине тийкар болды.

Пахтаның қымбатлаўы Хийўа ханлығында пахташылықтың раўажланыўына алып келди. 1915-1916-жыллардың өзинде пахтаның майданы 10 мың десятинадан (хәр бир десятина—1,09 гектар) асып кетги. Бул пахта тазалаў кәрханаларының санын көбейтиўге тийкар болды. Рус капиталистлери елатлы пунктлерден, қалалардан заводлар қура баслады. 1916-жылы Хожелиниң өзинде төрт пахта тазалаў заводы болған.

Хәзирги Хожели пахта тазалаў кәрханасының пайда болыўы 1905-1906-жылларға туўра келеди. Оның тийкарын рус капиталистлериниң бири "Ағайинли Крафтлар" фирмасы салдырган. Кейин завод "Ағайинли Сафарьянцлар саўда үйи шериклиги"ниң меншигине өтеди. Аракел Сафарьянц заводты кеңейтиўге, ис өнимин арттырыўға, өнимди шығарыўды көбейтиўге көп күш жумсаған. Ол пахтаны шигитинен айырыўшы "Гозлянка" деген машина курған. Бул машина ат күши менен ислейтуғын болған. Жергиликли халықбул кәрхананы "Эррекли" деп те, "Аракел байдын заводы" деп те атаган.

Аракел Сафарьянц 1911-1912-жыллары үш суў насосын да орнатқан. Ол бир қанша суў жолларын (жапсалмалар) қаздырған. Оларды халық "Машын жап" деп те атап келген. Сол жаплардың аңғарлары хәзирги Сүўенли каналының арка тәрепинде жакын жылларға шекем болған. Жаплар пахта атызларын суўғарыўда оғада әхмийетли орын тутып келген.

1910-жылы татар саўдагерлери келип, Хожелиден еки пахта заводын салдырады. Сонын биреўи хәзирги №1 поликлиника болып турған жай. (Соң жаўылып қалған.). Буны Әўезбай Казиевдеген татар салдырған.


Гоне кала. №1-санлы поликлиника

1913-жылы рус фафы Федотов Хожелиден пахта заводын салып питкермейақ, завод өртенип кетеди. Оннан калған жай хәзир районлық архив болып тур.

Хожелидеги пахта тазалаў заводларының ишиндеги ең куўатлысы А. Сафарьянцтың заводы болған. Ол заводтың қуўатын арттырыўға мудамы кеўил бөлип отырған. Заводка пуў двигателин хәм иштен жаныў двигателин де орнатқан. Бәри бир заводта қол мийнети аўыр болған. Жумыс 10-12 саат болып, айырым ўақытлары 16-17 саатқа созылған. Прессти адамлар аяғы менен басқан. Тай пахталарды арқалап тасыған. Адамлардың турмыс жағдайлары оғада төмен болған. Заводта жумыс тек мәўсимлик болып, жылына 5-6 ай ғана мийнет еткен. Басқа ўақытлары олар күн кешириўдиң қыйыншылығынан талап излеп Ташаўыз, Гөне Үргениш жақларға кетип жүрген. Деген менен, усы ўақытлардың өзинде пахташылықтын бир қанша өскенлиги көзге тасланады. Мағлыўматларға қарағанда, Әмиўдәрья бөлиминде жайласқан пахта тазалаў заводларының өзинен 1913-жылы 4513 тонна пахта талшығы ислеп шығарылған.

1916-жылы Жунайдхан баспашылары Хожелиге топылыс жасайды. Нәтийжеде қалада жаўгершилик басланады. Баспашылар заводларға от береди, ислеп турған механизмлерди жарамсыз етип таслайды. Аракел байдың заводы 1918-жылға шекем ислеп турған. Бирақ, оны да баспашылар бираз бүлдирип таслаған еди.

1922-1924-жылларға келип пахта өндириў жоқарылайды. 1924-жылы 8500 танап жерге пахта егиледи (бир танап шама менен 0,40 гектарға туўра келеди). Усы жылы мәмлекетке 162,3 пуд пахта сатылған.

Кеңес хүкиметиниң дәслепки жылларында санаат кәрханаларын раўажландырыў мақсетинде заводларды оңлаў жумыслары қолға алынады. Жаңадан куўатлы двигателлер орнатыўға кеўил бөлинеди. Усы ўақытлары Хожели пахта тазалаў заводының өзинде 50 ат күшине ийе двигатель, 10 ат күшине ийе движок ислеп турған.

1926-жылы Хожели пахта тазалаў заводын оңлаўға 37,5 мың манат қаржы ажыратылады. Ал, 1927-жылға келип Хожели, Төрткүл пахта тазалаў заводларының ислеп шығарған өними бурынғы 20 заводтың өниминен жети есе артық болды.

