Тилни танлаш: Ққ | Ўзб  |  Рус

"Бегжап" трагедиясы

Мақола ўзбек тилига таржима қилинмади!

Әмиўдәрьяның сол жағында Қарабайлыдан 5 километрдей алыслықта Бегжап деп аталған ески жаптың аңғары бар. Бул жаптың сағасы Әмиўдәрьядан алынған. Бегжап Қоңыраттан ары Гөнедәрьяға қуйған.

Биз Бегжап ҳаққында гәп етиўди мақул көрип отырмыз. Өйткени, ол ҳаққындағы айырым тарийхый ҳәдийселер көпшиликтиң дыққатын аўдарады. Ол бурын Мейли ата болып аталып келген. 1937-жылы Хатеп пенен бир қатарда байланады. Енди "Бегжап трагедиясы" деп аталған белгили тарийхый ўақыя туўралы тоқтап өтемиз. Бул умытылмас тарийхый ўақыя 1924-жылдың 24-августы күни болған еди. Сол ўақыттағы Хорезм Халық республикасынан ҳәм Әмиўдәрья областынан сол жылы 32 оқыўшы Москваға оқыўға жибериледи. Ол ўакытта кеме жолы менен Әмиўдәрья, Арал арқалы барыў керек еди. Оқыўшылар Хожелиден азық-аўқат алып, ерте менен жолға шығады. Жаслардың бул сапарын Турдықылыш алдын ала билип, Бегжап бурылмасының тусында олардың келиўин тосып турады. Қайықлар Бегжаптың алдындағы жыңғыллыққа жақынлап келгенде, оларды оққа тутады, кайықларын иркип, жарақсыз жолаўшыларды қолға түсиреди, Оларды жағаға алып шығып, азаплаўға кириседи. Шаш қойғанларының басына май қуйып тирилей өртейди. Қалғанларын аяқ-қолын буўып дизип байлап, дәрьяға атып жибереди. Усы жерде 22 оқыўшы қурбан болады.

Булардан тысқары алты жигит ҳәм төрт қызды тутқын қылып, өзлери менен алып кетеди. Олар Жаңақалаға жақынлағанда күтпеген жерден атыспа сести еситиледи, буннан сескенген олар қызларды алып, жигитлерди атып кетпекши болады. Бирақ, атып үлгермей-ақ тутқынлар қашып кетеди. Солай етип, алты жигит аман қутылады. Соңынан төрт қыз да азат етиледи. Қурбан болғанлар, гөне Хожели қаласында орталық майданға жерленип, буларға естелик салынды. 29-август қайғылы күн деп жәрияланды. (Қәлендер Әбдимуратов. "Неге усылай аталған". "Қарақалпақстан" баспасы. Нөкис қаласы. 1965-ж. 34-35-бетлер).Автор: Данияр Беласаров

 

Қидирув



Оҳирги мақолалар:


ГЛАВА II. РУСТАКИ ГАВХОРЭ

(К исторической динамике древней ирригационной сети Хорезма) «Они провели из нее (реки) каналы и построили на ней города».Ал-Макдиси BGA III 2...


ГЛАВА I. СТЕНА В ПУСТЫНЕ

«КАС — на языке жителей Хорезма — этостена в пустыне, ничем не окруженная».Якут. IV. 222.«И люди построили на берегах ее болеетрех...


Хожелиден шықкан шайыр-жазыўшылар

Абдусадықов Ҳайытбай Ҳайытбай Абдусадықов — шайыр. Ҳ. Абдусадықов 1957-жылы Хожели қаласында туўылған. Орта мектепти питкергеннен соң дәслеп Тақыятас қ...


Хорезм и Хазария.

Кожинов. История Руси и русского Слова Специальный экскурс: история ХазарииОбщепризнанно, что на рубеже VIII—IX веков государственной религией Хазарского ...


Фирдаус ал-икбал

Мунис и Агахи«Райский сад счастья». Имеет второе название — «Икбал-наме» (*** «Книга счастья»). Автор — Шир-Муха...


Крепость Довкесен

09.12.2001"Моей любви всем причаститься б вам,-Собрать хоть по одной частице б вам,-По капле крови иль по лепестку -Все мое сердце, боль мою, тоску" Навои "Фарх...


Погода


GISMETEO: Погода по г.Ходжейли

Победа на интернет-фестивале