Выберите язык: Ққ | Ўзб  |  Рус

Әўезжан хожа көтерилиси

Статья еще не переведена на русский язык

1916-жылы Ақ патшаға ҳәм ханларға қарсы Орта Азия халықларының кең ен жайған миллий-азатлық ҳәрекети болып өтти. Солардың бири 1916-жылғы Хожелидеги көтерилис еди. Хожели қаласы ҳәм әтирапындағы қарақалпақ, өзбек, қазақ, түркмен халықлары барлығы дерлик бул көтерилиске қатнасқан. Көтерилистиң келип шығыў себеплериниң бири Исфандияр ханның бел аўырыўға тап болғаны еди. Бир тәўип оған ем буйырып, усыған муўапық хан өзиниң исенимли хызметкерлерине ҳәр күни хан сарайына бир қыз алып келиўди буйырған. Ханның қыз салығын жыйнаўшыларына ҳәттеки ел басшылары да наразы болған.

1916-жылы январьдың дәслепки күнлеринде хан ҳәремине еки қыз жеткериледи. Бир нешше күннен кейин еки қыздың денеси ата-анасына жасырын түрде тапсырылады. Олардың екеўи де ханға қарсылық көрсеткени ушын ҳәремде өлтирилген еди.

Ханның хызметкерлери екинши рет Хожелиден 20 қыз алып кетиўге келген. Сонлықтан көплеген ата-аналар қызларын бундай шерменделиктен қутқарыў мақсетинде түнде қызларына еркек кийимин кийдирип, Әмиўдәрьяның оң тәрепине Нөкиске жөнетеди. 16 қыз минген дәслепки кеме Әмиўдәрьяның қатты толқынында аўдарылады, қызлар суўға кетеди, ал екинши 4 қыз минген кеме жағадағы адамлар тәрепинен қутқарылады. Келеси күни азанда усы ҳәдийсеге байланыслы хожелишилер аза тутады, ал ханның қыз салығын жыйнаўшылары келген ўақытта, оларға тас ылақтырып, көтерилис жасайды.

1916-жыл 8-январьда Хожели қаласы әтирапындағы бир топар адамлар қала ҳәкими Әўезжан бийдиң ҳәўлисине келеди. Көтерилисшилер оннан Хийўа ханы ҳәм яўмытлардың пуқаралардың намысына тийиўине шек қойыўын талап етеди. Әўезжан бий көтерилисшилердиң шағым арзаларын Исфандиярханға жеткериў талапларын орынлайман деген шәрт пенен котерилисшилерди үйлерине тарқатады. Усы. ўәдесине муўапық Хожели беги 1916-жыл 14-январьда 300-500 көтерилисшилер менен бирге Хийўаға атланады. Оларға жолшыбай Қыпшақ, Маңғыт, Порсы, Тасқыншақ ҳәм тағы басқа орынлардан көтерилисшилер қосылып, олардың саны 2000-3000 адамға жетеди. Бирақ, олардың арасынан бир сатқын шығып, Исфандияр-ханға барып, "хожелиши Әўезжан бек бир неше мың адамнан ибарат көтерилисшилерди жыйнап, сизди өлтирип, тахтыңызды ийелемекши" деп хабар жеткерген.

Әўезжан бектиң халықтың шағым арзаларын ханға жеткериўге киятырғанын жақтырмаған Исфандиярхан орыс армиясы күши менен 19-январьда кетерилисшилерден 7 адамды қамаққа алады. Қалғанларын тарқасыўға мәжбүрлейди. Әўезжан бек Хожелиге қайтарылады.

1916-жыл апрель айында орыс патшасының жазалаў отряды генерал А.С.Галкин басшылығында кетерилис басшыларынан 11 адамды дарға асады. Сүўенли арнасындағы қызыл көпирдиң қубла бойындағы майданшада ески дийқан базарына жақын жерде, (ҳәзирги пахта заводының арқа-шығыс мүйешинде) сырттағы майданшада дар ағашы қурылады. Олардың арасында Әўезжан бий, оның иниси Махмуд, Исмаддин ийшан және басқалар болған. Бул көтерилиске қатнасы бар адамлар Сибирьге сүргин етилген. (Хорезм МАМУН академиясының 1000 жыллығына бағышланған Республикалық илимий-әнжуман материаллары, Нөкис қаласы, 2006-жыл. Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети. 61-62-бетлер Авторы Х.Өтегенов, ҚМУ ниң гуманитар факультети.)

