Тилни танлаш: Ққ | Ўзб  |  Рус

А. Вамбери Хожели қаласы ҳаққында

Мақола ўзбек тилига таржима қилинмади!

Венгрия илимпазы Армен Вамбери XIX әсирде Орта Азия қалаларына саяхат жасағанда Хожели қаласы ҳаққында төмендеги қолжазбаларды қалдырған: "Дәрьяның ығына қарай тағы азғана жүргеннен соң тастан салынған қорғанлардың қарабаханасы шығып атырғанын көресең. Ол Гәўир қаласы деп аталады. Мен дәслеп Гәўир дегенде әййемги замандағы Геврлер ямаса отқа сыйынатуғынлар деп ойлап едим. Барлық Орта Азияда Гәўир деп армянларды, ямаса христианларды атайтуғынын билип жүдә ҳайран қалдым. Христианлардың ислам динине дейин, оннан монғоллардың үстемлиги қулағанға дейин бул жерлерде көплеген колониялары болған. Олар Арал көлинен тап Қытайға дейин даўам еткен.


А. Вамбери Хожели қаласында

Хожели қаласы халқы күтә тығыз жайласқан, бундағы халықтың көпшилиги хожалар болған. Олар өзлерин пайғамбар әўладымыз дейди екен" (А. Вамбери. "Очерки Средней Азии" стр.127 - 128).

"Үшинши күни кеште бизлер дәрьядан еки саатлық жолда жайласқан Хожели қаласының тусына келдик. Дәрьяның шеп тәрепинде тоғайлар, айдалған егислик жерлер көп ушырасады". (А.Вамбери "Путешествие по Средней Азии, с картинками и картою". Издание второе. Москва, 1874 г. 299 стр.)

Хожели тарийхына тоқтап өткенде Хожели этимологиясының негизи хожа екени белгили. Сонлықтан хожалар гарийхына тоқтап өтиў орынлы деп ойлайман. Хожалар бүгинги күнде уруў болып аталады. Олар қарақалпақлардың хожасы, өзбеклердиң хожасы, түркменлердиң хожасы, қазақлардың хожасы болып бөлинип кетти. Хожалар ҳаққында жазылғанларды оқып таллап қарағанымызда, тарийхта хожалардың арғы бабалары Исхабтан шыққаны ҳаққында жазылады.

Хожалар барлық ўақытта халық ҳүрметинде болған. Олар оқыған, саўатлы инсанлар болып, қазый ямаса бий болып сайланыў ҳуқықына ийе болған. Хожаларды тек султан, төрелер, ақ сүйеклер айыплай алған. (Материалы для статистики Туркестанского края (ежегодник), издание Туркестанского статистического комитета. под редакцией Н.Маеева, выпуск IV, С.Петербург, 1876 год. стр. 151.153.192.214.249.)

Ҳәр бир миллеттиңтарийхый шығысы, түп бабасы бар. Хожалардың өзине ылайық тарийхы болып, олар ҳаққында хожалардың түп бабасы ески пайғамбарлардың тарийхы "Хасасиланбия" ҳәм басқа да китапларда былай деп келтириледи: биринши түп бабасы Малак, Малактың баласы Гахар, Гахардың баласы Кауа, Кауаның баласы Ибраҳим, Ибраҳимниң баласы Исмайыл, Исмайылдың баласы Кенан, Кенанның баласы Кинан, Кинанның баласы Абу-Кураш, Абу-Кураштың баласы Абу-Маннаб, Абу-Маннабтың баласы Абу-Талиб, Абу-Талибтиң баласы Абдулла, Абдулланың баласы Муҳаммед Мустафа, Муҳаммед Мустафаның еки улы болып бириншисиниң аты Қасым, екиншисиниңаты Абдуллах, олар жаслай қайтыс болады. Булардан кейин Ҳүрлика, Уммигүлсин, Зийнеп, Фатима деген қызлары-болып, әкесинен тәрбия алады.

Хожалар Нух пайғамбардан тарқайды деген шежиреде: Нух пайғамбардан-Сам, Самнан-Тарах, Тарахтан-Азар, Азардан-Ибраҳим, Ибраҳимнен-Смагүл, Смагүлден - Шайқы Бузирик, Шайқы Бузириктен-Искак бап, Искак баптан - Сейиг, Сейиттен - Улан хожа, Қасым хожа, Қултай хожа.
Смагүлден - Хожа, Хожадан - Шәмши Ахмед ҳәм Шайхы Бузирик.
Шамши Ахмедтен -Қорасан хожа, Қырық Садақ хожа, Дийўана хожа, Бақсайыс хожа, Ақ хожа.
Қорасан хожадан - Қурбан хожа ҳәм Жақып хожа. Дийўана хожадан -Жүсип хожа, Сейит хожа, Түркпен хожа, Қылышлы хожа.
Жүсип хожадан -Улан хожа, Қасым хожа, Қултай хожа.
Шайхы Бузириктен - Хожа Ахмед Яссаўий ҳәм Арысланбап.

Хийўа ханының хожаларға ҳйжрий 1298-жылы берген жарлығы. Онда Сейид Ҳәсен хожа, Яқуб хожа, Мансур хожа, Қасым хожа, Нурылла хожа, Искендер хожа, Ахмед хожа, Файзулла хожаләр салықлар ҳәм миннетлерден азат етилиўи ҳаққында айтылған.

Автор: Данияр Беласаров
 

Қидирув



Оҳирги мақолалар:


ГЛАВА II. РУСТАКИ ГАВХОРЭ

(К исторической динамике древней ирригационной сети Хорезма) «Они провели из нее (реки) каналы и построили на ней города».Ал-Макдиси BGA III 2...


ГЛАВА I. СТЕНА В ПУСТЫНЕ

«КАС — на языке жителей Хорезма — этостена в пустыне, ничем не окруженная».Якут. IV. 222.«И люди построили на берегах ее болеетрех...


Хожелиден шықкан шайыр-жазыўшылар

Абдусадықов Ҳайытбай Ҳайытбай Абдусадықов — шайыр. Ҳ. Абдусадықов 1957-жылы Хожели қаласында туўылған. Орта мектепти питкергеннен соң дәслеп Тақыятас қ...


Хорезм и Хазария.

Кожинов. История Руси и русского Слова Специальный экскурс: история ХазарииОбщепризнанно, что на рубеже VIII—IX веков государственной религией Хазарского ...


Фирдаус ал-икбал

Мунис и Агахи«Райский сад счастья». Имеет второе название — «Икбал-наме» (*** «Книга счастья»). Автор — Шир-Муха...


Крепость Довкесен

09.12.2001"Моей любви всем причаститься б вам,-Собрать хоть по одной частице б вам,-По капле крови иль по лепестку -Все мое сердце, боль мою, тоску" Навои "Фарх...


Погода


GISMETEO: Погода по г.Ходжейли

Победа на интернет-фестивале