1928-1932-жыллар аралығында коллективлескен хожалыклар дүзиў, санаатты раўажландырыў жумыслары жедел пәт пенен алып барылды. Бурынғыға қарағанда қол мийнетин азайтатуғын техникалар келе баслады. Бурын қурылған пахта тазалаў заводының өндирислик қуўаты артты. Пресслеўши хәм басқа да қуўатлы үскенелер орнатылды. Соның нәтийжесинде пахта тазалаўшы, трубашы, жабашы, қанаршы уқсаған кәсиплер биротала жоғала баслады. 1934-жылы заводқа 140 ат күшине ийе двигатель орнатылды. Барлық жерде стахановшылар хәрекети ен жайдырылды. Пахта тазалаў заводында 1939-жылы 46, 1940-жылы 147 адам стахановшылар атанып мийнет етти.

Урыс жылларында жумыстың көпшилигин хаялқызлардың атқарыўына туўра келди. Жумыс қандай аўыр болса да, олар фронт ушын аянбай мийнет етти. Урыстан соңғы жыллары завод қайта қурылып, қуўаты бир неше есе артты. Республикамыздағы ең алдыңғы санаат кәрханалары қатарынан орын алды. Хожели пахта тазалаў заводында 1926-жылы 6 қәнигели рабочий, 12 хызметкер болған болса, 1987-жылы рабочий хызметкерлердиң саны 739 адамға жеткен. Соннан 327 си хаялқызлар болған. Заводта ислеўшилер ушын жақсы жағдайлар жаратылып берилген. Жумыс үш гезекте алып барылған. Завод 1924-жылы 162,3 мың пуд (1 пуд 16 килограмм) пахтаны қайта ислеген болса, 1980-жылы 6751,4 тонна пахтаны қайта ислеген. Бул 4219625 пуд деген сөз.

Заводта ислеп шығарылатуғын өнимлердиң сапасы менен түрлери де артты. Завод тийкарынан пахта талшығы линт, шигит таярлайды. Хожели маркасы менен шығарылған шигитсиз пахта Өзбекстанның сегиз санаат кәрханасы менен тоқымашылық фабрикаларына хәм шет мәмлекетлерге жиберилген.

Ғәрезсизлик дәўиринде Хожели пахта тазалаў заводы алдына қойылган барлық жобаларды толық орынлап атыр. Ғәрезсизлик шарапаты менен 100 жылдан көбирек ислеген бурынғы пахта тазалаў заводының орнына заманагөй, таза технологияларда ислейтуғын пахта тазалаў заводының таза имараты бой тикледи. 2009-2012-жыллары заводта өним шығарыўдын сапасын арттырыў, мийнетти шелкемлестириў, жумыс ислеўшилердиң мүмкиншиликлерин жақсылаў бойынша анық илажлар белгиленип отыр.

"Хожели шийше ислеп шығарыў заводы" ашық түрдеги акционерлик жәмийети 1995-жылы иске түсти. Бул жәмийет қысқа ўақыт ишинде республикамыздың санаат тараўының раўажланыўына өзиниң үлесин қосып киятыр. Заводта күнине 20-22 тонна шийки өним сарпланып, 12 түрдеги 30-35 мың дана шийше ыдыслар ислеп шығарылмақта. Хәр бир шийше ыдыстың салмағы 380 граммга туўра келеди. Завод 2000-жылдан баслап 3-4 миллион сап пайда менен жылды жуўмақламақта.

Шийше ыдыслардың сапасы хәм көриниси жақсы болғанлықтан бул акционерлик жәмийеттиң өнимлерин Нөкис вино заводы, Ташкент, Россия, Тәжикстан. Қырғызстаннан келип сатып алмақта. Заводқа шийки затлар Қырғызстан, Қашкадәрья, Башқуртстаннанан алып келинеди.


Автор: Данияр Беласаров
 

Қыдырыў



Ақырғы мақалалар:


ГЛАВА II. РУСТАКИ ГАВХОРЭ

(К исторической динамике древней ирригационной сети Хорезма) «Они провели из нее (реки) каналы и построили на ней города».Ал-Макдиси BGA III 2...


ГЛАВА I. СТЕНА В ПУСТЫНЕ

«КАС — на языке жителей Хорезма — этостена в пустыне, ничем не окруженная».Якут. IV. 222.«И люди построили на берегах ее болеетрех...


Хожелиден шықкан шайыр-жазыўшылар

Абдусадықов Ҳайытбай Ҳайытбай Абдусадықов — шайыр. Ҳ. Абдусадықов 1957-жылы Хожели қаласында туўылған. Орта мектепти питкергеннен соң дәслеп Тақыятас қ...


Хорезм и Хазария.

Кожинов. История Руси и русского Слова Специальный экскурс: история ХазарииОбщепризнанно, что на рубеже VIII—IX веков государственной религией Хазарского ...


Фирдаус ал-икбал

Мунис и Агахи«Райский сад счастья». Имеет второе название — «Икбал-наме» (*** «Книга счастья»). Автор — Шир-Муха...


Крепость Довкесен

09.12.2001"Моей любви всем причаститься б вам,-Собрать хоть по одной частице б вам,-По капле крови иль по лепестку -Все мое сердце, боль мою, тоску" Навои "Фарх...


Погода


GISMETEO: Погода по г.Ходжейли

Победа на интернет-фестивале