Көтерилисшилер миллий ҳәм социаллық қурамы бойынша түрлише еди. Соған қарай көтерилисшилердиң алдыларына қойған мақсетлери де түрлише болды. Ири жер ийелери Хийўадан өзлерине сүйениш боларлықтай адамды хан тиклеўди көзде тутады. Пуқара халық болса, ханды қулатыўды, үстем топарлардың ҳәр қыйлы зулымлығын шеклеўди мақсет етеди.

Көтерилисшилердиң Хийўаға қарай жылысыўы Хийўа ханын, оның сүйениши ақ патшаны да албыратады. Көтерилистиң кең ен жайыўынан қорққан патша Шаббазда, Гүрленде көтерилисшилер ҳәрекетин иркиўди гөзлеп, Әмиўдәрья бөлими начальниги, Төрткүл болысы басқарыўшысы Қазақбай Абдулкәримбай улын жибереди. Бирақ, көтерилисшилер Әмиўдәрья бөлими басқарыўшысы ўәкилиниң сөзине итибар берместен, алға қарай илгерилейди.

17-январьда көтерилисшилер Жунайдхан тәрепинен усы мақсетке "жол көрсетиўши" сыпатында жиберилген адамлар менен бирге Хийўаға келеди. Олар Муҳаммед Рахим ханға қарсы сарай беклериниң бири ҳәм патша тәрепинен қоллаўға ерисип келген Хийўа ханы туўысқанларының бири Рахманқул Төре хан қорғаншасында иркиледи. Хийўа ханы Әмиўдәрья бөлими басқарыўшысы менен бирликте көтерилисшилерге тарқап кетиў ямаса шағым арзаларын Хийўа ханына жеткеретуғын араларынан 15-20 адам сайлап қалдырыў талабын қояды. Бул көтерилисшилердиң негизги бөлеги арасында толқынланыўды күшейтеди. Оның ақыбетлеринен қорққан, көтерилистиң феодал басшылары кеңесиўге жыйналады. Кеңесшилер көтерилисшилердиң сарайға жүрисин иркиў, администрацияны бүлгиншиликке ушыратыўды тоқтатыў, көтерилисти басқарыўшы 300 адамды бөлип алып, басқаларын үйлерине қайтарыў, Исфандиярдың туўысқаны Сейд-Абдулла ханның пайдасына тахттан кешиўи туўралы усыныс етип, 8 адам қурамында делегация жибериўди шешеди. (Г. Непесов, сонда, 6-бет, ҳәм ЦГИВ РУз. Ф.Х11 /461, оп..1, л.1899-а, л.79.). Бирақ, ис керисинше болып шығады. 18-январь күни азанғы саат 5 те негизги көтерилисшилер феодалбайлар усынысларын тыңламай, Хийўа ханы сарайына қарай жүреди. Буннан қәўипленген үстем топарлар да көтерилисшилер менен араласа жүриўге мәжбүр болады. Бирақ, көтерилисшилер қараўыл солдатлар тәрепинен Хийўа ханы сарайына жиберилмейди. Солдатлар тапсырылып қойылған тәртип бойынша, "бул күнлери хан үлкен баласын азалаў үстинде, таң ерте арза қабыл етилмейди, саат 12 де жас үлкенлериң келип арза етсе болады", деп оларды алдастырады. Көтерилисшилер қорқақ, сатқын басшыларының иске араласыўы менен солдатларды тыңламай, сарайға кириўге батына алмайды.

19-январь күни Хийўа ханы көтерилисшилер тилегине жуўап бериў орнына, Әмиўдәрья бөлими басқарыўшысы менен келисе отырып, көтерилистиң басшыларын тутқынға алыў туўралы Полонский командалығындағы әскерлерге буйрық береди. Нәтийжеде көтерилисшилер ишинен белсенди 7 адам тутқынға алынады. Ал, аламанның қалған бөлегине үйлерине тараў, егер тарамаған жағдайда атыў буйрығы бериледи. Көтерилисшилер үйлерине тарап кетиўге мәжбүр болады. Усылай етип, көтерилисти басқарыўшы үстем топарлардың тынышлық жолы менен Хийўада аўдарыспақ жасаў мақсети иске аспай қалады.

