Тилни танлаш: Ққ | Ўзб  |  Рус

А. Кун Хожели қаласы ҳаққында

Мақола ўзбек тилига таржима қилинмади!

Қубла Арал бойы халықлары, олардың турмысы, хожалығы, саўда-экономикалық байланыслары, үрп-әдетлери, тарийхый естеликлери ҳаққында көплеген сырт елли изертлеўшилер тәрепинен жыйналған мағлыўматлар сақланған. Мысалы, XVIII - XIX әсирлерге тийисли рус изертлеўшилериниң жазып қалдырған күнделиклери, мақалалары, китаплары, хатлары ҳ.т. басқаларды Қубла Арал бойы халықлары тарийхын изертлеўде тарийхый дерек сыпатында пайдаланыў мүмкиншилигине ийемиз, Олардың бири белгили шығыс изертлеўшиси Александр Кун болып есапланады.

Патша Россиясы Хийўа ханлығын жаўлап алғаннан кейин, 1873-жылдың жазында А.Кун, М.Н.Богданов ҳәм И.Краузе Хийўа қаласына келеди. Бул экспедицияның тийкарғы мақсети ханлықта жасап атырған халықлардың тарийхын, мәдениятын, қалаларды, олардың тарийхый естеликлерин, саўда жолларын ҳәм басқа да тарийхый-этнографиялық мағлыўматларды жыйнаў еди. Олар Хийўа қаласынан шығып Газават қаласына келеди. Бул жерден Ташаўыз, Гөне-Үргениш арқалы ҳәзирги Хожели қаласына келген. Сол жерде экспедиция жуўмағы бойынша А. Кун тәрепинен 1873-1874-жыллары "Туркестанские ведомости" газетасында бир неше мақалалар жәрияланды, мәселен: "Культурный оазис Хивинского ханства" 1874 г. №6, "Порядок взимания податей в Хивинском ханстве" 1873 г. №33, "Доходы Хивинского ханства" 1873 г.№ 32, "Заметки о податях Хивинского ханства" 1873 г.№ 32.

Жоқарыда көрсетилген мақалаларда А. Кун Хийўа ханлығына сапары ўақтында ханлықтың экономикасы, саўда жоллары, қалалары ҳәм басқа да мағлыўматларды келтирген. А. Кунның мағлыўматларына қарағанда Хожели қаласына суў жолы арқалы бир күнде жеткен, ал қурғақлықтағы жол арқалы усы аралықты өтиў ушын еки күн кеткен. Хожели ҳәм Қоныраттан ҳәр жылы Бухараға, Самарқанд, Қаршы, Шаҳрисаба ҳәм Гиссар қалаларына 50 ден 200 ге шекем қақланған балық, соның ишинде сазан ҳәм сомнан толтырылған қайықлар жиберилип турған. Қақланған сазан ҳәм сом балықлар бир батпаны Хожелиде 30 теңгеден сатылған. Бухарада қақланған балықларды 60 теңгеден сатқан. (А. Кун "Культурный оазис Хивинского ханства". Туркестанские ведомости 1874 г. №6)

XIX әсирдиң 70-жылларында Хожели қаласы Сүўенли каналы бойында жайласқан болып, Әмиўдәрьядан еки верст аралығында болғанлығын жазады. Хожели қаласының Сүўенли каналының еки тәрепине жайласқанын, қаланың қорғаны жоқ екенлигин, турғынлардың сондай бай туратуғынлығын, үлкен-үлкен жайлар салып таслағанын, соның менен бирге қаланың бағқа, яғный егилген ағашларға толы екенлигин ҳәм каналдың еки тәрепинде дүканлар, жабық базар жайласқанын атап өткен.

"Қалада 300 ден аслам дүкан ҳәм өнерментлер устаханасы, бес мешит, бес мектеп, бир медиресе, үлкен кәрўан сарай жайласқан. Қыдырып келген-лер усы кәрўан сарайда жайласады ҳәм дем алады. Қала Әмиўдәрьяға жақын болғанлықтан балықшылық кәсиби жақсы раўажланған". (А.Кун. "Куль-тура оазиса низовьев Аму-дарьи, от Хивы до Газавата. Оть Куня-Ургенча до Ходжей-ли". Сб.1874, 216-217-бетлер.)(Ред М-12. 113505.)

А. Кунның мақалаларында Хийўа ханлығындағы салық сиясаты ҳаққында да көп мағлыўматлар берилген. Усы мағлыўматларға қарағанда Хийўа хан-лығының дийқанлары салық төлемин төлеген. Салықтың муғдары жердиң көлемине байланыслы болған. Ал Қубла Арал бойы халықлары салық төле-миниң орнына салық-кесме төлеген. Салық-кесме бул алдын ала келисил-ген төлем болып, усы келисимге муўапық Хожели қаласы ҳәм оның әтирап-лары 1184 тилла деп белгиленген.

"Саўда базарларынан алынған салық Хожелиде 1260 тилла болған". (А. Кун. "Доходы Хивинского ханства". "Туркенстанские ведомости" 1873 г.№32.) "Соның менен бирге хожелишилер ханның армиясына 500 әскер, ал өзлериниң суўғарыў қурылысларын қайта ислеў, тазалаў жумыслары ушын 600 жумысшы бериў миннетлемесин алған". (А.Кун. "Заметки о податях Хивинского ханства". "Туркестанские вёдомости" 1873 г. №32.)

Жуўмақлап айтқанда, А. Кунның Қубла Арал бойы халықлары ҳаққында, соның ишинде Хожели қаласы ҳаққында жазып қалдырған мағлыўматлары үлке тарийхын, оның мәдениятын, сиясий дүзимин, экономикалық раўажланы-ўын ҳәм турмыстың басқа да тараўларын изертлеўде үлкен әҳмийетке ийе.

Автор: Данияр Беласаров
 

Қидирув



Оҳирги мақолалар:


ГЛАВА II. РУСТАКИ ГАВХОРЭ

(К исторической динамике древней ирригационной сети Хорезма) «Они провели из нее (реки) каналы и построили на ней города».Ал-Макдиси BGA III 2...


ГЛАВА I. СТЕНА В ПУСТЫНЕ

«КАС — на языке жителей Хорезма — этостена в пустыне, ничем не окруженная».Якут. IV. 222.«И люди построили на берегах ее болеетрех...


Хожелиден шықкан шайыр-жазыўшылар

Абдусадықов Ҳайытбай Ҳайытбай Абдусадықов — шайыр. Ҳ. Абдусадықов 1957-жылы Хожели қаласында туўылған. Орта мектепти питкергеннен соң дәслеп Тақыятас қ...


Хорезм и Хазария.

Кожинов. История Руси и русского Слова Специальный экскурс: история ХазарииОбщепризнанно, что на рубеже VIII—IX веков государственной религией Хазарского ...


Фирдаус ал-икбал

Мунис и Агахи«Райский сад счастья». Имеет второе название — «Икбал-наме» (*** «Книга счастья»). Автор — Шир-Муха...


Крепость Довкесен

09.12.2001"Моей любви всем причаститься б вам,-Собрать хоть по одной частице б вам,-По капле крови иль по лепестку -Все мое сердце, боль мою, тоску" Навои "Фарх...


Погода


GISMETEO: Погода по г.Ходжейли

Победа на интернет-фестивале