Көтерилисти басқарыўшылардың халықтың күшине исенимсиз қараўы, Исфандиярдың орнына өзлери қәлеген адамды келисим жолы менен хан тиклеўди ойлаўы, жеңилиске тийкарғы себеп болдьг Соның менен бирге көтерилисшилерди ханды биротала қулатыўға бағдарлағандай саналы басшылар жоқ еди. Олардың белгили мақсети де болмады, пуқаралардың ишинен шыққан бирлижарым басшылар да пуқараның ханды қулатыўға умтылыўларын шешиўши түрде алға қоя алмады.

1916-жылы 27-январьда Хийўа ханы Исфандияр барлық басқарыўшыларға берген көрсетпесинде буларды төмендегише характерледи: "...кейинги ўақытлары шарапатлы Хийўа қарамағындағы ҳәр қыйлы орынларда тәртипсизлик келип шықты, талаўлар болды ҳәм жаман адамлар өз басларын көтерди, ал жақсылары өз үйлеринен шықпады". (Ред.фонд.КК филиала АН РУз, Д.509.Л.67.).

Көтерилиске өзлериниң ҳәр қыйлы мәплерин гөзлеп, ири жер ийелери, жергиликли ҳәм татар буржуазиясының гейпара ўәкиллери менен қатар, белгили дәрежеде Жунайдхан да қатнасты. Бирақ, көтерилиске қатнасыўшы пуқаралар олардың барымына бармады.

Көтерилис жеңилиске ушыраса да, Хийўа ханы менен патша администрациясын қорқынышқа түсирди. Қыпшақ, Маңғыт, Хожели бекликлеринде болса ҳәрекет даўам етти. Олар буған шешиўши шара көриўге мәжбүр болды. Себеби, январь айының ақырларынан баслап, Қоңырат мийнеткешлериниң арасында ханға ҳәм яўмыт феодаллары зулымлығына қарсы ҳәрекет ен жайды. Үстем топарлардың езиўшилигине шыдамаған түркмен мийнеткешлери де қозғалаң көтере баслады. (ЦГВИА. Ф.400,д.480 л.)

Жунайдхан усы жағдайлардан пайдаланып, Хийўада хан болыў ҳәрекетине киристи. Ол тыныш елатларды шаўып, өзин Хийўа ханы деп жәриялады, ал 14-февральда ханлықтың орайы Хийўаны жаўлап алды. Бирақ, патша әскери начальниги оны хан деп мойынламады. Хийўадан шығып кетиўин талап етти. Жунайдхан қаланы ўайранлап шығып кетиўге мәжбүр болды.

Патша администрациясы Хийўа ханлығында тынышлық орнатыўдың жолы, түркменлерди қуралсызландырыў ҳәм Хожели көтерилисине қатнасыўшыларды аяўсыз жазалаў керек, деп есаплады. Усы мақсетти иске асырыў ушын, Түркстан генерал-губернаторы тәрепинен Галкин басшылығындағы жазалаў отряды жибериледи. Жунайдхан менен патша әскерлери арасында бир неше мәрте соқлығысыўлар болады. Ақырында Жунайдхан жеңилип, ол бир неше адамы менен Иранға қашып кетеди. Жазалаў отряды Шоманай, Қоңырат бекликлерине де келип, ол жердеги халықларды да тынышландырады. Олар Хожелиге келип, январьдағы халық көтерилисине қатнасыўшыларды жазалаўға кириседи. Жазалаў отряды халықтың мүлк ҳәм байлықларын талан-тараж етеди. Ол халықтың есинде Талқын жылы" деген ат қалдырды. Хожели халқына 100 мың сом контрибуция салынады. (Г.Непесов "Из истории Хорезмской революции", Ташкент, 1952 г.ЦГА РУз, л.110/722, оп. 1 .Д.340.Л.269.) Булардан тысқары, Қоңырат, Шоманай, Хожели, Қыпшақ, Маңғыт бекликлерине хийўалылардан бек ҳәм ҳәким, нөкер қойыў, түркменлер менен қатнасты қадаған етиў, олар менен қатнасы бар деп уйғарған адамларды тутқынға алыў шаралары көриледи. Бирақ, жоқарыдағы шаралар халық ҳәрекетин үзилкесил тоқтата алмады.

1916-жылы апрельде халық ҳәрекетиниң ашық түрге өтиў қәўпинен қорққан жазалаў отрядының басшысы Галкин, көтерилиске қатнасыўшыларды дарға асыў ўақтында Хожели қаласын қамал етиўге буйрық береди.

Хийўадағы халық қозғалаңы Әмиўдәрья бөлиминде жасаўшы халықлардың миллий азатлық ҳәрекетлериниң жанланыўына да тәсир жасады. Бул ҳәрекет Шымбай участкасының приставын қорқынышқа түсиреди. 1916-жылы мартта Шымбай участкасының приставы Алланияз Айтымов, Сулайман Айекеев, Жийемурат Айекеевлерди қәўипли адамлар қатарында участкадан шығарып жибериў туўралы бөлим начальнигинен соранады. Бул жағдай Шымбай участкасында жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлейди деп ойлайды. Деген менен, апрельде халық ҳәрекети қайтадан жанланады.

Соған байланыслы Қарақум ийшанды Хийўаға жеткериў туўралы Галкинниң талабын участка приставы өз ўақтында бежере алмайды. Қарақум ийшанды түнде ғана Петро-Александровскке қарай жибериўге мәжбүр болады. Буның себеби, халық ҳәрекети ашық қозғалысқа өтип кетер деп қәўипленеди. Бул хабар Галкинди де қәўетерлендиреди. Ақыбетинде жазалаў отрядын Әмиўдәрьяның оң тәрепине өткериўге мәжбүр болады. Бирақ, Галкин жазалаў отрядының күши менен адамларды ашық түрде жазалаўға батына алмайды.

Көтерилис Хийўа ханы зулымлығына, түркмен феодалларының зорлықларына ҳәм халық ғамынан шетлеген әмелдарларға қарсы қаратылған халық ҳәрекети еди. Көтерилис Хийўа ханына қәўендерлик еткен патша ҳүкиметине де қарсы болғаны мәлим. (А.Төреев "Қарақалпақстанда 1916-жылғы халық көтерилиси", Нөкис, "Қарақалпақстан" баспасы, 1967-жыл. 25-32 бетлер.)

Автор: Данияр Беласаров
 

Поиск по сайту



Последние статьи:


ГЛАВА II. РУСТАКИ ГАВХОРЭ

(К исторической динамике древней ирригационной сети Хорезма) «Они провели из нее (реки) каналы и построили на ней города».Ал-Макдиси BGA III 2...


ГЛАВА I. СТЕНА В ПУСТЫНЕ

«КАС — на языке жителей Хорезма — этостена в пустыне, ничем не окруженная».Якут. IV. 222.«И люди построили на берегах ее болеетрех...


Поэты и писатели Ходжейли

Абдусадықов Ҳайытбай Ҳайытбай Абдусадықов — шайыр. Ҳ. Абдусадықов 1957-жылы Хожели қаласында туўылған. Орта мектепти питкергеннен соң дәслеп Тақыятас қ...


Хорезм и Хазария.

Кожинов. История Руси и русского Слова Специальный экскурс: история ХазарииОбщепризнанно, что на рубеже VIII—IX веков государственной религией Хазарского ...


Фирдаус ал-икбал

Мунис и Агахи«Райский сад счастья». Имеет второе название — «Икбал-наме» (*** «Книга счастья»). Автор — Шир-Муха...


Крепость Довкесен

09.12.2001"Моей любви всем причаститься б вам,-Собрать хоть по одной частице б вам,-По капле крови иль по лепестку -Все мое сердце, боль мою, тоску" Навои "Фарх...


Погода


GISMETEO: Погода по г.Ходжейли

Победа на интернет-фестивале